Select your region
and interface language
We’ll show relevant
Telegram channels and features
Region
avatar

QR SSP Business News

QR_Chamber
Өзбекстан Саўда-санаат Палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы. Мүрәжәәт ушын телефонлар; ☎️ +998(61) 222-15-02 ☎️ +998(61) 222-05-95 ☎️ +998(61) 222-00-58
Subscribers
1 010
24 hours
-11
30 days
Post views
878
ER
0,9%
Posts (30d)
85
Characters in post
766
December 09, 10:00
Media unavailable
4
Show in Telegram

"Ellikqala Oltin Тolasi Klasteri" ЖШЖ текстиль кәрханасы - бос жумыс орынларын усынады!
Қарақалпақстан Республикасы Елликқала районы "Сарабий" АПЖ аймағында жайласқан "Ellikqala Oltin Тolasi Klasteri" ЖШЖ текстиль кәрханасы аймақтағы тигиўшилик қәнигелигине ийе болған 18-45 жасдағы ҳаял-қызларды жумысқа қабыл етеди.
Кәрханада жумыс шараятлары төмендегише:
- жумыс ӯақты 8:00 ден 17:00 ге шекем;
- түслик аӯқаты хам жумысқа қатнаӯ қарежети кәрхана тәрепинен;
- айлық ис ҳақы – исленген жумыс кѳлемине қарап;
- қабыл етилетуғын жумысшылар саны - 150.
Мәнзил: Елликқалъа районы "Сарабий" АПЖ Сарабий көшеси.
Бағдар жайласыў: Елликқалъа районы 1-санлы орта билим бериў мектебиниң касында.
Жумыс ислеӯге қызығыӯшылар ушын кәрхананың байланыс номери:
+99891 588-88-00 (Акбаров Абдулахад)
+99888 644-50-00 (Ходжаниязова Интизар)
🏢
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети

December 09, 07:15
Media unavailable
1
Show in Telegram

Ҳүрметли исбилерменлер!
“ҚАРБАБА БОЛЫҢ” Жаңа жыл қайырқомлық акциясына катнасыӯға мират етемиз!
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы барлық исбилерменлер ҳәм сақаўатлы ўатанласларымызды жаңа жыл алдындағы ийгиликли иске шақырып қалады.
Жаңа жыл – елимизде жақсы нийетлер әмелге асатуғын мәўсим сыпатында жоқары кейпиятта белгиленеди. Сонлықтан биз исбилерменлердиң қәӯендерлиги тийкарында жәрдемге мүтәж шаңарақлар ҳәм майыплығы болған балалар ушын ҳақыйқый байрам саўғасын жаратпақшымыз.
20-28-декабрь күнлери аралығында кем тәмийинленген шаңарақлар ҳәм имканияты шекленген балалар ушын жаңа жыл саўғалары қабыл етиледи.
Тапсырылған ҳәр бир саўға 29-30-декабрь күнлери балаларға тиккелей жеткериледи.
Жаңа жыл акциясында қатнасыӯ ушын Басқарманың тѳмендеги номерлерине байланысып мағлыӯмат алсаңыз болады.
+998 97 984-77-70
Қар баба болың-балаларға ҳақыйқый Жаңа жыл ертегин саӯға етиң!
🏢
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети

December 09, 06:45
Media unavailable
1
Show in Telegram

Янги Қорақалпоғистон – кўпмиллатли тотувликнинг намунаси
Миллатлараро муносабатлар ва хориждаги ватандошлар масалалари бўйича қўмитаси раисининг ахбороти муҳокамасида қорақалпоқ миллати вакили, депутат Руслан Джумамуратов
сўзга чиққанида,
у гапни Қорақалпоғистондан бошлади. Чунки, миллатларо тотувлик муҳитини ушбу ҳудуддаги ҳар бир оила кундалик ҳаётида ҳис қилиб келмоқда.
Бу ерда эътиборли жиҳат: Қорақалпоғистонда фақат қорақалпоқлар эмас, ўзбек, қозоқ, туркман, рус, корейс ва бошқа миллатлар бирга яшаяпти, ишлаяпти. Яъни, “Янги Қорақалпоғистон” деган тушунча ортида кўпмиллатли жамоа, уларнинг меҳнати туради.
Бугун парламентдаги депутатларнинг қарийб 13 фоизини турли миллат вакиллари ташкил этиши, маҳаллий Кенгашларда ҳам 12 фоизга яқин кўпмиллатли таркиб борлиги – Ўзбекистоннинг реал юзи.
Президентимизнинг ички ва ташқи сиёсатда “инсонпарварлик ва тотувлик”ни бош мезон қилиб олиши ҳам шундан. Марказий Осиёда бугун минтақа давлатлари бир тану бир жон бўлиб ҳаракат қилаётган бўлса, унинг ичида Ўзбекистоннинг кўпмиллатли, барқарор модели алоҳида ўрин эгаллаб турибди.

