
Каракалпак 24
Қарақалпақстан ушын өз алдына және бир тарийхый қарар қабыл етилди
Ҳүрметли Президентимиздиң
«Қарақалпақстан Республикасында арнаўлы майнинг зонасын шөлкемлестириў ҳәм оның жумысын жолға қойыў ис-илажлары ҳаққында»ғы
143-санлы қарары
қабыл етилди
.
Қарар менен:
«Besqala mining Valley»
арнаўлы майнинг зонасы шөлкемлестириледи. Бунда:
-
арнаўлы зонаның аймағы Қарақалпақстан Республикасының пүткил аймағы
болып есапланады;
Арнаўлы зона шеңберинде төмендегилерге руқсат бериледи:
-
майнингти әмелге асырыў ушын бирден-бир электр энергетика системасынан ҳәм барлық түрдеги қайта тиклениўши энергия дәреклеринен, сондай-ақ, водород электр станциясында ислеп шығарылған электр энергиясынан пайдаланыўға
;
-
майнинг нәтийжесинде алынған крипто-активлер белгиленген тәртипте миллий крипто-биржалар ямаса сырт ел платформалары арқалы, соның ишинде, тиккелей шәртнамалар тийкарында сатылыўына ҳәм (ямаса) оларды басқа ликвидли крипто-активлерге алмастырыўға
;
-
майнинг нәтийжесинде алынған (соның ишинде, басқа ликвид крипто-активлерге алмастырылған) крипто-активлерди сатыўдан түскен түсимди мәжбүрий түрде Өзбекстан Республикасындағы банклердиң есап бетлерине өткериўге
;
- Тек ғана Қарақалпақстан Республикасы аймағында мәмлекетлик дизимнен өткен ҳалда жумыс алып барып атырған юридикалық шахслар резидент болыўына;
- Резидентлерге майнингти әмелге асырыў нәтийжесинде пайда болатуғын ыссылық энергиясы есабынан аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларында белгиленген тәртипте ыссыханалар шөлкемлестириўге
руқсат берилмекте.
Министрлер Кеңесиниң шөлкемлестириўинде
ЖШЖ түринде
«Besqala mining Valley» арнаўлы майнинг зонасының дирекциясы
»
шөлкемлестириледи
ҳәм
Дирекция тәрепинен
арнаўлы зона қатнасыўшылығына
талабанларға резидент статусы бериледи
.
2035-жыл 1-январьға шекем
резидентлердиң
майнинг жумысын әмелге асырыў менен байланыслы
операциялардан алынған дәраматлары салықлар ҳәм жыйымлардан азат етиледи
.
👉
@Karakalpak24
Жоқарғы Кеңестиң Санаат, қурылыс, транспорт ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитети баслығы сайланды
«Хожели» сайлаў округинен Жоқарғы Кеңес депутаты
Ниязов Исламбек Махсетович
Жоқарғы Кеңестиң Санаат, қурылыс, транспорт ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитети баслығы лаўазымына
сайланды
.
👉
@Karakalpak24
️Бүгин педагоглар ушын ипотека субсидиясына арза қабыллаў басланады
Жоқары маманлық категориясына (бас оқытыўшы лаўазымына) ие педагоглар ушын ипотека кредити бойынша субсидияға арзалар қабыллаў усы жылдың
бүгин саат
14:00
де басланады.
👉
@Karakalpak24
Telegram қарақалпақ тилине аўдарылды
— Түсиникли ҳәм сапалы аўдарма
— Барлық қурылмалар ушын
— Рус тили тийкарында
👉
ҚАРАҚАЛПАҚ ТИЛИНЕ ӨЗГЕРТИЎ УШЫН БАСЫҢ
👉
@Karakalpak24
Қарақалпақстанда ЖТҲне ушыраған айдаўшы машина салонында қалып қойды
18-апрель күни Нөкис қаласындағы автомобиль жолларынан биринде жүз берди. Жол-транспорт ҳәдийсеси нәтийжесинде айдаўшы автомобиль салонында қысылып қалған.
Айрықша жағдайлар бөлими қутқарыўшылары тезлик бенен ўақыя орнына жетип барып, арнаўлы техника жәрдеминде жәбирлениўшини зыянланған транспорт қуралынан саў-саламат алып шықты.
Шыпакерлердиң айтыўынша, айдаўшы аўыр дене жарақатларын алмаған ҳәм ҳәзирде оның жағдайы жақсы.
👉
@Karakalpak24
Қарақалпақстан Республикасы 2026-жылда социаллық-экономикалық раўажландырылады ️
"Қарақалпақстан Республикасын 2026-жылда социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм келеси жылларға мөлшерленген бағдарламаларды тастыйықлаў ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-70-санлы, 21.02.2026-ж.) қабыл етилди.
️Қарарға бола, Қарақалпақстан Республикасын турақлы социаллық-экономикалық раўажландырыўдың тийкарғы мақсетлери етип төмендегилер белгиленди, атап айтқанда:
🔹
2026-жыл жуўмағына шекем:
▪️
жалпы аймақлық өним көлемин 8,1 процентке, санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлемин 8 процентке арттырыў;
▪️
жумыссызлық дәрежесин 4,2 процентке шекем, кәмбағаллық дәрежесин 3,2 процентке шекем төменлетиў, Нөкис қаласы, Қоңырат ҳәм Шымбай районлары ҳәмде 109 мәҳәллени жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтан жырақ аймаққа айландырыў;
🔹
2030-жылға шекем:
▫️
жалпы аймақлық өним көлемин 102,4 трлн сумға, аўыл хожалығы өндирисин 28,9 трлн сумға жеткериў және санаат ҳәм хызметлер тараўында жәми 7,2 млрд АҚШ доллары эквивалентиндеги жойбарларды әмелге асырыў;
▫️
экспорт көлемин 900 млн АҚШ долларына жеткериў.
❌
️Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Экология ҳәм Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары лаўазымы сапластырылады.
✅
Министрлер Кеңеси Баслығының жайлаўлардан нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў, шарўа от-жем базасын беккемлеў ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары лаўазымы киргизиледи.
Урбанизация процесслери жеделлестириледи ️
️
Қарарға бола
,
Қоңырат, Шымбай, Беруний, Бозатаў
ҳәм
Қанлыкөл
районларында шарўа азықлығын жетистириў, сақлаў, қадақлаў қуўатлықларын иске түсириў ҳәм халыққа жеткерип бериў системасы жолға қойылады.
🔸
️
2026-жыл жуўмағына шекем
Беруний
районында жыллық қуўатлылығы 36 мың тонна болған шарўа ҳәм балық азық-аўқатын ислеп шығарыўға мөлшерленген заманагөй Агрокомплекс жойбары иске түсириледи.
🔸
2026 - 2028-жылларда
Қарақалпақстан Республикасында 10 мың гектар жер майданларында шарўа азық-аўқатын жетистириў илажлары көриледи.
🔸
️
Нөкис қаласында
тығылысларды азайтыў мақсетинде
Нөкис қаласы
ҳәм
Тақыятас
районын байланыстырыўшы 2,2 км автомобиль жолы, 1 көпир ҳәмде "Д 234 (4Р176)
" Нөкис - Шымбай - Тахтакөпир
автомобиль жолының 4 км бөлегинде жаңадан жол өткел қурылады.
🔸
Әмиўдәрья
районында 6 мәҳәлле пуқаралар жыйынына 107,1 км ишимлик суў тармағын жаңадан қурыў, улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларының 110,5 км бөлегин, 1 насос станциясын ҳәмде район орайындағы бар локал
ақаба суў тазалаў қурылмасы
реконструкцияланады.
🔸
Шоманай
районында улыўма пайдаланыўдағы "Д 235 (4П177) " автомобил жолының 31 км бөлеги реконструкция етиледи.
👉
@Karakalpak24
❗️
Айырым аймақларда балық аўлаў ўақтынша қадаған етиледи
11-марттан 31-майға шекем
Әмиўдәря ҳәм Сырдәря дәряларында балық аўлаў қадаған етиледи.
Сондай-ақ,
26-апрельден 10-июньға шекем
Қарақалпақстан Республикасы
ҳәм
Хорезм
ўәлаятындағы тәбийғый суў бассейнлеринде де балық аўлаў мүмкин болмайды.
Басқа барлық тәбийғый суў бассейнлеринде болса
16-апрельден 31-майға шекем
балық аўлаў қадаған етиледи.
👉
@Karakalpak24
️
❗️
Өзбекстанда әмелдеги минимал төлемлер
Ҳәзирги күнде тийкарғы социаллық ҳәм финанслық көрсеткишлер төмендегише:
️
➖
Мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары -
1 271 000 сум;
️
➖
Базалық есаплаў муғдары -
412 000 сум;
️
➖
Пенсияны есаплаў базасы -
471 000 сум;
️
➖
Жасқа байланыслы ең кем пенсия -
918 000 сум;
➖
Майыплық пенсиясы (минимал) -
1 012 000 сум;
➖
Майыплық напақасы -
1 012 000 сум;
️
➖
918 000-1 012 000 сум алыўшылар пенсиясы -
1 012 000 сўмға теңлестирилген.
️
➖
Жумыс стажы жетерли болмаған кексе пуқаралар напақасы -
820 000 сум;
➖
Толық болмаған стаж менен пенсия (минимал) -
820 000 сум;
👉
@Karakalpak24
✨
Үйиңизге жаңа мебел алмадыңызба? Олай болса ҳәзир әйне ўақты
✅
Мебел орайы магазининде мебеллерди
РАССРОЧКА
яғный бѳлип тѳлеў хизметинен пайдаланып сатып алсаңыз болады.
✅
Аз ғана ўақыт ишинде
паспорт ҳәм айланыстағы пластик карта арқалы
ѳзиңиз унатқан жаңа мебел ийесине айланыўыңыз мумкин.
✅
Сиз мебеллерди
1-айдан 12 ямаса 24 айға шекем
сатып алыў имкәниятына ийесиз.
Мебел орайы магазининде Сизиң үйиңиз ушын исленген мебеллер Сизди күтпекте.
📍
Мәнзил:
Нөкис қаласы, А. Досназаров көшеси, 8 А.
📞
Байланыс ушын: +99855-108-88-88
Каналымызға ағза болыўды умытпаң:
@MEBEL_ORAYI_NUKUS
#реклама
⭐️
Мастер Шифу
таярлығынан 2025-жыл
1️⃣
7️⃣
шәкирти
Президент мектеби
не кириўге мияссар болды.
🎯
Ишинде сизиң перзентиңизде болыўын қәлесеңиз, ертелеў таярлықты баслаған мақул.
26-апрель
күни
2️⃣
-класс питкериўшилерин таярлыққа қабыллаймыз.
📱
Адрес:
Амир Темур №111/9
Ориентир:
Голубой экран / Хамкор банк
📍
Локация
📱
+998937149091
☎️
+998551097171
👤
Хабарласыў боты
Сапалы билимлендириў-жоқары нәтийжеге жетеклейди
©
Мастер Шифу
✉️
Telegram
📷
Instagram
🌐
Website
#реклама