
"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"
ЖИЙЕН ЖЫРАЎ
ПОСҚАН ЕЛ
(
Поемадан үзинди)
Ата журты Туркстан,
Онда да паян етпеди.
Күни-түни қыйналып,
Он еки айда тапқаны,
Қыс азыққа жетпеди.
Кемтар болды суўлары,
Ексе егин питпеди.
Жаўгершилик көп болды,
Сансыз адам кырылып,
Ғарга жеген өликке,
Жылға, сайлар көп болды,
Зулымға дады жетпеди.
Адам өлди қан төгилди,
Бийгуна гелле кесилди,
Ақ денели арыўдың,
Бурымлары есилди.
Қолы жеткен шоштыйып,
Үлгисиз тоң пишилди,
Сағыйраның қанлары,
Суў орнына төгилди,
Атаға бала карамай,
Балаға ата карамай,
Кийерине кийим жок,
Жол жүриўге жарамай,
Жасы кайткан ғаррылар,
Бүгилген бели аналар,
Кешкен көшке ере алмай,
Жолда қалды биразы,
Далада қалды көмиўсиз,
Қызыл қумды асалмай,
Дәрманы кетти ашльқтан,
Аяғын кыя басалмай,
Перзентлери жылады,
Өлген ата-анасын,
Қәўимине қоса алмай,
Бүлгиншилик көп болды,
Қаракалпақ поскан ел,
Хорезмге жетиўге,
Хәммелери буўды бел.
Ата журты Туркстан,
Өмирлик жайлау болмады,
Ғәрип пенен қәсерге,
Жетим менен жесирге,
Саясын ҳеш бир салмады.
Алды менен басшысы,
Еки ийнин жалмады,
Бузық болды ийшаны,
Әдилсиз болды қазысы,
Гүнасыздан биразды,
Гүналы деп қыйнады.
Еки жаклап, үш жаклап,
Күнниң жузин корсетпей,
Кеуилге кайғы жамады.
Ҳәй аталар, агалар!
Постық сонда сандалып,
Арқаладық арбаңлап,
Ақырет көрдик өлимлик,
Ишерге суў болмады,
Көзимизден жаўдырап,
Ашлықтан қаттық, қақпаштай,
Қол-аяклар салдырап,
Қар бурдырап қан жаўды,
Турмады ҳеш бир жадырап,
Сонда да бизде кийим жоқ,
Жалаң аяқ жалаң бас,
Киятырмыз қалжырап,
Баз биреўдиң қолында,
Қундақлаулы баласы,
Анасынан сут шыдпай
Тамшылайды көз жасы,
Оны көрип өксийди,
Неғылсын ғәрип анасы,
Оған берер нәрсе жоқ,
Тек шырағым панасы,
Қазан табақ арқалап,
Киятыр байқус атасы.
Ўай бийшара аналар,
Ўай бийшара жас қызлар!
Бүгилисип беллери,
Жасы қайтқан ғаррылар,
Таянып ақ таяғын,
Беллери әбден бүгилип,
Басалмайды аяғын,
Отырады дем алып.
Он-он беси қуралып,
Yн қосысып жылайды,
Қайғы менен пақырлар,
Көзиниң жасын булайды,
Далада қалдық дослар деп,
Кой қозыдай шуўлайды,
Кыйын болып ҳаллары,
Таслап оны кете алмай,
Келеди кайтып баллары,
Бирин-бири жетелеп,
Онбейди сирә жоллары.
Ўай пақырлар, аналар!
Перзентине суйенип,
Әри бери жүреди,
Онда-дағы болмайды,
Оны көрип баллары,
Қушақлайды мойнынан,
Атасы менен анасы,
Арман-берман саргайып,
Дәртке иши жанады,
— Ҳош болыңыз балам!—дел,
Зорга ийек кағады.
Дейди олар ақырында:
«Ашылсын балам бахтыңыз,
Болмагайсыз бизлердей,
Хош болсын бәрхо ўактыңыз,
Душпанларды жеңгейсиз,
Сынбағай хеш бир сақтыңыз»
Деп пакырлар акырын,
Жанын тәслим етеди;
Жылап-жылап баллары,
Қасына белги салады.
Кепинлерге — кепин жок,
Орап гөне кийимге,
Апарып ойга көмеди,
Көмген менен пақырлар,
Көзи кыймай анасын,
Таслай алмай атасын,
'Төгеди көзден қан жасын.
Жаска толып көзлери,
Куп-куў болып жүзлери,
— Анам! — деген сөзлери!
Өңмениңнен өтеди.
Ах жигитлер, жигитлер,
Ах досларым, досларым,
Оннан да өтип барамыз,
Күннен-күнге тарьқтык,
Гүман болды жан саклаў,
Кыя шөлде шалықтық,
Балалы хаял көп еди,
Бирге шыққан биз бенен,
Поскыншылар тағы көп,
Киятырған из бенен,
Кыйын болды бәринен,
Емизиўли балаларға,
Шыркырайды, жылайды,
Оны еситип мениң де,
Төбе шашым жуўлайды,
Анасы пақыр қыймайды,
Өзинен дәрман кетсе де,
Қушаклайды тасламай,
Анасы өлген көп балалар,
Қундағында иңгалап,
Жол бойында көп қалды,
Ғарга қузғын семирди,
Жас жанлардың қанына,
Қудай сая салмады,
Олардың шыбын жанына.
