
KRuz.uz |Рәсмий канал
Әмиўдәрьяда пуқараның жанынан марихуана табылды
Әмиўдәрья районында гүманланыўшы шахстың жанынан марихуана нәшебентлик заты анықланды.
Буннан кейин оның жасаў мәнзили көзден өткерилгенде, каннабис өсимлигин жетистирип атырғаны да мәлим болды.
✅
👉
@KRuzuz
— Қарақалпақстандағыең исенимли хабарлар
Енди ажырасыў тилегиндеги шаңарақларға жарасыў ушын мүддет берилмейтуғын болады
Ҳүкимет шаңарақлық қатнасықларды тәртипке салыўға байланыслы нызам жойбарын ислеп шықты. Ҳүжжет тийкарында ажырасыўға анық тийкар болса, некени бийкарлаў ушын мүддет қолланбаў усыныс етилмекте.
✅
👉
@KRuzuz
— Қарақалпақстандағыең исенимли хабарлар
⚡️
Өзбекстан Орайлық Азияда C-390 Millennium әскерий-транспорт самолётын сатып алған биринши мәмлекет болды
Самолётлар Өзбекстан Әскерий ҳаўа күшлеринде транспорт ҳәм гуманитарлық миссияларда қолланылады. Биринши C-390’ды 2026-жылы жеткерип бериў жобаластырылған.
✅
👉
@KRuzuz
— Қарақалпақстандағыең исенимли хабарлар
❗️
Түнги ўақытта қатты шаўқымға шеклеў орнатылды
«Халықты шаўқымның зыянлы тәсиринен қорғаў ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилди.
Нызамға бола, шаўқымның жол қойылатуғын дәрежесинен жоқары болған ҳәм пуқаралардың тынышлығын бузатуғын шаўқымларға шеклеў қойылады:
➖
жумыс күнлери: 23:00 ден 07:00 ге шекем;
➖
дем алыс ҳәм байрам күнлери: 22:00 ден 09:00 ге шекем.
Шеклеўлер турақ жайлар, қурылыс майданлары ҳәм транспорт қуралларынан келетуғын шаўқымларға да тийисли.
⚖️
Шаўқымның зыянлы тәсири нәтийжесинде жеткерилген зыян ушын суд арқалы компенсация өндириў мүмкин.
📌
Нызам рәсмий жәрияланған күннен 3 ай өткеннен кейин күшке киреди.
✅
👉
@KRuzuz
— Қарақалпақстандағыең исенимли хабарлар
❓
Қытайда пахта қалай жетистириледи?
✅
👉
@KRuzuz
— Қарақалпақстандағыең исенимли хабарлар
❗️
Сырт елден қайтқан мигрантларға 60 млн сумға шекем грант бериледи
Миграция агентлиги сырт елде ислеп, Өзбекстанға қайтқан пуқараларға бизнесин баслаў ямаса кеңейтиў ушын 60 млн сумға шекем грант ажыратады.
Таңлаўда 2025-2026-жыллары сырт елде жумыс ислеген ҳәм Өзбекстанға қайтқанлар қатнасыўы мүмкин. Ҳаял-қызларға айрықша итибар қаратылады.
Арзалар
21-сентябрьге шекем қабыл етиледи.
✅
👉
@KRuzuz
— Қарақалпақстандағыең исенимли хабарлар
Arzimagan pulga sifatli texnikalar!
😉
Sifatdan voz kechmay, narxdan yutish mumkin! texnomart’da ishonchli va sifatli texnikalarni qulay narxlarda xarid qiling
🛍
Uyga kerakli texnikani bugunoq tanlang va boshlang‘ich to‘lovsiz, o‘ttiz olti oyga bo‘lib to‘lash imkoniyati bilan xarid qiling!
📆
Aksiya muddati: 11–14-sentabr
⚡️
Shoshiling, mahsulotlar soni cheklangan
📞
71-209-99-44
Batafsil ma’lumotni texnomart’ning rasmiy saytida topishingiz mumkin
!
Reklama
🔤
Жаңа өзбек әлипбеси Сенат тәрепинен мақулланды
Олий Мажлис Сенаты латын жазыўына тийкарланған өзбек әлипбесин өзгертиў ҳаққындағы нызамды
мақуллады
.
Оған бола, әмелдеги 26 ҳәрип ҳәм 3 ҳәрип бирикпеси орнына 28 ҳәрип ҳәм 1 тутық белгиси енгизиледи.
✅
👉
@KRuzuz
— Қарақалпақстандағыең исенимли хабарлар
📢
Тадбиркорлар диққатига:
InfinBank
'дан узоқ муддатли ва ҳамёнбоп кредит!
Юридик шахслар ва ЯТТлар учун янги "Инфин Юксалиш" кредити ишга туширилди. Унинг асосий мақсади – тадбиркорларга бизнесни ривожлантириш ва жорий кредитларини қайта молиялаштиришда кўмаклашиш.
Асосий шартлар:
Фоиз ставкаси – 18,99%;
Кредит суммаси – 1 млрд сўмгача;
Тўлов муддати – 7 йилгача.
InfinBank вакилларининг таъкидлашича, бу маҳсулот рақобатбардош фоиз ставкаси билан тадбиркорлик ўсишига самарали хизмат қилади.
Телефон:
+998 71 202 50 80
➡
️Батафсил маълумот
Reklama
iPhone 18 Pro ҳәм iPhone 18 Pro Max
iPhone 18 Pro’ның экран диагоналы 6,3, iPhone 18 Pro Max’тики болса 6,9 дюмды қурайды.
Еки моделдеги ең тийкарғы жаңалық — жаңа камера системасы ҳәм A20 Pro чипи болды.
iPhone 18 Pro ҳәм Pro Max 4 — қара, гүмис рең, тоқ қызыл, ашық ҳаўа реңде сатыўға шығады.
➖
iPhone 18 Pro —
$1199
;
➖
iPhone 18 Pro Max —
$1299
.
Алдыннан буйыртпалар 12-сентябрь күнинен, сатыўлар болса 18-сентябрьден басланады.
✅
👉
@KRuzuz
— Қарақалпақстандағыең исенимли хабарлар