Select your region
and interface language
We’ll show relevant
Telegram channels and features
Region
avatar

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

Tariyxqa_nazer
Сиз бул жерде Қарақалпақстан тарийхы, тарийхый ўақыялар бойынша мағлыўмат аласыз!!! 28.01.2023 жыл саат 19:00 де канал ашылды Инстаграм канал instagram.com/tariyxqa_nazer Ютуб канал https://www.youtube.com/@karakalpak_horde7413
Subscribers
1 950
24 hours
10
30 days
70
Unusual 24 hours drop
Post views
1 993
ER
1,03%
Posts (30d)
7
Characters in post
1 252
December 01, 12:33
Media unavailable
1
Show in Telegram

Ассалаўма Әлейкум қәдирли ўатанласлар бүгинги 1-Декабрь Қарақалпақ Тили Байрамы қутлы болсын!!!
Каналымыз жәмәәтинен сизлер ушын тил тарийхы туўралы видео материал.
Каналымыз:
https://t.me/Tariyxqa_nazer

November 25, 05:45
Media unavailable
1
Show in Telegram

Сейфулғабит Мәжитов тәрепинен жазылған, 1925-жыл Ташкентте баспадан шыққан "Қарақалпақ Тилинде Әлипбе". Биринши билим жолы.
Каналымыз:
https://t.me/Tariyxqa_nazer

November 22, 12:27

Шымбай тарийхы (2-бөлим) Егер қаланың тарийхын 1714-жылы Шах Темир қаласы пайда болған дәўирден есапқа алатуғын болсақ, онда Шымбай қаласына 280 жылдан асламырақ ўақыт болғанлығын, ал егер Кердер қаласы усы бүгинги Шымбайдың тийкары деп есапласақ, онда мың…

