Select your region
and interface language
We’ll show relevant
Telegram channels and features
Region
avatar

Каракалпак 24

KARAKALPAK24

Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде
@KARAKALPAK24
телеграм каналы арқалы бақлап барың.
📬
Мүрәжат жоллаў:
@kk24bot
📊
Реклама:
@kk24_reklama

Subscribers
105 000
Post views
20 040
ER
18,73%
Posts
43 022
October 29, 05:27
Media unavailable
1
Show in Telegram


Автомобилди ийесинен басқа шахс басқарғанда жәрийма баллары кимге жазылады?
Усы жылы 1-апрельден радарлар да жәрийма балларын жаза баслайды. Онда, өзине тийисли автомобилди басқарыў ушын басқа шахсқа берген мүлк ийелери онлайн тәризде жеке кабинет ашып, автомобилди кимге тапсырып атырғанын көрсетиўи, сол шахс болса автомобилди басқарыў ушын қабыл етип алғанын тастыйықлаўы керек.

Егер қабыл етип алыўшы шахс буны тастыйықламаса, жәрийма баллары транспорт қуралының ийеси есабына жазылады (оның айдаўшылық гүўалығы болған жағдайда).

Егер қабыл етип алыўшы шахс буны тастыйықламаса, сондай-ақ, транспорт қуралының ийесинде айдаўшылық гүўалығы болмаса, бундай транспорт қуралларында исленген қағыйдабузарлықлар ушын есапланатуғын жәрийма балларының жыйындысы 12 баллдан артқанда, жәрийма майданшасына жайластырыў арқалы ўақтынша иркип турылады.
👉
@Karakalpak24

October 29, 04:40
Media unavailable
1
Show in Telegram

😴
Уйқыңыз келмей атырма? Онда бадам жең! Не ушын бадам уйқы таблеткалары орнын баса алады?
Бириншиден
, ол тойымлы, мазалы ҳәм уйқыдан алдын асқазан ушын аўырлық етпейди.
Екиншиден
, бадамда уйқы гормоны болған мелатонин көп.
Үшиншиден
, оны пайдаланыў кортизол дәрежесин төменлетеди. Түнги дем алыў сапасына унамлы тәсир етиўи илимий тәжирийбелер менен тастыйықланған.
Илимпазлардың усынысларына бола, жатыўдан бираз алдын 30 грамм бадам жеў мақсетке муўапық.
👉
@Karakalpak24

October 29, 04:20

Жаңа оқыў жылынан 9-класс питкериўшилери техникумларда бийпул оқыйды, дуал билимлендириў кеңийеди
"Профессионал билимлендириў системасында реформаларды әмелге асырыў илажлары ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-316-санлы, 23.10.2025 ж.) қабыл етилди.
Қарарға муўапық, 2030-жылға шекем 9-класс питкериўшилериниң техникумлар менен қамтып алыныўы 29 проценттен 50 процентке, дуал билимлендириў (жумыс орнында оқытыў) үлеси болса 9 проценттен 40 процентке жеткериледи.
Кәсипке бағдарлаў системасы
2026-жылдан баслап мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринен баслап оқыўшыларды кәсип таңлаўға бағдарлаў системасы енгизиледи.
2028-жылдан 9-класс жуўмақлаўшы имтиханларының нәтийжесине бола оқыўшылар техникумларға жибериледи.
Муғаллим ҳәм усталарды қоллап-қуўатлаў
2026-жылдан өндирислик билимлендириў усталарының мийнет ҳақысы биринши маманлық категориясына ие муғаллимлер дәрежесине теңлестириледи.
2026-жыл 1-сентябрьден 9-класс питкериўшилери техникумларда толық мәмлекетлик бюджет есабынан оқыйды, 11-класты питкерген талабанлар болса төлемли-коньтракт тийкарында оқыйды.
👉
@Karakalpak24

October 29, 04:10
Media unavailable
1
Show in Telegram


1-ноябрьден нелер өзгереди?
2025-жыл 1-ноябрьден баслап Өзбекстан нызамшылығында жүз беретуғын айырым өзгерислер.
▪️
Жумыссызлық напақасын төлеў шәртлери өзгереди;
▪️
Пенсионерлерге, ҳәмиледар ҳаялларға ҳәм үш жасқа толмаған баласы менен келген пуқараға мәмлекетлик хызметлерден нәўбециз пайдаланыў бойынша жеңиллик бериледи;
▪️
Автомобилге газ баллон орнатылғаннан кейин техпаспорт алмастырылмайды;
▪️
Мәмлекетлик ЖООлары студентлерине айлық ижара төлеминиң бир бөлегин қайтарыў бойынша Бирден-бир портал арқалы мүрәжат етиў имканияты жаратылады;
▪️
Ҳәкимликлер жанындағы еркинен айырыў орынларынан азат етилген шахсларды реабилитациялаў ҳәм социаллық бейимлестириў орайлары жумысы сапластырылады;
▪️
Өткериў пунктлери арқалы ҳәрекетленип атырған жолаўшыларға қолайлық жаратыў мақсетинде жолаўшы бажыхана декларациясының мобил қосымшасы әмелиятқа енгизиледи.
👉
@Karakalpak24