@naqillar
Дослық ҳаққындағы нақыл-мақаллар:
Досқа дос келеди сырласыўға,
Жаўға жаў келеди мушласыўға.
Асы көптиң тәни семиреди,
Досы көптиң жаны семиреди.
Жан досыңа ат берме,
Ат берсең де «әтсе жүр» деме.
Айрылысатуғын дос аяўлыңды сорайды,
Бермесең бетиңе қарайды.
Жақсы достың пайдасы тийер ҳәр жерде,
Жаман дос қалдырар бәрҳа зәлелге.
Досы көп пенен сөйлес,
Досы жоқ пенен сырлас.
Жақсы дос ашып айтар,
Жаман дос қасып айтар.
Досы көп алтын жыйнайды,
Қасы көп басын жалмайды.
(Қасы – душпаны көп мәнисинде)
Досы көптиң малы көп.
@naqillar
Ҳәдден тысқары заўық ҳәм бахытсызлық ортасындағы байланыслылық
Станфорд университетиниң психиатрия ҳәм нәшебентлик бойынша қәнийгеси
Анне Лембке "Dopamine Notion"
китабында төмендеги мағлыўматларды жазып өткен:
Заўықтын ҳәдден тысқары көбейиўи де машқала
Заманогөй дүняда ҳәр нәрсеге аңсатлық пенен ерисиў мүмкин болып қалды.
(Қумшекери көп) Мазалы яки майлы тез тайяр болатуғын аўқатлар, аңсат табылады.
Технология (телефон, социял тармақлар, видео ойынлар) заўық алыўды тезлестирип жиберди.
Интернет дүкән ҳәм жеткерип бериў хизметлери заўықландырыўшы тәжрийбелерди қәлеген ўақытта инәм етип атыр.
Бул жағдайлар бас мыйымиздиң заўық алыўға үйренип қалыўына алып келеди.
Дофоминниң ҳәдден тысқары көбейиўине алып келеди. Дофоминниң артыўы мый искерлигин бузады.
Турақлы түрде "Жаңа ҳәм күшлирек заўық" излеў әдети қәлиплеседи.
Бул жағдай стресс, қайғырыў ҳәм депрессия (әпиўайы нәрселерден заўық ала алмаў) киби жағдайларды күшейтеди.
@naqillar
Тил, сөз өнери ҳаққындағы нақыл-мақаллар:
Аталар сөзи – ақылдың көзи.
Аңламай сөйлеген,
Аўырмай өлер.
Таяқ еттен өтеди,
Сөз сүйектен өтеди.
Бир күни питип жазылар,
Дарыған тыйық жарасы.
Тил жарасы өмириңше,
Ядыңнан шықпас ызасы.
Мәнисли сөз баҳалы,
Өзи қысқа, өзи жуп.
Сөз мәнисин билмеген,
Сөзди өзине келтирер.
Гүл мәнисин билмеген.
Шақасына зил келтирер.
Тил ушы менен сөйлеме,
Өзиңе азар сөз келер.
Жыллы-жыллы сөйлесең,
Жылан инине киреди.
«Жақсы-жақсы» дерсең,
Исиң түссе билерсең.
Жигиттиң серли болғаны,
Ғабырыспай жүрсе жолынан.
@naqillar
Тил, сөз өнери ҳаққындағы нақыл-мақаллар:
Көринип бәле келмейди,
Бәлениң бәри тилиңнен.
Мал шақынан,
Адам тилинен.
Сөзиңди биреў сөйлесе,
Аўзың қызып бара ма?
Отыз тистен шыққан сөз,
Отыз урыўлы елге жайылады.
Елдиң аўзын жаппаға,
Елли ғары бөз керек.
Көп не демейди,
Бөри сабан жемейди.
Көп сөз қуранға жүк.
Дым билмесең үндеме.
Сөзиңди сөйле абайлап,
Сөзден туўар ашшылық.
@naqillar
САЎДА САТЫҚ ҲАҚҚЫНДАҒЫ НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР
Азын илекерлеп жарлы өтер,
Көбин қаржыламай бай өтер.
Аталастың саўдасы айында қайтады.
Барында батып иш,
Жоғында сатып иш.
Кесимли пулда өсим бар.
Накастан қарыз етпе,
Қарыз етсең де қарыж етпе.
Уры қасын жейди,
Саўдагер басын жейди.
Қудығына қарай ғаўғасы,
Базарына қарай саўдасы.
Саўдагер бажыдан қашпас.
Саўда сақал сыйпағанша.
Жақсы менен саўда қылсаң керис болмас,
Жаман менен саўда қылсаң тегис болмас.