November 22, 11:24

Шымбай тарийхы
(2-бөлим)
Егер қаланың тарийхын 1714-жылы Шах Темир қаласы пайда болған дәўирден есапқа алатуғын болсақ, онда Шымбай қаласына 280 жылдан асламырақ ўақыт болғанлығын, ал егер Кердер қаласы усы бүгинги Шымбайдың тийкары деп есапласақ, онда мың жылдан асламырақ тарийхқа ийе Əмиўдәрьяның арқасына жайласқан ески қалалардың биринен есапланады.
Археолог М.Мамбетуллаев ҳәм тарийхшы О.Юсуповлар 1990-жылы қала турғыны Д.Сапаров тәрепинен табылған материалдың IX-X әсирлерге тийисли деп, Шымбай қаласы орнында X әсирде қоныслық болған. Шымбай қаласының жасы 1000 жыл деп есаплайды. Шымбай қаласының жасын анықлаў бойынша 1995-жылы Шымбай қаласы ҳәм Шымбай районы ҳәкимлигиниң бирлигинде Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими тарийх, археология ҳәм этнография институты тәрепинен шөлкемлестирилген илимий практикалық конференциядағы илимий баянатларда илимпазлар қаланың жасын XVI әсирдиң екинши ярымында XVII әсирдиң басында пайда болды 350-400 жыл болды деп көрсетеди. Буны қала ҳәм қала әтирапындағы жүргизилген археологиялық материалларда тастыйықлайды. Бирақ соған қарамастан қала турғынлары ҳәм айырым илимпазлар қала тарийхын еледе тереңнен изертлеў керек деген пикирлерди билдирмекте. Буған қала ишиндеги ҳәм қала әтирапындағы тарийхый ҳәм мәдений естеликлер тийкар болып есапланады. Шымбай қаласының әтирапындағы белгили тарийхый естеликлерге Күйикқала, Бағдад қаласы, Ахун баба, Сасық бий естеликлери ҳәм басқада естеликлер болып, олардың тарийхыда Шымбай қаласының пайда болыўы ҳәм раўажланыўы менен байланыслы болып келеди. Бул қала ҳаққында белгили илимпазлар Толстов, Гулямовлар изертлеў алып барып өзлериниң пикирлерин билдирген. Ҳәттеки С.П.Толстов Кердер қаласы ҳәзирги Шымбай қаласының орнына туўра келеди деген пикирлерди де билдирген. Бирақ кейин ала оның ҳәм басқада илимпазлардың илимий жақтан изертлеўлери нәтийжесинде археологиялық табылмалардың болмаўы бул пикирден қайтыўына себеп болған.
Шымбай районы жәмийетшилигиниң өтинишине байланыслы Қарақалпақстанлы тарийхшылар менен этнографлар, археологлар 1976-1977-жыллары Шымбай қаласының жасын анықлаў бойынша илимий изертлеўлер жүргизди. Бунда Шымбай қаласындағы Кегейли каналының ески көпир әтирапын, Хан мешит, Сасық бий қорғаны, Ережеп бий қорғанын, Ахун баба, Бағдад естеликлерин изертлеп, оның нәтийжелери академик С.Камалов, М.Мамбетуллаев, Х.Есбергеновлар тәрепинен жәрияланған еди. Шымбай қаласы яғный оның алдыңғы аты Шахтемир дәўири ҳәм усы қала ҳаққында дәслепки мағлыўматларды үлкемизге келген рус елшилери Гладышев ҳәм Муравинлер берип, олар өз мийнетинде Шахтемир қаласының басқарылыўы, хожалық турмысы ҳаққында жазып қалдырыў менен бирге, сызған картасында да Шахтемирди көрсетип өтеди. Т.А.Жданко, қазақ ҳәм қарақалпақлар арасына 1741-жылы келген поручик Д.Гладышев пенен геодизист Муравинлер Арал ийелигиниң екинши орайын Шахтемир қаласын барып көрди. Ал усы қала ҳәзирги Шымбайға жақын жерде орналасқан еди деп жазады.
Тарийхшы илимпазлар Б.Шамамбетов ҳәм тарийхшы О.Юсупов пенен биргеликте дүзген «Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халықлары тарийхы бойынша дереклер» атамасындағы мийнетинде Шымбайға байланыслы көплеген мағлыўматлар келтириледи. Сондай-ақ У.Рахматуллаев «Шымбай» деген киси атынан Шымбай қаласы пайда болған деп жазды. Тарийхшы О.Юсупов пикиринше Шымбай қаласы ең дәслеп 1850-жылы белгили, бурын кишкене аўыл, кәрўан жол бойындағы қыслаў қорған орын болған дейди. Белгили археолог Я.Гулямов Шымбай қаласынан бурын бул жерде Бағдад каналы болған, сол жерде қорған қала болды деп жазды. Академик В.В.Бартольд мийнетинде Шымбай қаласы жеринде орта әсирде Кердер шәҳәри деп көрсетилген. О.Юсупов тарийхый дереклерден 1689-жылы «Чинбай» деген ел басшысының Улы дәрьядан 53 шақрым жерде макән жайы болды деп көрсетеди. Солай етип, Əмиўдәрьяның төменги ойпатында «Шымбайлылар» XVI-XVII әсирлерде қоныс басқан, жасаған аўылдан қорған қала, соң үлкен шәҳәрге шекемги тарийхый раўажланыўды өтти деп көрсетеди.
Дерек: Қудияров А. Раматуллаев М. "Шымбай тарийхы ҳаққында"
Каналымыз:
https://t.me/Tariyxqa_nazer

