Select your region
and interface language
We’ll show relevant
Telegram channels and features
Region
avatar

Toqpaq_ata_uz

toqpaq_ata_uz
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Мойнақ районы "Тоқпақ ата" жаме мешитиниң Telegram каналы!
Subscribers
2 570
24 hours
30 days
-60
Post views
641
ER
24,94%
Posts (30d)
107
Characters in post
736
Insights from AI analysis of channel posts
Channel category
Religion and Spirituality
Audience gender
Female
Audience age
35-44
Audience financial status
Middle
Audience professions
Government & Public Sector
Summary
June 12, 06:11

ӘЛЕМЛЕРГЕ МИЙРИМ БОЛҒАН САЎҒА
Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўаят қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Әлбетте, мен саўға етилген мийриммен»
, – деди».
Байҳақий рәўаят қылған.
Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам – Аллаҳ тааланың әлемлерге жиберген саўғасы. Бул саўғаны қабыл еткенлерге бул дүньяда бахытлы өмир, ақыретте жәннет ўәде етилген. Қабыл етпегенлер болса бахыт-саадатты тийисли болмаған жерден излеп, әўере болып өткен.
📚
«Итиқад дүрданалары» китабынан.
___
ОЛАМЛАРГА РАҲМАТ БЎЛГАН ҲАДЯ
Абу Ҳурайра розияллоҳу анҳудан ривоят қилинади:
“Набий соллаллоҳу алайҳи васаллам:
“Албатта, мен ҳадя қилинган раҳматман”, – дедилар”.
Байҳақий ривоят қилган.
Набий соллаллоҳу алайҳи васаллам Аллоҳ таолонинг оламларга юборган ҳадясидир. Бу ҳадяни қабул қилганларга дунёда бахтли ҳаёт, охиратда жаннат ваъдаси берилган. Қабул қилмаганлар эса бахту-саодатни ўрни бўлмаган жойдан излаб овора бўлиб ўтишган.
📚
"Эътиқод дурдоналари" китобидан.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺
Телеграм
|
🤪
Facebook
|
🛍
Instagram
|
😍
Youtube
🧐
Интернет сайтымыз:
paziylet.uz

June 12, 06:11

РАСУЛУЛЛАҲТЫ ЖЫЛАТҚАН АЯТ
Абдуллаҳ разыяллаҳу анҳудан:
Пайғамбарымыз:
— Маған Қуран оқып бересең бе? — деди.
— Я Расулуллаҳ! Қуран сизге нәзил болған болса, мен оқып берейин бе? — дедим.
— Мен оны басқа биреўден еситиўди қәлеймен, — деди Нәбий алайҳиссалам.
Соннан соң "Ниса" сүресин оқый басладым ҳәм:
"Ҳәр бир үмметтен бир гүўа
(өз пайғамбарын)
келтирип, сени
(ҳәй Муҳаммад!)
олардың ҳәммесине гүўа қылып әкелгенимизде
(олардың жағдайы)
не болады?!"
аятына жеткенимде:
— Болды, жетеди, — деди.
Қарасам, Расулы акрам саллаллаҳу алайҳи ўа саллам жылап отырған екен.
📚
"Қәлбимиздиң нуры" китабынан.
____
РАСУЛУЛЛОҲНИ ЙИҒЛAТГAН ОЯТ
Aбдуллоҳ розияллоҳу анҳудан:
Жаноби Пайғамбаримиз:
— Менга Қуръон ўқиб берасанми? — дедилар.
— Ё Расулуллоҳ! Қуръон сизга нозил бўлган бўлса-ю мен ўқиб берайми? — дедим.
— Мен уни бошқа бировдан эшитишни хоҳлайман, — дедилар Фахри коинот.
Шундан сўнг “Нисо” сурасини ўқий бошладим ва:
“Ҳар бир умматдан
(ўз пайғамбарини)
гувоҳ сифатида келтирганимизда ва сизни
(эй, Муҳаммад),
уларга гувоҳ қилиб келтирганимизда
(уларнинг ҳоли)
не кечур?!”
оятига етганимда:
— Бас, етар, — дедилар.
Қарасам, Расули акрам соллаллоҳу алайҳи васаллам йиғлаётган эканлар.
📚
"Қалбимизнинг нури" китобидан.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺
Телеграм
|
🤪
Facebook
|
🛍
Instagram
|
😍
Youtube
🧐
Интернет сайтымыз:
paziylet.uz

