
Каракалпак 24
Өзбекстанлылар
Рамазан ҳайыты ҳәм Наўрыз байрамы мүнәсибети менен избе-из 4 күни дем алады
📌
5 күнлик жумыс ҳәптеси ушын:
🔹
20-март – Рамазан ҳайыты;
🔹
21-март – Наўрыз;
🔹
22-март (екшемби) – дем алыс;
🔹
23-март (дүйшемби) – көширилген дем алыс күни;
🔸
24-март (сийшемби)
– жумыс күни.
📌
6 күнлик жумыс ҳәптеси ушын:
🔹
20-март – Рамазан ҳайыты;
🔹
21-март – Наўрыз;
🔹
22-март (екшемби) – дем алыс;
🔸
23-март (дүйшемби)
– жумыс күни
Мағлыўмат ушын быйыл Өзбекстанда Рамазан ҳайыты 20-март күни белгилениўи күтилмекте.
️
👉
@Karakalpak24
Түркменстанда шыққан өрт Қарақалпақстан аспанында көринди
Социаллық тармақларда Қарақалпақстанның Әмиўдәря ҳәм Төрткүл районларынан көринип атырған ири түтин сәўлеленген видеолар кең тарқалмақта.
Көпшилик бул өрт бизиң аймақта жүз берип атыр ма, деп қәўетерге түскен.
Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасының хабар бериўинше, бул өрт Өзбекстан аймағында жүз бермеген. Өрт ошағы қоңсылас Түркменстан аймағындағы шегара алды майданларында жүз берген делинеди
хабарда
.
👉
@Karakalpak24
❗️
«Open budget»
мәселесинде Мәмлекетлик мийнет инспекциясы ескертпекте
"Open Budget"те мәжбүрий даўыс бериў ямаса жыйнаўға мәжбүрленип атырған болсаңыз, дәрҳал
1176
номерине хабарласың. Бундай жағдай мийнет нызамшылығына қайшы болып, айыпкерлерге
БЕМниң 50 есесинен 100 есесине шекем
жәрийма салынады.
Мәжбүрий даўыс жыйналғаны анықланса, жойбар "Басламалы бюджет"тен шетлетилинеди ҳәм жуўапкершиликке тартылады.
👉
@Karakalpak24
МҚХ Call-орайы иске түсти
Өзбекстан Республикасының "Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳаққында"ғы Нызамына муўапық, МҚХ ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын жедел түрде қабыл етиў мақсетинде Call-орай жумыс
баслады
.
☎️
Call-орайға
1520
қысқа номери арқалы қоңыраў етиў мүмкин.
✅
Атап айтқанда, төмендеги мәселелер бойынша мүрәжатлар қабыл етиледи:
➖
Өзбекстан Республикасының коньституциялық дүзими, суверенитети ҳәм аймақлық пүтинлигине болған ҳүжимлер ҳаққында;
➖
Мәмлекет шегарасының қорғалыўы ҳәм қорғалыўына болатуғын қәўиплер;
➖
Қураллы Күшлер ҳәм қоргаў-санаат комплексинде мәмлекет қәўипсизлигине болатуғын қәўиплер;
➖
терроризм, екстремизм, шөлкемлескен жынайый топарларға тийисли;
➖
қурал-жарақ, нәшебентлик өнимлери ҳәм психотроп затлардың нызамсыз айланысына байланыслы жынаятлар ҳаққында;
➖
мәмлекет мәплерине қәўип туўдыратуғын коррупция ҳәм экономикалық жынаятлар бойынша;
➖
миллий, етникалық ҳәм диний қарама-қарсылықты үгит-нәсиятлаў;
➖
мәмлекет мәплери ҳәм қәўипсизлигине қәўип туўдырыўшы ҳуқықбузарлықлардың ислениўине байланыслы басқа да мағлыўматлар.
Соның менен бирге, Жынаят-процессуал кодексиниң 345-статьясында белгилеп қойылған ҳәм тергеўи МҚХ ўәкиллигине киргизилген Жынаят кодексиниң 150-163, 182, 223, 246-статьяларында нәзерде тутылған жынаятларға байланыслы мәселелер бойынша мүрәжатлар қабыл етиледи.
Ҳүрметли пуқаралар
, еслетип өтемиз "Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында"ғы Нызамның 38-статьясына тийкарланып, усы нызамды бузыўшылық, сондай-ақ, дөҳмет ҳәм ақиретлеўден ибарат мүрәжат бергенлик белгиленген тәртипте жуўапкершиликке себеп болады.
Әзиз ўатанласлар әтирапыңызда болып атырған нызамбузыўшылықларға бийпәрўа болмаң, 1520 номерине қоңыраў етиң
.