@naqillar
#Айырым_нақыл_мақалларға_түсиндирмелер
Қарақалпақ халық сөз шешенлиги өнеринде "атадан алтаў туўып, өле-өле жетеў болды" деген нақыл-мақал, гөне сөз бар. Бул қатарлар шайыр қосықларында да келтирилип өтиледи. Буның түп мағыз - мағанасы не екен?
Астарлап айтар маманлар,
Буның мәнисин ким аңлар
Атадан алтаў туўғанлар
Жетеў болар өле - өле...(И.Ю)
Нақылларың шағып көрсем мағыздан.
Жуўабыйсаң зейин суўын ағызған.
Бизиң қарақалпақ халқының ҳәр бир сөзи, ҳәр бир нақылы, ҳәр бир мақалы алтын менен зерге теңлес қунлы баҳалы. Буны бир ғана "атадан алтаў туўғанлар, жетеў болар өле-өле" мақалы мысалында гүўасы боламыз.
Демек, бул мақалдың мағызын шағатуғын болсақ халқымызда жети ата - баба, жети атаңды бил, жети атаңды таны деген сөз бар, қағыйда бар. Бул мақалдың да тийкары усы жерге барып тақалады:
1. Бел бала(перзент)
2. Ақлық
3. Шаўлық
4. Қуўлық
5. Баўлық
6. Тоқлық
7. Жатлық
Көрип турғаныңыздай, жетинши әўладқа келип жатласады яғный жети жат бийгана болады. Сондай - ақ, туўысқанлардың жатласыўы, узақласыўы. Мысалы: Алты ағайинли болса, олардың баллары, және олардың балларынан туўылғанлар ҳ.т. сөйтип жети атаға барғанда қандай жат болатуғынын билдиреди, туўылған сайын узақласып бара береди деген мәнисте. "Зер қәдирин зергер билер, сөз қәдирин шешен билер" дегениндей қарақалпақ тили бай тил. Оның ҳасыл байлығынан пайдалана алыўдың өзи өз алдына бир өнер. Түсиниўдиң өзи ақыл шамшырағы.
©
Светлана Жәлменова (Сарқырама Шамшырақ)
Жети атаңызды билесизбеее?
@naqillar
ҲӘР ТҮРЛИ ӨНЕР-БИЛИМ АЛЫЎ ҲАҚҚЫНДАҒЫ НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР
Билимли мынды жығады,
Билекли бирди жығады.
Ақыл жаста емес, баста.
Билгеннин тусындаман,
Билмегеннен өтип баратырман.
Оқысаң озарсаң,
Оқымасаң тозарсаң.
Өзиң билсең өзгеге үйрет,
Билмегенинди үйрен.
Халыққа ис көрсеткен мəрт өлмейди,
Тарийхқа жазып кеткен хат өлмейди.
Оқиў ой азығы,
Билим - ер азығы.
Өнери жоқ кисинин,
Мазасы жоқ исинин.
Жигитке қырқ өнер де аз.
Өнерли қол арымас,
Өнерсиз қол жарымас.
Өнерди үйрен, үйрен де жийрен.
Өнер, өнерге бəри көнер.
Билим-ақылдың ширағы.
Билимниң көплиги жоқ,
Өнердин артықлығы жоқ.
Алым менен дос болсаң,
Жетерсең муратқа.
Залым менен дос болсаң,
Қаларсаң уятқа.
Жаста алган билимин,
Тасқа жазган хат пенен тең.
Оқый берсеň көзиң ашылар,
Жата берсең уйқы басар.
Жас пенен гарры билимде теңлесер,
Хан менен қара майданда теңлесер.
Жақсы менен жаман өлгенде теңлесер.
Кешеги-бүгинниң өлшеўи болмайды.
Оқыған озады,
Оқымаған тозады.
Асық ойнаган азар,
Топ ойнаган тозар,
Ҳəммесинен көп оқип,
Билим алган озар.
Бөдене сойғызсаң да,
Қассапқа сойғыз.
@naqillar
Қарақалпақларда нақыл-мақаллардың көплигине себеп не?
Түркийзибанларды нөкерлигигине байланыслы сонында сырткы душпанлардың аса күшлери, жаўызлыклары себепли көп-көп посыўшылықты бастан кеширген халқымыз өзлериниң батырлығын тәрийплеўши көп-көп әпсаналарын, рәўиятларын, дәстанларын, басып шығарыў имканияты болмағанлығы ушын оларды ядта саклап жүриў мақсетинде, өзлеринше, оғада қысқартып, даналық нақыл-макалларға айналдырыўға мәжбүр болған.
Егер дыққат берсеңиз, сол ески посыўшылық дәўирлерден бүгинги бизге жеткен ҳәр бир нақыл-мақал, бүгинги гейпара жазыўшысымаклардың повест, романларынан анағурлым абзалырақ.
©
Т. Қайыпбергенов "Қарақалпақпан. Тәўекелшимен"
@naqillar