Выберите регион
и язык интерфейса
Покажем актуальные для региона
Telegram-каналы и возможности
Регион
avatar

IYMAN.UZ | Рәсмий канал

iman_nur
Қарақалпақстан Мусылманлары қазыяты, Шымбай районы "ХАН" жаме мешитиниң телеграм каналы.
Подписчики
2 241
24 часа
-2
30 дней
-50
Просмотры
472
ER
21,06%
Посты (30д)
100
Символов в посте
1 125
Инсайты от анализа ИИ по постам канала
Категория канала
Религия и духовность
Пол аудитории
Женский
Возраст аудитории
35-44
Финансовый статус аудитории
Средний
Профессии аудитории
Образование
Краткое описание
October 26, 16:31
Файлы недоступны
1
Открыть в Telegram

#namaz_waqıtları
Шымбай районы ўақты  менен
27-октябрь күнги намаз ўақытлары
.
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
Telegram
|
Instagram
|
Youtube
|
Facebook

October 26, 13:26

БАСҚА ҚЫЙЫНШЫЛЫҚ ТҮСКЕНДЕ ҲӘМ ҚАРЫЗДАР БОЛҒАНДА ОҚЫЛАТУҒЫН ДУЎА
#Ҳәдис
Әбиў Саъид разыяллаҳу анҳу айтты:
«Бир күни Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мешитке кирген еди, бирден ансорлардан Әбиў Умама деген адамды көрип қалды. Сонда ол:
«Ҳәй Әбиў Умама! Мешитте намаз ўақтынан басқа ўақытта отырғаныңды көрип турманба?»
деди. «Аўа, я Аллаҳтың Расулы!», – деди.
«Саған Аллаҳ ғамларыңды кетиретуғын ҳәм қарызларыңды үзетуғын кәлиймаларды үйретейинбе?»
деди. «Аўа, я Аллаҳтың Расулы!» деди. Сонда Расулуллаҳ:
«Таң атқанда ҳәм кеш болғанда:
اللَّهُمَّ إِنِّي أَعُوذُ بِكَ مِنَ الهَمِّ وَالحَزَنِ وَأَعُوذُ بِكَ مِنَ العَجْزِ وَالكَسَلِ وَأَعُوذُ بِكَ مِنَ الجُبْنِ وَالبُخْلِ وَأَعُوذُ بِكَ مِنْ غَلَبَةِ الدَّيْنِ وَقَهْرِ الرِّجَالِ
«Аллаҳумма инний әъуўзу бийкә минәл ъажзи ўәл кәсәл, ўә әъуўзу бийкә минәл жүбни ўәл бүхл, ўә әъуўзу бийкә мин ғоләбәтид-дәйни ўә қоҳрир-рижәәл».
«Аллаҳым! Сеннен ғам басыўы, кеўилсизлик, күшсизлик ҳәм ериншекликтен пана сорайман! Қорқақлық, сықмарлық, қарызға батыў ҳәм адамлардың үстем келиўинен пана сорайман!» деп айт
–
деди. Сондай қылдым, нәтийжеде Аллаҳ ғамымды кетирди ҳәм қарызымды төлеўге жәрдем берди
»
.
(Имам Әбиў Даўыд рәўияты).
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
Telegram
|
Instagram
|
Youtube
|
Facebook