Мүрәжат еткен пуқаралардың шахсы сыр сақланыўы кепилленеди. Умытпаң! Ўатанымыздың тынышлығы ҳәм татыўлығын сақлаўда ҳәр бир пуқараның қатнасыўы әҳмийетли есапланады.
👉
@Karakalpak24
❗️
Хожели районы ҳәкимшилик хызметкери пара менен усланды
Қарақалпақстанның Хожели районында ҳәкимшилик ҳәм ветеринария бөлиминиң бас қәнигелери 41,6 гектар жер майданын мәмлекетлик резервке қайтармастан исбилермен атына рәсмийлестирип бериў есесине 3 мың доллар алған ўақтында
усланған
.
Жағдай бойынша жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
👉
@Karakalpak24
❗️
Бүгин метан заправка саат 12:00 ден баслап 16:00 ге шекем ислейди.
👉
@Karakalpak24
Ҳаял-қызларға 100 млн сўмға шекем гиреўсиз кредит бериледи
Президент қарарына тийкар, 2025-жыл 1-майдан баслап:
Жақсы кредит тарийхына ийе болған ҳаял-қызлар енди
100 млн сумға шекем гиреўсиз кредит
алыў имканиятына ийе болады.
✅
Кредит шәртлери:
🔹
Муғдары
: 100 млн сўмға шекем
🔹
Гиреў талап етилмейди.
🔹
Мақсет
: Исбилерменлик жумысын жолға қойыў ҳәм раўажландырыў.
🔹
Әсбап-үскенелер ушын кепилликти Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы АЖ береди.
Қосымша имканиятлар:
"HAMROH" бағдарламасы шеңберинде - "жасыл технологиялар" ҳәм IТ тараўларындағы жойбарларға, сондай-ақ, 5 ҳаял-қызды исбилерменликке үйреткен устазларға 50 млн сумға шекем грантлар ажыратылады.
❓️
Кимлер ушын?
➖
Унамлы кредит тарийхына ийе ҳаяллар;
➖
Исбилерменликти баслаў ямаса кеңейтиўди қәлеўшилер.
✅
Мағлыўмат ҳәм арза ушын
:
▪️
Мәҳәллеңиздеги ҳәким жәрдемшиси;
▪️
Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы АЖ.
👉
@Karakalpak24
Студентлерге алдаўшылар тәрепинен "контракттен қарыздарлығыңыз бар" мазмунындағы фейк хабарлар жиберилмекте
Мәмлекетлик университети студентлерине алдаўшылар тәрепинен түрли телеграм номерлер арқалы "Контракттен қарыздарлығыңыз бар," мазмунындағы фейк "қосымшалар" жиберилмекте.
Алдынырақ, жеке меншик университет студентлерине де алдаўшылар тәрепинен түрли телеграм ҳәм SMS арқалы "
Контракттен қарыздарлығыңыз бар, карта номерге өткериң!,
" "
Семестрди жабыўымыз керек
" мазмунындағы фейк хабарлар жиберилген еди.
️
Мағлыўмат орнында, ҳеш бир жоқары оқыў орнында контракт ушын пул картага өткерилмейди.
Өзбек тилинде оқыў
️
👉
@Karakalpak24
📦
Yandex Market Nókis hám Taxiyatashta!
🌟
Onlayn sawda endi jaqın hám qolaylı! Punktler ashıldı!
🥳
📍
Mánziller:
• Qaraqalpaqstan kóshesi, 10B (IT Park qasında)
• Ózbekstan prospekti, 20 (108-burılıs)
• A. Dosnazarov kóshesi, 32 (Grand Lavash)
• 22-mkr, 8/15 (Vokzal, Taxiyatash stoyanka)
•
Taxiyatash r.:
Avtokassa
Artıqmashlıqlar:
💳
Yandex Split — tólemdi bólip tólew. Payızsız hám tez!
🛍
✅
Biypul jetkerip beriw – qolay waqıtta kelip alıń!
✅
Kiyip kóriw ushın kabinalar – ólshep kórip, keyin sheshim qabıllaysız.
✅
Ańsat qaytarıw – unamasa, sol jerde qaytarıń.
✅
Dem alıssız — 09:00-den 21:00-ge shekem.
🕘
Sawdańız bereketli bolsın!
🤝
🛍
📢
@MarketYandexGONukus
📢
@MarketYandexGOTaxiyatash
#реклама
❗️
Ертеңнен баслап метан заправкалар басқышпа-басқыш ашылады
Ертең 14-март сәнесинен баслап
метан заправкалар басқышпа-басқыш
әдеттегидей 24/7 режимде жумыс ислеп баслайды.
Газ толтырыў шақапшаларының жумыс ўақты бойынша қосымша мағлыўмат бериледи.
👉
@Karakalpak24