June 10, 21:15
Media unavailable
1
Show in Telegram

11—ИЮНЬ 2026—ЖЫЛ
МОЙНАҚ РАЙОНЫ НАМАЗ ЎАҚТЫ:
🕌
ТАҢ — 03:29
🕌
ҚУЯШ — 05:22
🕌
ПЕСИН — 13:03
🕌
НАМАЗЛЫГЕР — 18:23
🕌
ШАМ — 20:50
🕌
ҚУПТАН — 22:35
•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•
Каналға ағза болыў:
👇
👉
https://t.me/Toqpaq_ata_uz

June 10, 04:22
Media unavailable
1
Show in Telegram

#тәрбия
1. Дене тәрбия.
Баланың денеси саламат тәризде үлкейип, раўажланыўы ушын зәрүр болатуғын пуқта ислеп шығылған, тең салмақлы аўқатланыў тәртиби сыяқлы барлық талапларды тәмийнлеў.
2. Саламатлық тәрбиясы.
Балаға ден-саўлықты сақлаўда, тийкарғы санитария-гигиена ислеринде лазым болған нәрселерди тәлим бериў, керекли дәри-дәрманлар менен тәмийнлеў, саламатлық ушын зәрүр усылларды үйретиў.
3. Ақлый тәрбия.
Баланы мәдениятлы қылыў ҳәм тәлимине итибар қаратыў ҳәм де ондағы жасырын қәбийлетлерди шығарыў ҳәм раўажландырыў ушын излениў.
4. Руўхый, психологик тәрбия.
Баланың турмысына сәйкес болған қоршаған орталықты жаратыў ҳәм оның өзине болған исенимин көтериў, күшейтиў.
5. Социяллық тәрбия.
Баланың социяллық байланыслары ҳәм дослары менен байланысы, мүнәсибетлеринде өзин қандай тутыўын гүзетиў ҳәм қәтелер жүзеге келетуғын болса, өз орнында туўрылаў.
🍁
🍁
🍁
🍁
🍁
🍁
🍁
🍁
🍁
🍁
🍁
🍁
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
https://t.me/Toqpaq_ata_uz

June 09, 21:01
Media unavailable
1
Show in Telegram

10—ИЮНЬ 2026—ЖЫЛ
МОЙНАҚ РАЙОНЫ НАМАЗ ЎАҚТЫ:
🕌
ТАҢ — 03:29
🕌
ҚУЯШ — 05:22
🕌
ПЕСИН — 13:03
🕌
НАМАЗЛЫГЕР — 18:23
🕌
ШАМ — 20:50
🕌
ҚУПТАН — 22:34
•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•
Каналға ағза болыў:
👇
👉
https://t.me/Toqpaq_ata_uz

June 09, 04:20
Media unavailable
1
Show in Telegram

#сүннетке_әмел_етейик
ҲӘЗИЛДИҢ СҮННЕТКЕ МУЎАПЫҚ БОЛЫЎ ШӘРТЛЕРИ
1. Ҳақ ҳәм туўры сөзлер менен ҳәзиллесиў, өтирик араластырмаў, бузық сөзлерден, адамның қәдирин жерге уратуғын сөзлерден шетлениў.
2. Ҳәзиллесиўде ҳәдден аспаў, еркеклик саўлатына ҳәм ҳаяллық ийбесине зыян жеткеретуғын дәрежеде ҳәзилди көбейтип жибермеў.
3. Биреўдиң кеўлин аўыртпаў.
4. Ҳәзиллесиў менен адамлар кеўилине шадлық алып кириў, өз ара мүнәсибетлерди беккемлеў, ортада жыллылық пайда етиўди мақсет етиў.
5. Ҳәзилде Исламға, шәриятқа улыўма динге, исенимге тийисли мәселелерди тилге алмаў.
6. Ибәдатларда ҳәм жуўапкершиликли ислерде адам жуўапкершиликли болыўы керек. Ол жерде ҳәзил жараспайды.
🌙
🌙
🌙
🌙
🌙
🌙
🌙
🌙
🌙
🌙
🌙
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
https://t.me/Toqpaq_ata_uz