November 20, 05:21

Шымбай тарийхы
(1-бөлим)
Қарақалпақ халқының аўызеки әдебиятын изертлеген, белгили илимпаз Қ.Айымбетовтың баянлаўынша Шымбай қаласының пайда болыўы еситиўимше, қала пайда болмастан бурын бул жерде Чин-бай деген адам мәкан еткен. Көшпели шарўалар қыс айлары келип үш-төрт айлаған малларын сатып жазы менен азық болғандай дән ғәллелерин алып саўда қылады екен. Ал, бәҳәр айы келип, жаз шыққаннан кейин Шымбайдың базары жабылып, саўда сатлық ислери тоқтайды екен. Ал соңғы заманлары Шымбай қыста да, жазда базар болып, Шымбай қаласы үлкен шәҳәр, үлкен қала болған екен дейди.
XIX әсирдиң 70-жыллары халық аўзынан жазып алынған рус экспедициясының ағзаларының мағлыўматында, ҳәзирги Шымбайдың орнында Шахтемир деп аталыўшы қала болған. Ол қала буннан 150 жылдан алдынырақ қырғыз Шахтемир деген киси тәрепинен салынған ҳәм ол қаланың ийеси-ҳәкими болған. Арадан 10, 20 жыллар өткеннен кейин яғный буннан 130-140 жыллар бурын Қоңыратлы Алмамбет Өгиз деген Адам көп нөкер менен қалаға басып кирип, Шахтемирди өлтиреди. Соннан кейин арадан 40-50 жылдай өткенде ҳәр қыйлы себеплер менен халық қаланы таслап Чигил-Буги (ол Шылпық болса итимал) деген жерге көшип кетеди. Соннан арадан бир неше жыллар өткен соң Шахтемир қаласына жақын жердеги көл бойында жасайтуғын Шыныбай деген бай адам қарабаханасы шығып қалған қаланы қайта тиклейди. Кейин усы адамның аты менен аталған дейди. Ал, Шымбай деп аталыўы туўралы әпсана ҳаққында У.Рахметуллаевтың пикиринше «бурын ҳәзирги Шымбай қаласының орнында бурынлары қалың тоғайлық болып, оның ортасынан аққан өзектиң еки бойында қарақалпақтың аўыллары жайласқан. Сол аўыллардың биринен талап излеп шыққан ағайинли Шыныбай ҳәм Тыныбай деген жигитлер усы жерди мәкан басып, өзлерине имаратлар тиклеп, дийханшылық пенен шуғылланада. Олар дийханшылықтың барлық түрлерин еккен ҳәм оннан мол өним жыйнап алған. Себеби бул жерлер ҳасылдарлы топырақлы болып, егинге қолайлы болған. Ағайинлилер жыйнап алған өнимлерин қоңсыларына апарып сатып турған. Буны көрген аўылласлары менен қоңсы аўыллардан басқа адамлар да көшип келип қоныс басады ҳәм енди бул дәслепки еки адам қоныс басқан жер, бир неше жыл өткеннен кейин кем-кемнен үлкейип қалаға айналған. Ағайинли еки жигит, халқымыздың барлық дақылларын егип, олардан мол зүрәәт жыйнап алып, сол дәнлерин алыстағы Үргенч, Хийўа ҳәм Чаржаў базарларына апарып, оны чай, қант, күкирт ҳәм тағы басқа нәрселерге аўмастырып қайтқан. Кейинирек олар Бухара ҳәм Астрахан базарларына барып саўда ислеп, ол жерлердеги затларды әкелип, Шымбай базарына сатып, дөгеректеги халықтың қызығыўшылығын туўдырып, олардың қалаға көплеп жыйналыўына себеп болған. Усындай ҳәртәреплеме алып барылған саўда-сатлықтың нәтийжесинде, Шыныбайдың аты шығып кетеди. Халық аңызына байланыслы қала усы адамның атына қойылыўы итимал».
Дерек: Қудияров А. Раматуллаев М. "Шымбай тарийхы ҳаққында"
Каналымыз:
https://t.me/Tariyxqa_nazer

November 17, 17:36

Төмендеги Әмиўдәрьядағы қарақалпақ урыўлары ҳәм қоңсы елатлар. XIX әсирдиң 70-жыллары.
Дерек: Т. А Жданко "Очерки Исторической Этнографии Каракалпаков"
Каналымыз:
https://t.me/Tariyxqa_nazer

November 15, 07:18

Шымбай районынындағы қәўимлер ҳәм елатлар 1945-жылғы мағлыўматлар бойынша.
Каналымыз:
https://t.me/Tariyxqa_nazer

