Select your region
and interface language
We’ll show relevant
Telegram channels and features
Region
avatar

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

MuynakPress
💻 https://muynak.uz/ 📱 https://www.facebook.com/profile.php?id=100088967215883&mibextid=ZbWKwL 📱 https://instagram.com/muynak.press.service?utm_source=qr&igshid=NGExMmI2YTkyZg%3D%3D 📱 https://www.youtube.com/@MuynakPress 📝 @moynaq_murajatbot
Subscribers
3 060
24 hours
10
30 days
-90
Post views
8 485
ER
2,77%
Posts (30d)
Characters in post
530
December 11, 17:09
Media unavailable
1
Show in Telegram

ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!
Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңесиниң жетинши шақырық 3-сессиясы 2024-жыл 12-декабрь күни саат 10:00 де район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында ашылады.
Сессия ҳәкимликтиң facebook каналы арқалы тиккелей эфирде жарытып барылады.
https://www.facebook.com/profile.php?id=100088967215883&mibextid=ZbWKwL
Мойнақ районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.
muynak.uz
|
Facebook
|
Instagram
|
YouTube
|
Twitter

December 11, 10:41
Media unavailable
2
Show in Telegram

Ҳүрметли пуқаралар!
Қазанханаларды қосыўдан алдын морыларыңызды тазалатың! Морылардың тығылып қалыўы зəҳəрли газден зыянланыўға себеп болады. Зəҳəрли газ инсанды набыт қылады. Өзиңизди ҳəм шаңарақ ағзаларыңызды қəўипке қоймаң. Қəўипсизлик қағыйдаларына əмел етиң!
muynak.uz
|
Facebook
|
Instagram
|
YouTube
|
Twitter

December 11, 07:45
Media unavailable
1
Show in Telegram

Илаж интернет тармағынан дурыс пайдаланыўға қаратылды
Мойнақ районындағы 4-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде диний экстремизм ҳәм миссонерликтиң алдын алыў, интернеттен туўры пайдаланыў ҳәм кийиниў мәденияты ҳаққында халқымызды, әсиресе жасларымызды жат идеялар тәсиринен сақлаў, оларға қарсы иммунитетти қәлиплестириў, жәмийетте социаллық-руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеў бағдарында үгит-нәсиятлаў жумыслары алып барылды.
muynak.uz
|
Facebook
|
Instagram
|
YouTube
|
Twitter

December 11, 07:06
Media unavailable
4
Show in Telegram

Рәсмий: Мойнақ районы орайына Ucell компаниясының еки станциясы орнатылады Кеше, 6-сентябрь күни Мойнақ районы орайында Ucell тармағында байланыс төменлиги бойынша мүрәжат тарқалған еди. Бул мәселе бойынша Мойнақ районы ҳәкиминиң Ucell компаниясы бас директорына…

December 11, 05:40
Media unavailable
7
Show in Telegram

2024-жыл 10-декабрь Президенттиң Мойнақ районындағы Халық қабыллаўханасы имаратында район ҳәкимлиги жуўапкерлери ҳәм секторлар басшыларының пуқаралар қабыллаўы шөлкемлестирилди.
_
2024 йил 10 декабр куни Президентнинг Мўйноқ туманидаги Халқ қабулхонаси биносида туман ҳокимлиги маъсуллари ва секторлар раҳбарларининг фуқоралар қабули ташкил этилди.
muynak.uz
|
Facebook
|
Instagram
|
YouTube
|
Twitter

December 11, 05:31
Media unavailable
10
Show in Telegram

Сексеўил егиў жумыслары даўам етпекте
Бүгинги күнде Арал теңизиниң қурыған түбинде дузлы шаңлар көтерилиўиниң алдын алыў ҳәм қумды услап қалыў мақсетинде шөлге шыдамлы өсимликлер егилмекте.
«Ўзбекгеофизика» АЖ «Устюрт геофизика экспедицияси» филиалф ҳәм «Яккабоғ геофизика экспедицияси» филиали жумысшылары тәрепинен Арал теңизиниң қурыған түбине 21 гектар жер майданға 7500 дана сексеўил нәли егилди.
Сексеўил нәллериниң егилиўи Аралбойы аймағы халық хожалығы объектлери, аўыл хожалығы егинлери, бағлар, саҳралар ҳәм жайлаўларды тәбияттың унамсыз тәсиринен қорғайды.
Сондай-ақ, биологиялық көп түрлиликтиң көбейиўине тәсир етеди ҳәм өнимдарлықты арттырады.
muynak.uz
|
Facebook
|
Instagram
|
YouTube
|
Twitter