June 09, 04:20

#сүннетке_әмел_етейик
Перзент дүньяға келгенде қылынатуғын сүннет әмеллер
Әбиў Муўса разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Мениң улым туўылғанда оны Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдына алып бардым. Нәбий алайҳиссалам оған Ибраҳим деп ат қойды, қурма менен таңлайын көтерди ҳәм оған берекет тилеп, дуўа қылып, маған берди. Ол балаларымның үлкени еди».
Көпшилик саҳабалар өзлериниң жаңа туўылған перзентлерин Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдына алып барар еди. Нәбий алайҳиссалам жас балаларды көргенде жүдә қатты қуўанып кетер еди.
Мине, Әбиў Муўса Ашъарий разыяллаҳу анҳу да өз өмиринде жарқын из қалдырған бул ўақыяны заўықланып айтып бермекте:
«Мениң улым туўылғанда оны Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдына алып бардым»
.
Әне усы иске еликлеп, жаңа туўылған перзентти тақўалы адамлар алдына алып барыў мусылманлар ишинде турақлы әдетке айланған.
«Нәбий алайҳиссалам оған Ибраҳим деп ат қойды»
.
Демек, жаңа туўылған перзентлерге пазыйлетли, алым ҳәм оларға ерген адамлар тәрепинен ат таңлаўы – жақсы ис. Себеби, ондай адамлар буған уқсас ислерге байланыслы мәселелерди, шәрий ҳүкимлерди жақсы биледи ҳәм туўры жол тутады.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның Әбиў Муўса разыяллаҳу анҳудың улына Ибраҳим деп қойған аты буған мысал бола алады.
«…қурма менен таңлайын көтерди…»
Жас баланың таңлайын көтериў – үлкен адам бир нәрсени алдын өзи шайнап турып, кейин баланың аўзына қолы менен салып қойыўы. Бул нәрсе мийўе болғаны абзал. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам балалардың таңлайын дерлик бәрқулла қурма менен көтерген. Бул да жақсы нийеттиң белгиси. Бул исти тақўалы, пазыйлетли адамлар қылғаны жақсы.
«…ҳәм оған берекет тилеп дуўа қылып, маған берди»
.
«ҳәдис ҳәм турмыс» китабынан
🍁
🍂
🍁
🍂
🍁
🍂
🍁
🍂
🍁
🍂
🍁
🍂
🍁
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
https://t.me/Toqpaq_ata_uz

June 08, 21:03
Media unavailable
1
Show in Telegram

9—ИЮНЬ 2026—ЖЫЛ
МОЙНАҚ РАЙОНЫ НАМАЗ ЎАҚТЫ:
🕌
ТАҢ — 03:30
🕌
ҚУЯШ — 05:22
🕌
ПЕСИН — 13:03
🕌
НАМАЗЛЫГЕР — 18:22
🕌
ШАМ — 20:49
🕌
ҚУПТАН — 22:33
•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•
Каналға ағза болыў:
👇
👉
https://t.me/Toqpaq_ata_uz

June 08, 08:07
Media unavailable
1
Show in Telegram

👉
https://t.me/Toqpaq_ata_uz

June 08, 08:07
Media unavailable
1
Show in Telegram

#тəрбия
Қус уясында кɵргенин қылады.
Бул менен биз:
― “Ɵз-ара сиз (ерли-зайыплы)лар ҳəр дайым аўыз биршиликли болың. Бир-бириңизге болған мүнəсибетиңиз жақсы ҳəм жағымлы болсын. Перзентиңиз алдында урыспаң, ҳəттеки айтыспаң да!” демекшимиз!
― Шаңарақта болатуғын ҳəр түрли себебсиз жəнжеллер, ɵз-ара келиспеўшиликлер перзентиңизге:
- руҳыйлық жақтан сыныўына
- ɵмирге болған қызығыўшылығының сɵниўине
- оның қаттықол болыўына
- тəрбиясыз болып қалыўына
- сɵйлеў мəдениятында кемшиликлер жүзеге келиўине ҳəм басқа унамсыз жағдайлар ҳəм əдетлер келип шығыўына себеп болып қалыўы мүмкин.
Перзентиңизди ҳəр дайым жақсы ис ҳəм əмеллерди қылыўға үйретиң.
Бизди социаллық тармақларда
бақлап барың!
👉
Telegram каналымыз:
https://t.me/Toqpaq_ata_uz