November 08, 09:52

Дәўкескен (Ўәзир) қаласы,
Аспан астындағы тарийх гүўасы.
Айбүйирдиң қубла тәрепинде, Гөне Үргеништиң батысында Үстирт дийўалларның жағасында орналасқан қала
Дәўкескен
яки бурынғы
Ўәзир
қаласы делинеди. Әмиўдәрья батысқа Узбой саласы менен ағар ўақты бул қала дәрьяның оң тәрепинде жағаға жақын турған.
Археологиялық дереклерге көре Дәўкескен қаласы орнында бизиң эрамызға шекемги 4-3-әсирлерде халық жасаў орны болған, ол әскерий беккем қорған ретинде қурылған. Қаланың арқа тәрепинде үлкен дийўал салынған, бул Үстирт жақтан келетуғын қәўимлер шабыўылынан қорғаған.
7-әсирде
Үргениш
(Гөне) үлкен қалаға айланып Әмиўдәрьяның Дәўкескенге барар батыс тармағы бөгеп тасланған, сонлықтан бул қала әдеўир ўақыт суўсыз қаңырап қалып кеткен. 1388-жылы Әмир Темур
Үргеништи
басып алып қаланы ҳәм бөгетлерди ўайран етти. Будан соң Әмиўдәрья Аралға емес тағы батысқа Узбой тәрепке ағыўды баслады ҳәм
Дәўкескенге
суў келди, шығыс тәрепте суўсыз қалған халық Дәўкескенге келди, бирақ қала еле қарабхана еди, оның қайта тиклениўи бирден болмады.
Арқадағы Дешти Қыпшақта 15-әсирде қызғын сыясый процесслер жүрип турған ўақытта Едил, Жайық бойында
Едиге урпақлары
(
маңғытлар
) менен Дешти Қыпшақ шығысындағы
Шайбан туқымы
арасында тоқнасыўлар болып турды. 1428-жылы хан етип көтерилген жас
Абулқайырхан
жылдамлық пенен күшейип, аймақларды ҳәм урыўлар үстинен бийлигин кеңейте баслады. Оның бул ҳәрекетлери
маңғыт мырзаларын
қәўетерге салды. Сол ушын
маңғыт мырзалары
Дешти Қыпшақ шығысындағы және бир Шайбан туқымы ўәкили
Мустапахан
менен
Абулқайырға
қарсы аўқам қурды. Еки арада 1430-жылары болған урыста
Абулқайырхан
жеңип Мустапаханның елин басып алды.
Мустапахан
Хорезмге қашыўға мәжбүр болды.
Мустапахан келген гезде
Хорезм
рәсмий түрде Темурийлер елине қарайтуғын еди.
Мустапахан
Хорезмниң тек бир мүйешине келип орналасып алды, бул Дәўкескен қаласы аймағы еди еди. Мустапахан гөне қала орнында жаңа
Ўәзир
қаласын қурды. Бирақ Мустапаханның артып баратырған атағы себеп оны Хорезмдеги
қоңырат супылары
қуўып жиберди. Мустапахан Маңқышлаққа кетти, бирақ одан
Ўәзир
қаласы қалды.
Ўәзир
қаласы жанында және еки қала
Адақ
ҳәм
Тирсек
қалалары болғанлығы айтылады. 16-әсир басында
Ўәзир
қаласы ақсақаллары Дешти Қыпшақтағы Арабшахий туқымынан болған
Елбарыс
султанды
Хорезмди жаўлардан қутқарыў ушын шақырды.
Елбарыс султан
өз улысы менен Хорезмге келип жаўларды қуўып жиберди. Елбарыс султан
Ўәзир
қаласында хан етип көтерилди.
Адақ
қаласын иниси Беликеш султанға берди,
Тирсек
қаласын Муўсабийдиң улы Ақман батырға берди (бул тулға Едиге туқымынан).
Әмиўдәрья 1570-жылларда өз аңғарын және Аралға қарай өзгере баслады.
Ўәзир
ҳәм оның жанындағы қалалар суўдан қыслықты. Анушахан (1663-1685) тусында суўсыз қалған Ўәзир халқы
Гүрлен
ның арқасына көширип онда жаңа Ўәзир қаласы тикленди. Бурынғы
Ўәзир
қаласы босап қалды. Кейинги дәўирде халқ оны
Дәўкескен
деп атаған.
Дереклер:

http://www.karakalpak.com/ancdevkesken.html
• Абулғазы Баҳадирхан, "Шажарайы Түрк"
• Мунис ҳәм Агаҳий, "Фердаўыс Ул Ығбал"
• В.В Трепавлов, "История Ногайской Орды"
Каналымыз:
https://t.me/Tariyxqa_nazer

November 02, 12:14

Үрге
Ертеде бир қалмақтың қызы болған. Үлкен суў басқыны болып, соннан елди ақыллылық пенен қутқарған. Халықты жыйнап, таўдың баўрайына қала салдырған. Елди шабыўға келген талай жаўларды қайтарған, халық қаланың атын қыздың атына қойған, соннан Үрге болып кеткен.
Дерек: Қарақалпақ Фольклоры 77-87-томлар. Нөкис "Илим" 2014-ж.
Каналымыз:
https://t.me/Tariyxqa_nazer

November 01, 09:51
Media unavailable
1
Show in Telegram