
Каракалпак 24
❗️
Ертең Қоңырат районының айырым аймақларында свет өшеди
📅
Сәне
: 2026-жыл 27-октябрь;
🕙
Ўақыт
: 10:00 ден 18:00 ге шекем
➖
Қаратал, Қумбыз, Қыпшақ ҳәм Моншақлы АПЖ
және
МПЖ
аймақларында — "Жаңа талап" фидеринде оңлаў жумыслары алып барылады.
➖
Мийнет абат
ҳәм
Кийет АПЖ
аймақларында — "Карбит завод" фидеринде оңлаў жумыслары алып барылады.
👉
@Karakalpak24
1268 — қысқа номери иске түсти
Ендигиден былай жолда қандайда бир машқала болса, светофор ислемей атырған болса яки басқа себеплер менен ЖПХ хызметкерлерине жоқарыдағы
1268
номерин терип мүрәжат етсеңиз болады.
👉
@Karakalpak24
#Тайынлаў
Арзиев Исламбек Азатович
— Мәжбүрий орынлаў бюросы Нөкис қаласы бөлими баслығы лаўазымына
тайынланды
.
👉
@Karakalpak24
🔥
Qaraqalpaqstan jaslarına
6 AY BIYPUL TAYARLIQ!
🎓
🇬🇧
Inglis tili |
🇩🇪
Nemis tili |
🇰🇷
Koreys tili
🚀
«2+6» JOYBARÍ
Mámleketimiz tárepinen jaslarǵa teń imkaniyatlar jaratıw hám olardıń shet tillerin biliw dárejesin arttırıw maqsetinde jolǵa qoyılǵan joybar.
📚
Joybar shártleri:
✅
Dáslepki 2 ay ushın oqıwshı ózi tólem tóleydi.
✅
Keyingi 6 ay ushın oqıw tólemi mámleket tárepinen subsidiya tiykarında tólep beriledi.
🏆
NEGE UMU MEKTEBIN TAŃLAWIŃIZ KEREK?
Ózbekstandaǵı 327 oqıw orayı ishinde
«UMU mektebi» joybar boyınsha eń kóp oqıwshı tayarlap, 1-orında tur!
🥇
📊
427 oqıwshı — bizdiń nátiyjemiz!
🎯
Aldımızdaǵı maqsetimiz — bul kórsetkishdi
600 oqıwshıǵa jetkeriw!
📢
Tek 14–30 jas aralıǵındaǵı jaslar ushın!
📍
UMU mektebiniń filialları:
📍
Nókis qalasında — 4 filial
📍
Nókis rayonı filialı
📍
Shımbay filialı
📍
Qanlıkól filialı
📍
Qaraózek filialı
📍
Xojeli filialı
📍
Taxtakópir filialı
📞
Tolıq maǵlıwmat ushın:
91 258-33-66
Biziń instagram mánzil:
UMU MEKTEBI
Biziń telegram mánzil:
UMU MEKTEBI
#реклама
❗️
Жумысқа кириў ушын керек болатуғын үжжетлерди
my.gov.uz
арқалы алыў мүмкин
✅
Бийпул жүклеп алыў мүмкин болған
ҳүжжетлер
:
🔹
3×4 өлшемдеги фото;
🔹
ЖШШИР берилгени ҳаққында мағлыўматнама;
🔹
Жасаў орны бойынша мағлыўматнама;
🔹
Жумыс тәжирийбеси ҳаққында мағлыўматнама;
🔹
Өзин-өзи бәнтлик ҳаққында мағлыўматнама;
🔹
Билимлендириў мәкемесин тамамлағанлығы ҳаққында мағлыўматнама;
🔹
Топланып барылатуғын пенсия есабы ҳаққында мағлыўматнама;
🔹
Майыплық ҳаққында мағлыўматнама.
Төлем ушын алынатуғын мағлыўматнамалар:
🔹
Наркология диспансерынен —
мағлыўматнама
;
🔹
Руўхый кеселликлер диспансери —
мағлыўматнама
;
🔹
Судланған яки судланбаганлығы ҳаққында
мағлыўматнама
.
👉
@Karakalpak24
❓
Жылытыў мәўсими қашан басланады?
Көп квартиралы турақ жайларда ысытыў дәўири қашаннан басланыўы ҳәм қашаннан тамамланыўы керек?
Министрлер Кабинетиниң 2014-жыл 15-июльдеги 194-санлы қарарына 1-қосымша "Көп квартиралы турақ жайларда ыссылық тәмийнаты хызметлерин көрсетиў" Қағыйдаларының 13-бәнтине бола, ханаларды ысытыў мүтәжликлери ушын ыссылық энергиясын бериўде жеткерип бериўши ысытыў дәўирин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери тәрепинен белгиленген мүддетлерде баслайды ҳәм жуўмақлайды.
Жылытыў дәўири сыртқы ҳаўаның орташа суткалық температурасы
8° градустан төмен болған 5 күнлик дәўир тамамланған күннен кейинги күннен басланыўы
,
8° градустан жоқары болғанда болса тамамланыўы
керек
.
Каналға ағза болың:
👉
@Karinform
❗️
Айырым жаслардың контракт суммасының бир бөлеги қаплап бериледи
Социаллық реестрге киргизилген шаңарақлардағы кәсиплик ҳәм жоқары билимлендириў шөлкемлери оқыўшы-студентлериниң төлемли-контракт суммасының 50 процентине шекемги бөлеги
төлеп бериледи
.
Онда төлемлер дүзилген социаллық шәртнама шәртлериниң орынланыў дәрежесинен келип шығып төленеди ҳәм жәрдемниң улыўма муғдары бир оқыў жылы ушын БЕМниң 50 есесинен артпаўы
керек
.
👉
@Karakalpak24
Chery Arrizo 6 Pro — услуб ва қулайлик уйғунлиги!
Замонавий седанни расмий дилерлардан фойдали шартларда харид қилинг.
🔹
Бошланғич тўлов:
40%
🔹
Муддатли тўлов:
40 ой
🔹
Йиллик ставка:
0%
Шартлар тўлов ва муддатга қараб фарқ қилиши мумкин. Автосуғурта — мажбурий. Тўлов мажбуриятларини бажармаслик молиявий хатарларни келтириб чиқариши мумкин.
Ойлик тўлов миқдорини билиш учун қуйидаги рақамга қўнғироқ қилинг:
📞
55-500-06-55
#реклама
🔞
Социаллық тармақларда жигит ҳәм қыздың жәмийетлик орында жәнжеллескен видеосы кең жәмийетшилик додаланыўына себеп болмақта.
Ўақыя қашан ҳәм қай жерде болғаны белгисиз.
👉
@Karakalpak24
#Тайынлаў
Махсетбаев Полат Махсетбаевич
– Өзбекстан жас фермерлер Кеңеси баслығының орынбасары
болды
.
Тайынлаўға шекем ол Жаслар ислери агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы лаўазымында жумыс алып барған.
👉
@Karakalpak24