АДАМЛАР АРАСЫНДА🫂
5297-ўақыя
⚘️Пикир хәм маслахатлар ушын
🌸
ағза болың
🌼
@pikirim
5297-ўақыя
Салем хаммеге. Мениң ең жақын сирласим, класстасым, қыйналғанда қысынбай айтатуғин досим бул өмирмен қоштасип кетти.Сол досим қайтқанли жалғыз сирап қалдим. Бир жағим жоқтай. Ишим толип кетеди биркезлери айтатин адам болмай фотосына қарап жилап жилап алам. Жап жас кетеғойдиң деп. Коп уайымдап едим сол ушинба өткенде тусиме кирипти маған қарап кулип қарап тур. 5.6 туйыр куртик пакетқа салип берп атырм балдариңмен жийсиң деп алмади. Ойлағанима тусиме кирп аян берип атырмекен жағдайы жақсыкенин деп ойлап қойдим. Басына барп қуран оқитип келдим сосын. Өзимди жалғыз сезип калдим есиме туссе жилағим келе береди. Умиталмай атырм
Ақшолпан Аманияз темасына еликлеп жазылды.
БИР ҮЙГЕ БИР КЕМПИР КЕРЕК
Турпаты бир мамалықтай,
Ақылы айтса даналықтай,
Сыны Қумар аналықтай,
Бир үйге бир кемпир керек!
Кесектен тандыр қалаўға,
Шарбақтыда қоршалаўға,
Ақлықларын арқалаўға,
Бир үйге бир кемпир керек!
Үйден шығып киретуғын,
Тапқан затын илетуғын,
Салт дәстүрди билетуғын,
Бир үйге бир кемпир керек!
Ишиңдегин оқыйтуғын,
Алжыма деп шоқыйтуғын,
Тоқымада тоқыйтуғын,
Бир үйге бир кемпир керек!
Мал жанлықты түўеллеўге,
Ылақ, қозы гүўенлеўге,
Шоқ ғаррысын жүўенлеўге,
Бир үйге бир кемпир керек!
Шаңараққа мәргияға,
Қыз, келинге тәрбияға,
Ийе болған нур зияға,
Бир үйге бир кемпир керек!
Кеунимжай Мамбетниязов
28.04.2026-жыл Ташкент
БИР ҮЙГЕ БИР КЕМПИР КЕРЕК
Ҳәй, келинлер берман келиң!
Нәсиятымды тыңлап мениң,
Қәдирин бил, қәйненениң,
Бир үйге бир кемпир керек.
Талай асыўлардан асқан,
Машақатлы жоллар басқан,
Жаратылған жаны тастан,
Бир үйге бир кемпир керек.
Ошақ басын сыйлайтуғын,
Ғарры жанды қыйнайтуғын,
Шашылғанды жыйнайтуғын,
Бир үйге бир кемпир керек.
Қартлық жеңип, ҳал тайғанда,
«Келин болар» қартайғанда,
Бесигиңди шайқаўғада,
Бир үйге бир кемпир керек.
Бағатуғын - балаңызды,
Баржай қылып далаңызды,
Толықтырар - шалаңызды,
Бир үйге бир кемпир керек.
Барлық истиң ебин таўып,
Аўқат асып, сыйыр саўып,
Қоятуғын нан да жаўып,
Бир үйге бир кемпир керек.
«Жаманлығыңды жасырып,
Жақсылығыңды асырып»,
Отырмас бир қол қаўсырып,
Бир үйге бир кемпир керек.
Мүтәжиңе бәрҳа жарап,
Қораңдағы малға қарап,
Боп туратуғын «көз қулақ»,
Бир үйге бир кемпир керек.
Аўырыңды - алатуғын,
Мийиңди ғыр қылатуғын,
Той, мерекеге, баратуғын,
Бир үйге бир кемпир керек.
«БийПатма»ға усайтуғын,
Ақлықлары қумсайтуғын,
«Пенсия»сын жумсайтуғын,
Бир үйге бир кемпир керек.
Ақыл дәрья, бойлап турған,
«Үш күнлигин ойлап турған»,
Көкиреги сайрап турған,
Бир үйге бир кемпир керек.
Ақшолпан Аманияз 28.04.2026 жыл
P.S: Интернеттен еситкен «Бир үйге бир ғарры керек» қосығынан тәсирленип жазылды.
5296-ўақыя
⚘️Пикир хәм маслахатлар ушын
🌸
ағза болың
🌼
@pikirim
5296-ўақыя
Ассалаума аликум хурметли адамлар арасиндагы жаксы адамлар аман жатип турдинизба.Ден саулыклариниз жаксыма.Турмистин мазалы ташуишлери менен куниниз мазмунлы отип атирма?Мен сизлерге коптен берли миннетдаршилик билдирмекшимен.Уси группага коплеп уакыялар жазаман хам керекли пикирлерди алип турмистин ойлы бийигин биргеликте женип киятирмиз десем асыра айткан болмайман .Коплеген пикир билдириушилер журегиме малхам болады.Озим орта маглыуматлиман 2 группа уй бийкесимен .Турмистин не бир кыйыншиликларин артта калдирган мардана хаялман бахтлиман сол бахтта сизлердин де улесиниз кушли.Жаксы хам салбий пикирлер билдирседе озиме куш болады мативатсия аламан.Сизлерге шексиз миннетдарман.Усы группаны ашкан Депуж ханим сизге оз алдина минетдарман.Усы каналга оз улесин коскан мен танимайтугин жаксы инсанларга да рахметим шексиз .Оз орнимди тауып киятирман .Омирлик жолдасимнинда кеулин табиуга еристим буринги жас жубайлардай жасап киятирмиз .Ата енемди айтпасада болади алтин олар алдимизда аман болсин.Кеуил кен болса бариде оринли болади екен. Мен озимди танидим буринлари окпешил сал нарсеге ренжип айыпти озгелерден излер едим ал казир болса 360 градуска озгердим енди арасинда болип туради бакирис шакирис
🤏
сол гезде сизлерден маслахат алип озимди басип аламан
😊
сизлерге шанаракларинзга ауызбиршилик беккем ден саулик ошпес бахт молдир мухаббат жанеде дуньядагы ен жаксы тилеклерди тилеп калыушы сизлер менен бир хауада дем алип жасап киятирган бахтли икласпентинизбен ягний акыллы келин бахтли ана алла буйырса улгили ене болуга оз улесимди косыуга харекет етемен албетте сизлердин коллап кууатлауыныз аркасында.
5294-ўақыя
⚘️Пикир хәм маслахатлар ушын
🌸
ағза болың
🌼
@pikirim
Усындай адамлар баска жердеде бармекен. Соны билмекши едим?. Пикиршилерим. Рахмет сизлерге. Куйип писип пикир жазганларын ушын.
🙏
. Арал ага сиз мени улума тусинбепсиз. Хешбир адам консысы болсын баска болсын бир уйге хызметке баратын болса тамагымды тойдырып…
5295-ўақыя
⚘️Пикир хәм маслахатлар ушын
🌸
ағза болың
🌼
@pikirim
5295-ўақыя
Енем аяктан ампутация болды. 73 жаста. Пенсияда. Енди Соны Пенсиядан Группага озгертуге болама. Ким биледи. Жане кандай жардем ала аламыз Мамлекеттен. Жакында болды. Экстерныйда жатырмыз.