October 29, 04:02
Media unavailable
1
Show in Telegram

Qaraózekliler, bizdi kútińler!
29
-oktyabr kúni Qaraqalpaqstan Respublikası Qaraózek rayonında jańa ISENIM dúkanı ashılmaqta. Hámmeni mirát etemiz!
10
:
00 de - saltanatlı ashılıw máresimi.
11:00de - dúkan esikleri ashılıwı
❗️
️Tek ǵana ashılıw kúni - 40% shekem shegirmeler!
Jaqınlarıńız benen keliń hám bayram keypiyatın birgelikte seziń.
Mánzil: Qaraózek rayonı, Garezsizlik MPJ Berdaq kóshesi, 65-jay.  Baǵdar: Mega sawda kompleksi
💚
ISHONCH — Háyattı házirden baslań!
Tolıq:
📞
+998735152222
🤖
@ishonch_chatbot
#реклама

October 28, 15:21
Media unavailable
1
Show in Telegram

Қарақалпақстанда Микрокредитбанк хызметкерлери қарыйдарлардың дерлик 10 млрд сўм аманат пулларын өзлестирип жибергени айтылмақта
Микрокредитбанк Төрткүл банк хызметлери орайының 14 хызметкерине жынаят иси қозғатылған. Олар 17 адамның аманатқа қойылған жәми
9 млрд 577 млн сум
пулын талан-тараж еткенликте гүманланбақта.
Жәбирлениўшилерден бири
Kun.uz
бенен байланысып, жыллар даўамында сырт елде ислеп тапқан пулын аманатқа қойғанын, суд зыянды өндириўди банкке емес, судланыўшыларға қаратыўынан қәўетерде екенин
билдирди
.
👉
@Karakalpak24

October 28, 15:10
Media unavailable
1
Show in Telegram

❗️
Быйылғы гүз-қыс мәўсиминде электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ баҳалары асырылмайды
Бул ҳаққында енергетика министри Жўрабек Мирзамаҳмудов мәлим етти, деп
хабар береди
ӨзАның хабаршысы.
👉
@Karakalpak24

October 28, 15:00
Media unavailable
1
Show in Telegram

⭐️
КѲРИЎ ҚӘБИЛЕТИНИҢ БАРЛЫҚ МАШҚАЛАЛАРЫ ШЕШИМИ
❗️
🏥
«Medical centre» клиникасында 31-октябрь ҳәм 1-ноябрь
күнлери
Ташкент қаласынан кѳп жыллық тәжирийбеге ийе
офтальмолог шыпакер Назокат Юсупованың
ѳзи келип операциялар ѳткереди.
👩‍⚕️
Шыпакер өз мирәти даўамында:

блефаропластика
- қабақлардағы артықша тери ҳәм грыжаларды алып таслаў;

катаракта
- булдырап кѳриў;

птеригиум
- кѳз ағындағы артықша тоқымалар;

глаукома
- глазной давление;

диабетик ретинопатия - қантлы диабеттиң көзге тәсир етиўи

миопия
- узақты булдырапкөриў;
🤕
Бул машқалалар жоқары технологиялы
лазер жәрдеминде заманагѳй усыллардағы
операциялар арқалы емленеди.
🩺
Шыпакердиң ис-тәжрийбеси ҳәм жумыс барысын инстаграмм арқалы кѳриў:
📱
dr.nozi
📍
Мәнзил
:
Нѳкис қаласы, А.Досназаров кѳшеси 8А жай.
📍
Бағдар
:
Әмиўдаря бассейни.
📱
Телефон
: +998 55-103-03-03
📱
Телеграм
📱
Инстаграм
#реклама

October 28, 14:43
Media unavailable
1
Show in Telegram

⚡️
Қарақалпақстанда үйин сатып, қызын емлетпекши болған ҳаялдың перзенти бийпул емленди
Қарақалпақстанлы Арай Орынбаеваның перзенти Айгерим Хожанова 1 жасында жүрек пороги менен аўырған. Арадан ўақыт өтип, шыпакерлер қыздың жүрегиндеги тесик үлкейип атырғанын анықлаған.
Буннан соң ана перзентин емлетиў мақсетинде үйин де сатпақшы болған. Бирақ, жақынлары арқалы Қарақалпақстан медицина институты клиникасында Ташкент қаласынан келген қәниге шыпакерлер балаларды бийпул емлеп атырғаны ҳаққында еситип, қызын усы жерге алып келген.
«Қызым операциядан жақсы шықты, жүрегиндеги тесик лазер жәрдеминде жабылғанын айтты», – дейди ана.
👉
@Karakalpak24

October 28, 13:02
Media unavailable
1
Show in Telegram

ҚМУ жатақханасында келип шыққан өрт бойынша мағлыўмат
Социаллық тармақларда бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студентлер турақ жайында өрт келип шыққаны ҳаққында хабар тарқалды.
Бүгин саат 23:40 шамасында университеттиң 9-санлы студентлер турақ жайының биринши қабатындағы 11-сексияға кириў орнында жақтыландырыўшыға (плафон) келип турған электр сымларында қысқа тутасыў жүз берген болып, өрт келип шығыўының алдын алыў мақсетинде студентлер турақ жайы жуўапкерлер тәрепинен өрт өшириў қурылмасы (огнетушител) жәрдеминде өз ўақтында сапластырылған.
Ҳәдийсе ақыбетинде ҳеш қандай өрт жүз бермеди, жәбирленгенлер болмады.
ҚМУ баспасөз хызмети
👉
@Karakalpak24