December 11, 05:23
Media unavailable
1
Show in Telegram

"E-auksion" платформасында 2330 жеке тәртипте турақ-жай қурыў ушын жер участкаларын сатып алын!!!!
Ендиликте
Сиз өзиңизге мақул аймақтан уй-жай қурыў ушын жер участкаларын онлайн аукцион саўдаларында қатнасып сатып алыўыӊыз мумкин.
e-auksion.uz
🔷
Беруний районы 98 (
көриў
)
🔷
Бозатаў районы 331 (
көриў
)
🔷
Қараөзек районы 301 (
көриў
)
🔷
Кегейли районы 15 (
көриў
)
🔷
Қоңырат
районы 120 (
көриў
)
🔷
Қаңлыкөл районы 56 (
көриў
)
🔷
Мойнақ районы 325
(
көриў
)
🔷
Нөкис районы 104 (
көриў
)
🔷
Тақыятас районы 19 (
көриў
)
🔷
Тахтакөпир
районы 203 (
көриў
)
🔷
Төрткүл
районы 175 (
көриў
)
🔷
Хожели районы 164 (
көриў
)
🔷
Шымбай районы 54 (
көриў
)
🔷
Шоманай районы 256 (
көриў
)
🔷
Елликқала районы 129 (
көриў
)
👇
Хабардар болыў ушын
👇
Telegram
|
Facebook
|
Instagram
|
Youtube

December 11, 05:02
Media unavailable
1
Show in Telegram

#Денсаўлық_мүйеши
БАЛАЛАРДА АУТИЗМ КЕСЕЛЛИГИ
Аутизм кеселлиги соңғы ўақытларда балалар арасында жийи ушыраспақта.
Ол қандай кеселлик?
Аутизм кеселлиги - нерв системасының бузылыўы, қоршаған орталыққа итибарсызлық ҳәм баланың сөйлеўинде машқалалар болыў менен анықланады.
Оның келип шығыўы генетика менен байланысса да айырым ўақытта бала күтимине итибарсызлық ақыбетинен де болатыны анықланған.
Себеби, ана ҳәмледар ўақтында телефонға ғәрезли болып қалғанлықтан болады. Ямаса,  ата-аналар бала тыныш отырсын деп қолына телефон берип қоя береди.
Бала өз әлеми менен бәнт болып, сөйлеў қәбилети жойтады, аш болғанын сезбейди, ата-анасының қушақлағанын жақтырмайды.
Аутизмниң қандай түрлери бар?
https://muynak.uz/9153.html
Материалды интернеттен алып таярлаған:
Гүлайым
Қуўанышбаева
.
muynak.uz
|
Facebook
|
Instagram
|
YouTube
|
Twitter

December 10, 10:06
Media unavailable
1
Show in Telegram

🎙
Сиз күткен сәўбет!
«Гәптиң ырасы...» жойбарында.
Жойбардың 4-санын нәзериңизге усынамыз!
Турдымуратова Зульфия Ещановна. Мойнақ районындағы Қаражар аўылында туўылған. Оны Мойнақ орайынан 30 км. узақта жайласқан Жалғыз терек (жаңақала) аўылы балалары ушын қамыстан мектеп қурған Мойнақтың, қарақалпақ ҳаял-қызларының мақтанышы сыпатында жақсы билемиз. Зульфия Турдымуратованың бул пидайылығы ушын быйыл оқытыўшылар ҳәм муғәллимлер күни мүнәсибети менен Президентимиз тәрепинен «Соғлом овлод» ушын екинши дәрежели ордени менен сыйлықланды.
Жойбар районымыздағы түрли тараў ўәкиллериниң жумыс искерлиги, белгили шахслардың мийнет жолы, жетискенликлери ҳәм олардың жеке ой кеширмелерин сәўлелендириўди мақсет еткен.
Бәрше Мойнақлыларды усы жойбарды қоллап-қуўатлаўға ҳәм социаллық тармақлар арқалы бақлап барыўға шақырып қаламыз!
Мәрҳәмат, тамаша етиң!
Толық
👇
👇
👇
https://youtu.be/Usycnh6KrM4
muynak.uz
|
Facebook
|
Instagram
|
YouTube
|
Twitter

December 10, 04:13
Media unavailable
1
Show in Telegram

Ўзбекистон қишлоқ хўжалиги ходимларига
табрик

Поздравление
работникам сельского хозяйства Узбекистана
Prezident.uz|
Facebook|
Instagram|
YouTube|
X