October 26, 05:55

АТА-АНАҒА ЖАҚСЫЛЫҚ
#ақыйда
❓
1073-СОРАЎ: Ата-ана қайтыс болғаннан кейин де олардың ҳақына жақсылықлар ислеп турса бола ма? Қандай әмеллер қылсам оларға буның саўабы жетип барып турады?
💬
ЖУЎАП:
Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.
Ислам дининде ата-анаға жақсылық етиў тек ғана олардың тири ўақтында шекленип қалмайды. Ал, перзент ушын ата-анаға олардың қайтыс болғанынан кейин де жақсылық қылыў мүмкиншиликлери бар. Сондай-ақ, бул жақсылықлардың саўабы олардың ҳақына жетип турады.
عَنْ أَبِي أُسَيْدٍ قَالَ: كُنَّا عِنْدَ النَّبِيِّ صَلَّى اللهُ عَلَيْهِ وَسَلَّمَ فَقَالَ رَجُلٌ: يَا رَسُولَ اللهِ، هَلْ بَقِيَ مِنْ بِرِّ أَبَوَيَّ شَيْءٌ بَعْدَ مَوْتِهِمَا أَبَرُّهُمَا؟ قَالَ: نَعَمْ، خِصَالٌ أَرْبَعٌ: الدُّعَاءُ لَهُمَا، وَالْاِسْتِغْفَارُ لَهُمَا، وَإِنْفَاذُ عَهْدِهِمَا، وَإِكْرَامُ صَدِيقِهِمَا، وَصِلَةُ الرَّحِمِ الَّتِي لَا رَحِمَ لَكَ إِلَّا مِنْ قِبَلِهِمَا. رَوَاهُ الْبُخَارِيُّ فِي الْأَدَبِ
Абу Усайд разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: "Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның қасында едик. Бир адам: "Я Расулуллаҳ! Мен ушын ата-анама олар дүньядан өткеннен кейин ислейтуғын жақсылық қалды ма?" - деп сорады. Ол: "Аўа! Төрт нәрсе қалды: Оларға дуўа қылыўың, оларға истиғфар айтыўың, екеўинен кейин олардың ўәделерин орынлаўың ҳәм екеўи тәрепинен саған туўысқан болғанларға силаи раҳм қылыўың", - деди"
Имам Бухарий "Адаб"та рәўият қылған.
عَنِ ابْنِ عَبَّاسٍ، أَنَّ رَجُلاً قَالَ : يَا رَسُولَ اللهِ، إِنَّ أُمِّي تُوُفِّيَتْ وَلَمْ تُوصِ، أَفَيَنْفَعُهَا أَنْ أَتَصَدَّقَ عَنْهَا ؟ قَالَ : نَعَمْ .
Ибн Аббас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: "Бир адам: "Я Расулуллаҳ! Анам қайтыс болды. Ўәсият етпеди. Оның атынан садақа берсем бола ма?" - деди. Ол: "Аўа", - деди".
Имам Насаий рәўияты.
Демек, усы ҳәдислерге муўапық перзент қайтыс болған ата-анасының ҳақына төмендеги жақсылықларды қылыўы мүмкин:
1. Ата-ананың ҳақына дуўа қылыў;
2. Аллаҳ тааладан олардың гүналарын кешириўин сораў;
3. Олардың ўәделерин орынлаў;
4. Ата-ананың дослары ҳәм туўысқанларын ҳүрмет етиў ҳәм оларды зыярат етип турыў;
5. Олардың атынан қайыр-садақалар қылыў.
Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтўа орайы.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
Telegram
|
Instagram
|
Youtube
|
Facebook

October 25, 17:39
Файлы недоступны
1
Открыть в Telegram

#namaz_waqıtları
Шымбай районы ўақты  менен
26-октябрь күнги намаз ўақытлары
.
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
Telegram
|
Instagram
|
Youtube
|
Facebook

October 25, 10:17

Сәлмен атаның ҳәрекетлери менен сондай динсизлер ҳәкимиятты ийелеп турған өте қыйын заманның өзинде Қарақалпақстанның Шымбай, Хожели ҳәм Төрткөл қалаларында бир мешиттен, жәми үш мешит ашылды.
1951-жылы Түркстан трибунасы тәрепинен қамаққа алынды ҳәм 1952-жылы Нөкис қаласында тергеў ўақтында қайтыс болды.
Сәлмен ийшан дин ҳәм халық хызметинде жүдә көплер хызметлер қылған. Қарақалпақстандағы 50-жыллардың өзинде төрт талабаны Раҳматуллаҳ Идрис улы, Кеўлимжай Жамаладдин улы, Ўәйис Алауддин улы, Латийф Бекполат улын Бухарадағы «Мир Араб» медресесинде оқыўға жиберген ҳәм оларды тәминлеген. Екинши жәҳән урысынан кейинги жылларда көп хожалықларға жәрдем берген ҳәм жетим-жесирлерди қолынан келгенше азық-аўқатлар менен тәминлеген. Сәлмен ийшанның бундай қайырлы ислери динсизлер ҳүкиметине жақпаған, нәтийжеде Сәлмен ийшанды жасларды мәмлекетке қарсы қайрап атыр деген гәп пенен қамаққа алған. Сәлмен ийшанның биринши суды ашық ҳалда, халық арасында, даланың өзинде Шымбай қаласында болған. Бул судқа қатнасқан Шымбай районы П Сейитов аўыл пуқаралар жыйынында жасаған 2016-жылы қайтыс болған Жақсылық ата былай деп айтып берген еди: «Сәлмен ийшанды Шымбайда ашық суд қылды, судқа көпшилик қатнасты. Сәлмен ийшанға жасларды мәмлекетке қарсы қайрап атырсаң деп айып қойған екен, бирақ ол киси бул айыпты тән алмады ҳәм былай деди: «Мен тек ғана жетим-жесирлерге жәрдем берип атырман», деди. Динсизлер еки адамды таярлап қойған екен, олар жалғаннан Сәлмен ийшанға қарсы гүўалық берди. Сонда ҳәммениң алдында суд ўақтында Сәлмен ийшан жалғаннан гүўалыққа өткен еки адамға: «Сизлер ҳақыйқатында да мен оларды мәмлекетке қарсы қайрап атырғанымды көрдиңиз бе?», деп сорады. Олар: «Аўа, бизлер көрдик», деп бети белдей жуўап берди. Суд таўсылғаннан бундай уламаға қарсы жалғаннан көрмеген нәрсесин көрдим дегени ушын бул жалғаннан гүўалыққа өткен еки адамның көзи көрмей қалды».
Сәлмен ийшан кәрамат ийеси болған. Бул бойынша халық арасында жүдә көп ҳәдийселер айтылады. Солардан, Сәлмен ийшан қамақта ўақтында бес ўақыт намаз оқыў ушын таҳәрат алмақшы болса, қамақ есиклери ашылып кетеди екен, Сәлмен ийшан намаз ушын таҳәрат алып, қайтып келеди екен. Бул ўақыя қамақхана баслығына жеткенде, қамақхана баслығы, онда өзим сақшылыққа турып көрейин деген, қамақхана баслығы сақшылыққа турғанда да бул ўақыя болған, сонда қамақхана баслығы сақшыларға: «Бул кисиге жақсы мүнәсибетте болың», деп айтқан екен.
Сәлмен ийшанды суд қылғанда бир неше жыл қамақ жазасы тайынланған. Сонда Сәлмен ийшан судяға: «Мен бунша жыл жасаўым анық емес, қалғаны мойнымда қалып кетеди», деген екен. Ҳақыйқатта Сәлмен ийшан қамақта көп отырмастан 1952-жылы ақыретте рихлат етти.
1952-жылы Сәлмен ийшан қайтыс болғаннан кейин шығарып көмип таслаўға буйрық болды. Бирақ Сәлмен ийшанның кәраматын көрген НКВД хызметкерлери ишинде инсаплы биреўи ол кисиниң денесин алып шығып, жақын ағайини, Раҳматуллаҳ махдумды шақырды ҳәм ол кисиге Сәлмен ийшанның денесин жасырын тәризде берип жиберди. Раҳматуллаҳ махдум Сәлмен ийшанды Нөкис қаласының шетине жерледи.
Сәлмен ийшан жерленген жерде ҳәзирги ўақытта үлкен қәбирстан бар.
Сәлмен ийшанның Рукнуддин деген жалғыз баласы болып, ол 1942-жылы екинши жәҳән урысына кеткен ҳәм бир жылдан кейин шейит болған. Сәлмен ийшанның Бийбисара деген жалғыз қызы қалған.
Сәлмен ата ҳаққында толығырақ мағлыўматты Өтеўлийевтиң «Ҳүждан ҳүкими», Әбдимуратовтың «Репрессияға ушырағанлар», Ш. Бабашевтиң «Дөҳмет дегиши», Алламберген Дәўлетмуратовтың «Сәлмен ийшан» атлы китапларынан алыўыңызға болады.
https://t.me/iman_nur

October 25, 10:16
Файлы недоступны
1
Открыть в Telegram

мағлыўматлар
Сәлмен ийшан Камал улы 1884-жылы Шымбай уезди Қараөзектиң Шахаман аўылында дүньяға келген. Әкеси Камал ахунд илимли киси болған. Анасы Зайнап белгили Қарақум ийшанның генже қызы еди, анасы тәрепинен Қарақум ийшанның ақлығы. Сәлмен ийшан басланғыш тәлимди әкесинен алды. Кейин Қарақум медресесинде оқып илим алды. Қарақум ийшан медресесин тамамлап кейин Хийўадағы «Шерғазыхан» медресесинде оқыған. Тәлим алып өз журтына қайтып келгеннен кейин Шымбай қаласындағы «Хан» мешитинде имам хатип болып ислеген.
1943-жылы Орта Азия ҳәм Қазақстан Мусылманлары басқармасы дүзилгенде Сәлмен ийшан ҳәм Аллаҳназар ахунд Орта Азия ҳәм Қазақстан мусылманлары басқармасы қурылтайында Қарақалпақстанның атынан қатнасты. Қурылтайда Сәлемен ийшан Шайх Ийшан Бабахан тәрепинен Орта Азия ҳәм Қазақстан Мусылманлары басқармасының Қарақалпақстандағы ўәкили сыпатында тайынланды.
Динсизлер дүзими орнағаннан кейин Қарақалпақстандағы бәрше медреселер ҳәм мешитлер жаўып, бузып тасланған еди.
Даўамы бар...
https://t.me/iman_nur

October 24, 17:28
Файлы недоступны
1
Открыть в Telegram

#namaz_waqıtları
Шымбай районы ўақты  менен
25-октябрь күнги намаз ўақытлары
.
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
Telegram
|
Instagram
|
Youtube
|
Facebook

October 24, 17:12
Файлы недоступны
2
Открыть в Telegram

#Muslim_podcast
📱
🗣
"U ADASHGAN, BU KOFIR" DEYOTGANLAR KIM
❓
🎙
Ekspert: Miftohiddin domla Rojiddinov
–
Andijon shahar bosh imom-xatibi
🎞
To‘liq
👉
FULL HD:
@Muslim_podcast_uz
da ko‘ring!
📝
Mazkur podcast Oʻzbekiston Respublikasi Din ishlari boʻyicha qoʻmitasining 2026-yil 9-sentabrdagi 02-07/7319-sonli xulosasi asosida tayyorlandi.
🥺
Telegram
🛍
Instagram
🤪
Facebook
😍
YouTube
🟢
MUSLIM.PODCAST.UZ
GA
📲
OBUNA BO'LING
✅
VA
ULASHING
🗣

October 24, 04:36

#ўақыя
АЛДАНЫП ҚАЛМА!
Бир адам жолда дийқанға жолықты ҳәм былай деди:
- Ассаламу алайкум!
- Ўа алайкум ассалам! Жол болсын?
- Сыйырыма жем алажақпан, жақын жерде бир сатыўшы бар екен, соның дүканына баратырман.
- Солай ма... олай болса, абайла, алданып қалма!
- Мени ҳеш ким алдай алмайды!
- Айттым қойдым да...
Ол адам сатыўшының дүканына келди. Сәлем әликтен кейин жемниң баҳасын сорады.
Сатыўшы:
- Пәлен сом, - деди.
- Онда маған он килограмм бериң.
Сатыўшы отырған жеринен қозғалмады. Қолы менен дүканның артқы тәрепин көрсетип:
- Мына жаққа өтип, жемнен керегиңди өлшеп ал да, пулын таслап кете бер. Сол жерде тәрези де бар, - деди.
Қарыйдар көрсетилген тәрепке өтип, жем қалтасын тәрезиниң үстине қойып, жем сала баслады, он кило болғаннан кейин қараса, қасында ҳеш ким жоқ екен, саўдагер де отырған жеринен қозғалмаған. Қарыйдар бул жағдайдан пайдаланып, жем қалтасына және бес килограмм қосып, сатыўшыға он килограмм алдым деп алдап, аз пул төлеп кетти.
Қарыйдар артықша жем алғанынан қуўанып кетип баратырса, алдынан бағанағы дийқан шықты:
- Жем алдың ба? – сорады дийқан.
- Аўа, алдым. Сиз алданып қалма, деген едиңиз. Сатыўшы алдаўды билмейди екен, бир жерде отырыўдан басқасын билмейди. Қайта мен оны бапладым, бес килограмм артығы менен жем сатып алдым...
Дийқан ол адамның бетине ашыўланып қарады ҳәм басын шайқап:
-Мен саған айтқан едим ғой, алданып қалыўдан абайла, деп едим ғой...
Негизинде сен алдандың! Арзымаған 5 килограммды деп үйиңдеги қут-берекетти жоқ еттиң, оның үстине сатыўшының гүналарын желкеңе жүкледиң, дозақтан өзиңе орын таярладың.
Жуўмақ:
Бүгин биреўдиң нәрсесин өзине билдирмей алған болсаң, бул сениң пайдаң ямаса утысың емес, ал бул сениң зыян көргениң. Усы исиң себепли үйиңе қут берекет келмей қалады. Аллаҳтың нәзеринен қаласаң. Ҳүжданыңды сатқан боласаң. Арзымаған бир еки нәрсени деп қыяметте қыйыншылыққа түсип қаласаң.
🌐
🌐
🌐
🌐
🌐
🌐
🌐
🌐
🌐
🌐
🌐
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
Телеграм
🟢
Инстаграм
🟢

October 24, 01:24
Файлы недоступны
1
Открыть в Telegram

#namaz_waqıtları
Шымбай районы ўақты  менен
24-октябрь күнги намаз ўақытлары
.
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
Telegram
|
Instagram
|
Youtube
|
Facebook