December 08, 05:09
Media unavailable
1
Show in Telegram

Ҳүрметли ўатанласлар!
Сизлерди 8-декабрь - Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн, Бас Нызамымыздың 33 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлаймыз!
Конституциямыз демократиялық қәдириятлар, нызам үстинлиги, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеўге хызмет ететуғын беккем ҳуқықый тийкар сыпатында мәмлекетимиздиң раўажланыўында шексиз әҳмийетке ийе.
Усы қутлы байрам мүнәсибети менен бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарағыңызға аманлық елимиздиң ийгилиги жолында алып барып атырған машақатлы жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймиз.
Ҳүрмет пенен,
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жәмәәти

December 06, 07:41
Media unavailable
9
Show in Telegram

Жаслардың ҳуқықый мәдениятын арттырыў бойынша семинар шөлкемлестирилди
Жасларда ҳуқықый мәдениятты арттырыў, Конституцияның турмыстағы орнын терең аңлаў, сондай-ақ, олардың коррупцияға қарсы ҳуқықый билимлерин беккемлеў мақсетинде Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының қәнигелери тәрепинен пайтахтымыздағы Инновациялық технологиялар университетинде 8-декабрь - Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни, сондай-ақ, 9-декабрь – “Халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў” күни мүнәсибети менен семинар өткерилди.
Илаж шеңберинде Конституцияның әҳмийети, пуқаралардың ҳуқық ҳәм миннетлемелери, коррупцияның жәмийет раўажланыўына унамсыз тәсири, исбилерменлик тараўында ашықлық ҳәм нызамлылықты тәмийинлеўдиң әмелий тәреплери көрсетип өтилди.
🏢
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети

December 05, 12:16

QR SSP Business News
pinned a photo

December 05, 12:13
Media unavailable
5
Show in Telegram

Миллий пал ҳәррешилик ҳәм азық-аўқат өнимлериниң халықаралық көргизбе-ярмаркасы
2-11-декабрь күнлери Ташкент қаласындағы "Анҳор" бағы аймағында алтыншы мәрте "Асал байрами" миллий пал ҳәррешилик ҳәм азық-аўқат өнимлериниң халықаралық көргизбе-ярмаркасы өткерилмекте.
Илаж "Өзбекстан пал ҳәррешилери" ассоциациясы ҳәм Өзбекстан Саўда-санаат палатасы менен биргеликте шөлкемлестирилип, онда Республиканың барлық аймақларынан 400 ден аслам пал ҳәррешилик өнимлерин ислеп шығарыўшы субъектлер соның ишинде Қарақалпақстан Республикасынанда бир қатар исбилерменлер ҳәм тараўдың 1500 ге шамалас қәнигелери қатнаспақта.
🏢
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети

December 05, 12:12
Media unavailable
1
Show in Telegram

Ҳүрметли исбилерменлер!
“ҚАРБАБА БОЛЫҢ” Жаңа жыл қайырқомлық акциясы
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы барлық исбилерменлер ҳәм сақаўатлы ўатанласларымызды жаңа жыл алдындағы ийгиликли иске шақырып қалады.
Жаңа жыл – елимизде жақсы нийетлер әмелге асатуғын мәўсим сыпатында жоқары кейпиятта белгиленеди. Сонлықтан биз исбилерменлердиң қәӯендерлиги тийкарында жәрдемге мүтәж шаңарақлар ҳәм майыплығы болған балалар ушын ҳақыйқый байрам саўғасын жаратпақшымыз.
20-28-декабрь күнлери аралығында кем тәмийинленген шаңарақлар ҳәм имканияты шекленген балалар ушын жаңа жыл саўғалары қабыл етиледи.
Тапсырылған ҳәр бир саўға 29-30-декабрь күнлери балаларға тиккелей жеткериледи.
Жаңа жыл акциясында қатнасыӯ ушын Басқарманың тѳмендеги номерлерине байланысып мағлыӯмат алсаңыз болады.
+998 97 984-77-70
Қар баба болың-балаларға ҳақыйқый Жаңа жыл ертегин саӯға етиң!
🏢
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети

December 05, 10:55
Media unavailable
1
Show in Telegram

Нөкис қалсысындағы "Nukus SSP Texnopark" ЖШЖ аралас талшықтан ийирилген жип ислеп шығарыў фабрикасы бос жумыс орынларын усынады!
"Nukus SSP Texnopark" ЖШЖ кәрханасы 150 бос жумыс орнына жумысқа қабыл етеди.
Кәрханада жумыс шараятлары төмендегише:
- жумыс ӯақты 9:00 ден 18:00 ге шекем;
- айлық ис ҳақы – келисимли.
Мәнзил: Мәнзил: Нөкис қаласы, «Жаңа базар» МПЖ, Төрткүль автомагистралы, 40-жай (бағдар: алдыңғы «Катекс» кәрханасы).
Жумыс ислеӯге қызығыӯшылар ушын кәрхананың байланыс номери: +99890 703-23-20 (Шарибаев Айдос)
🏢
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети

December 05, 05:11
Media unavailable
1
Show in Telegram

Исбилерменлер дыққатына - турақлылық рейтингине өзгерислер киргизилмекте
2025-жыл 5-декабрьден баслап 26 соннан, 5 жаңа ҳәм 11 жетилистирилген салық тәртиби ҳәм финанслық турақлылық критериялары тийкарында исбилерменлик жумысын баҳалаўдың жаңа электрон системасы иске қосылады.
Киргизилген өзгерислерге бола, Рейтинг баҳалаў көрсеткишлери бойынша улыўма балл ақырғы
30 календарь күнде
әмелдеги көрсеткишлер саны ҳәм оларға берилген баллар жыйындысының орташа мәнисинен келип шығып белгиленеди.
Критериялар тийкарында қәлиплестирилетуғын 100 баллық баҳалаў системасынан келип шығып жоқары, орта, қанаатландырарлы ҳәм төменги рейтинг көрсеткишлери белгиленеди.
👉
Турақлылық рейтинги бойынша қолланба
🏢
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети