
Караозек хабарлары
https://gov.uz/oz/qaraozek
https://youtube.com/channel/UCciJD2dexkmrWHcvaonwKDQ
https://www.instagram.com/qaraozek_rayoni_hakimligi?igsh=MW5sNjcyZzB5MnI0NQ==
https://www.facebook.com/profile.php?id=61560591980198
@Qaraozekhakimligi_bot
📣
📣
📣
DÍQQAT! DAǴAZA!
📣
📣
📣
Qaraqalpaqstan Respublikası joqarı oqıw orınları hám Qaraózek rayonı hákimligi menen birgelikte "Áhmiyetli 90 kún" hám "Keleshekke qádem" baǵdarlamaları sheńberinde jaslardıń bos waqıtların mazmunlı shólkemlestiriw, olardı kásipke baǵdarlaw, sociallıq belsendiligin arttırıw hám bántligin támiyinlew maqsetinde "KARERA KÚNI" miynet yarmarkası shólkemlestiriledi!
🗓
Sáne: 2025-jıl 15-iyul
🔜
Baslanıw waqtı: Saat 10:00
🏛
Mánzil: Qaraózek rayonı Mádeniyat sarayı
📱
Geolokaciya:
https
://maps.app.goo.gl/HJTbtsbc75XAXd2k8
Bul ilaj dawamında bos jumıs orınları yarmarkası ótkerilip, qatnasıwshılarǵa túrli tarawlar boyınsha jumıs beriwshiler menen tikkeley sáwbetlesiw, másláhát alıw hám jumısqa ornalasıw imkaniyatı jaratıladı. Jumıs izlep atırǵan barlıq puqaralar, ásirese jaslar, sizdi usı yarmarkaǵa mirát etemiz!
Keleshegińizge qaray birinshi qádemińizdi biz benen birge taslań!
@QaraozekHakimligi
.
#Dıqqat_Tańlaw
Usı jıldıń 11-iyul sánesinen baslap
30-iyul – "Xalıqlar doslıǵı kúni
" múnásibeti menen "
Eń jaqsı qısqa rolik", "Eń jaqsı scenariy", "Eń jaqsı qosıq", "Eń jaqsı súwret" hám de "Eń jaqsı foto toplamı
" tańlawlarına start beredi.
⚡️
Bunda:
👉
"
Eń jaqsı qısqa rolik
" hám "
Eń jaqsı scenariy
" tańlawınıń qatnasıwshıları ózleri tayarlaǵan videorolik hám scenariylerdi Respublikalıq Ruwxıylıq hám aǵartıwshılıq orayı Qaraqalpaqstan bóliminiń social tarmaqtaǵı jeke betine
@n_shinnazarov
;
👉
"
Eń jaqsı qosıq
" tańlawınıń qatnasıwshıları ózleri jazǵan qosıqların Qaraqalpaqstan Jazıwshılar awqamınıń social tarmaqtaǵı jeke betine
@BeknazarErnazarov;
👉
"
Eń jaqsı súwret
" tańlawınıń qatnasıwshıları ózleriniń dóretiwshilik jumısların Ózbekstan Kórkem-óner akademiyası Qaraqalpaqstan bóliminiń social tarmaqtaǵı jeke betine
@Axmet_89
;
👉
"
Eń jaqsı foto toplam
" tańlawınıń qatnasıwshıları ózleriniń dóretiwshilik jumısların Qaraqalpaqstan Respublikası Jaslar isleri agentliginiń social tarmaqtaǵı jeke betine
@seytekov
jiberiledi.
Tańlaw haqqındaǵı barlıq maǵlıwmatlar hám tańlawdıń rejeleri menen Qaraqalpaqstan Respublikası Ministrler Keńesiniń social tarmaqtaǵı
@QResMinistrlerKenesi
telegram kanalı arqalı tanısıwıńızǵa boladı.
Tańlaw jeńimpazların diplom hám qımbat bahalı sawǵalar menen sıylıqlaw nazerde tutılǵan.
Tańlaw rejesi:
Eń jaqsı qısqa rolik
Tańlaw rejesi:
Eń jaqsı scenariy
Tańlaw rejesi:
Eń jaqsı qosıq
Tańlaw rejesi:
Eń jaqsı súwret
Tańlaw rejesi:
Eń jaqsı foto toplamı
ҲҮРМЕТЛИ ПУҚАРАЛАР!!!
👉
www.openbudget.uz
порталынан дизимнен өтиң ҳәм аймағыңыздағы машқалалар бойынша төмендеги жөнелислер бойынша өз усынысларыңызды қалдырың:
-ишимлик суўы ҳәм жақтыландырыў системасы;
-ишки жолларды оңлаў жумыслары;
-мектеп ямаса бақшаларды оңлаў, материаллық техникалық базасын кеңейттириў;
-социаллық объектлерди (емлеўхана, музейлер, китапханалар ҳ.т.б) оңлаў, үскенелеў ямаса материаллық техникалық базасын раўажландырыў;
-улыўмалық пайдаланыўдағы жәмийетлик әҳмийетке ийе басқада объектлерди оңлаў,
-басқада усыныслар (балалар, спорт майданшаларын қурыў, ескирген ақаба суў трубаларын оңлаў..ҳ.т.б).
Усыныс қалдырың.
⚡️
Усыныс қалдырыў 2025-жыл 15-июль сәнесинен 2025-жыл 3-август сәнесине шекем даўам етеди!
Сизди қыйнап атырған машқалаларды шешиўде өзиңизге-өзиңиз жәрдем бериң!
Мурәжәәт ушын:
+99890-652-01- 27
Телеграмм:
➡️
t.me/ashiqbyudjetqaraozekrayoni
#жаңалықлар_бағдарламасы
⚡️
Қараөзек районында нураныйлар арасында спорттың «Мини футбол» түринен жарыс өткерилди.
Спорт жарысы "Жаңалықлар" бағдарламасында.
-------
️
⚡️
Қораўзак туманида нуронийлар ўртасида спортнинг "Мини футбол" тури бўйича мусобақа ўтказилди.
Спорт мусобақаси "Янгиликлар" дастурида.
Қараөзек районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉
@QaraozekHakimligi
Ҳафтанинг энг муҳим воқеалари шарҳи: Ўзбекистон Президенти йўл ҳаракати хавфсизлиги масалаларига бағишланган йиғилиш ўтказди. Пойтахтнинг ўз "Ечимлар атласи" бўлади. Давлат раҳбари Тошкент шаҳридаги янги ижтимоий ва ишлаб чиқариш обектларини кўздан кечирди.
—
Ҳәптениң ең әҳмийетли ўақыяларына шолыў: Өзбекстан Президенти жол ҳәрекети қәўипсизлиги бойынша мәжилис өткерди. Пайтахттың өз "Шешимлер атласы" болады. Мәмлекетимиз басшысы Ташкент қаласындағы жаңа социаллық ҳәм санаат объектлерин көзден өткерди.
—
Обзор важнейших событий за неделю: Президент Узбекистана провел совещание о безопасности дорожного движения. У столицы будет свой “Атлас решений”. Глава государства осмотрел новые социальные и промышленные объекты Ташкента.
—
Weekly review of the most important events: The President of Uzbekistan held a meeting focused on road safety. Tashkent will soon launch its own "Atlas of Solutions". The Head of State inspected new social and industrial developments across Tashkent.
Facebook|
Instagram|
X
🏆
Мини-футбол бойынша "Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубогы" ның Қарақалпақстан Республикалық басқышы
нда, Қараөзек районы спортшылары жеңимпаз болып, Өзбекстан Республикалық басқышына жоллама алды.
Спортшыларымыздың қолға киргизген табыслары менен район ҳәкимлиги атынан қутлықлаймыз ҳәм келеси жарысларында да жеңимпаз бола бериўине тилеклес болып қаламыз!
🔥
Финал
❕
Қараөзек 1:1 Төрткүл
🥅
Пенальтилер сериясы; 4:3
➡
️
@QaraozekHakimligi
21:30 11.07.2025
SOG'LIQNI SAQLASH TIZIMIDAGI KORRUPSION HOLATLAR
#Toshkent
muxbir: Dilfuza Esanova
➡️
@QaraozekHakimligi
Сессия күн тәртибинде өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкалары ҳәм де оларда қурылған имаратлар менен объектлерге болған ҳуқықларды тән алыў туўралы мәселе қарап шығылды.
Атап өтиў орынлы, ҳүрметли Президентимиздиң тиккелей басламасы менен тек ғана Қарақалпақстан ушын 119-санлы арнаўлы Пәрман қабыл етилип усы тийкарда, қала ҳәм районлардағы жәми 27 мың 590 кадастр ҳүжжети болмаған турақ жайларға ийелик етиў ҳуқуқы берилди ҳәм кадастр паспортлары ислеп шығылып, мәмлекетлик дизимнен өткерилди.
Бул ийгиликли жумыслар еле де даўам еттирилип, «Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына ҳәмде оларда қурылған имаратлар ҳәм объектлерге болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының арнаўлы Нызамы қабыл етилди.
Сессияда усы нызам басшылыққа алынып, өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкасына болған ижара ҳуқықы және де оларда қурылған имаратлар менен объектлерге болған мүлк ҳуқықы тән алынып атырған 266 пуқараның дизими сессия қарары менен тастыйықланды.
Каналға ағза болыў:
@joqargikenes
Website|
Telegram|
Instagram|
Facebook|
YouTube
Сессия мәжилисиниң күн тәртибиндеги кейинги мәселе Жоқарғы Кеңес Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў ҳаққында болып, бул мәселе де толық қарап шығылды.
Буннан соң депутатлар тәрепинен арнаўлы қарар қабыл етилди.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң бесинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
Каналға ағза болыў:
@joqargikenes
Website|
Telegram|
Instagram|
Facebook|
YouTube
Тайынлаў
Уббиев Алишер Таиирович – Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры лаўазымына тайынланды.
А.Уббиев тайынлаўға шекем Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги жанындағы Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлигиниң директоры лаўазымында жумыс алып барған.
—
Тайинлов
Уббиев Алишер Таиирович - Ажиниёз номидаги Нукус давлат педагогика институти ректори лавозимига тайинланди.
А.Уббиев тайинловга қадар Ўзбекистон Республикаси Мактабгача ва мактаб таълими вазирлиги ҳузиридаги Ихтисослаштирилган таълим муассасалари агентлиги директори лавозимида фаолият юритган.
Каналға ағза болыў:
@joqargikenes
Website|
Telegram|
Instagram|
Facebook|
YouTube