Выберите регион
и язык интерфейса
Покажем актуальные для региона
Telegram-каналы и возможности
Регион
avatar

QR SSP Business News

QR_Chamber

Өзбекстан Саўда-санаат Палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы.
Мүрәжәәт ушын телефонлар;
☎️
+998(61) 222-15-02
☎️
+998(61) 222-05-95
☎️
+998(61) 222-00-58

Подписчики
1 020
Просмотры
231
ER
22,73%
Посты
6 724
October 28, 18:37
Файлы недоступны
1
Открыть в Telegram

Өз үйинде тигиўшилик цехын шөлкемлестирген исбилермен
-----
Ўз уйида тикувчилик цехин ташкил этган тадбиркор
🏢
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети

October 28, 13:13
Файлы недоступны
2
Открыть в Telegram

“Golden Dragon Bus" компаниясы ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы К.Артыков ҳәм баслық орынбасары М.Қосназаров Қытайдың ең ири автобус ислеп шығарыўшы компанияларынан бири - "Golden Dragon Bus" компаниясының ўәкиллери менен ушырасты.
Ушырасыў даўамында Қарақалпақстан Республикасы аймағында автобус жыйнаў жойбарын әмелге асырыў мәселелери додаланды. Тәреплер усы жойбар шеңбериндеги өндирислик инфраструктура, техникалық қуўатлықлар, инвестициялық бирге ислесиў ҳәм технологиялық бирге ислесиў имканиятларын көрип шықты. Сондай-ақ, Қарақалпақстандағы инвестициялық орталық пенен биргеликте, сырт ел инвесторлары ушын жаратылған қолайлы шараятлар ҳәм салық жеңилликлери бойынша толық мағлыўматлар берилди.
🏢
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети

October 27, 11:00
Файлы недоступны
1
Открыть в Telegram

"Daf Export Group" МЧЖ корхонаси - бўш иш ўринларини тақдим этади!
Қорақалпоғистон Республикаси Элликқалъа туманида жойлашган "Daf Export Group" МЧЖ корхонаси тикувчилик мутахассислигига эга бўлган аёлларни ишга қабул қилади.
Корхонада иш шароитлари қуйидагича:
- иш вақти 9:00 дан 18:00 гача;
- тушлик овқат корхона томонидан;
- ойлик иш ҳақи - бажарилган иш ҳажмига қараб;
- қабул қилинадиган ишчилар сони - 300
Мўлжал: Элликқалъа тумани Сарабий ОФЙ Биби Мушкул Кушод зиёратгохи рупарасида
Ишлашга қизиқувчилар учун корхонанинг алоқа рақами:
+998 91 344-88-00, +998 91 588-88-00 Абдулахадхон Акбаров Лутфуллаевич
🏢
Ўзбекистон Савдо-саноат палатаси Қорақалпоғистон Республикаси бошқармасининг ахборот хизмати

October 27, 09:59
Файлы недоступны
1
Открыть в Telegram

Мийманханаларды 3 жулдызлы категорияға алып шығыў ушын исбилерменлерге субсидиялар ажыратылады
Қарақалпақстан Республикасында мийманхана хызметлерин раўажландырыў мақсетинде Министрлер Кабинетиниң 287-санлы қарары қабыл етилди.
Қарарға муўапық, жулдыз категориясына ийе болмаған мийманханаларды үш жулдызлы категорияға алып шығыў ушын исбилерменлерге ҳәр бир хана ушын 20 млн сум муғдарында субсидия ажыратылады.
Субсидия Туризмди қоллап-қуўатлаў қоры тәрепинен, Мәмлекетлик хызметлер орайы ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер Порталы арқалы бериледи.
🏢
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети

October 27, 09:49
Файлы недоступны
3
Открыть в Telegram

#қызықлы_фактлер
Ҳәр бир үлкен бизнес - киши идеядан басланған
Amazon — компаниясының бизнеси кишкене гаражда басланған. Бул компанияның тийкаршысы Жеф Безос китап сатыў ушын онлайн дүкан ашқанында, интернет саўдасы еле ҳеш ким исенбеген жаңа идея еди. Бүгинги күнде болса, компания миллиардлап адамлар ушын сатып алыў мәдениятын түп-тийкарынан өзгертип, дүньядағы ең ири онлайн базарға айланды.
------
Google – компаниясының жаратылыӯы
Стенфорд университетиниң еки студенти - Ларри Пейж ҳәм Сергей Брин интернеттеги мағлыўматты тәртипке салыўды әрман еткен. Нәтийжеде, олар жаратқан Google пүткил дүнья жүзинде билим есигин ашты. Бүгинги күнде болса, ҳәр күни миллиардлап инсанлар компанияның хызмет түрлеринен пайдаланып келмекте.
------
Nike - бренди
Билл Бауерман ҳәм оның шәкирти Фил Найт өз гаражларында Nike бренди тийкарында кроссовка ислеп шығара баслаған ҳәм де олар ѳз ѳнимлери менен спортшыларға қолайлық ҳәм күш жигер бериўди мақсет еткен.
Бүгинги күнде Nike компаниясы— “Just Do It”- сүрени менен миллионлаған адамларды илҳамландырып атырған дүнья жүзлик брендлерден бири.
Жуӯмақ: Ҳәр бизнесте арзыўдан әмелге шекемги басып ѳткен қәдемлер сабыр ҳәм исенимнен басланады.
🏢
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети

October 27, 06:18
Файлы недоступны
7
Открыть в Telegram

Исбилерменлик искерлигине байланыслы ашық сәўбет шѳлкемлестирилди
Инновациялық технологиялар университетинде жаслардың исбилерменлик тараўына болған қызығыўшылығын арттырыў, оларды әмелдеги нызамшылық ҳәм имканиятлар менен жақыннан таныстырыў мақсетинде Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы қәнигелери Г.Карлыбаева ҳәм А.Мамутовалардың қатнасыўында исбилерменлик искерлигине байланыслы ашық сәўбет болып өтти.
Илаж даўамында қәнигелер студент жаслар менен пикирлер алысып, мәмлекетимизде исбилерменликти раўажландырыў, жасларға жаратылып атырған имканиятлар ҳәм салық жеңилликлери, сондай-ақ, исбилерменлик жумысын баслаўда ҳуқықый саўатлылықтың әҳмийети бойынша ҳәр тәреплеме мағлыўматлар берди.
🏢
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети

October 24, 13:22
Файлы недоступны
1
Открыть в Telegram

Нөкисте болып өткен “TalabaExpo – 2025” Келешекке қәдем" бағдарламасы нәтийжелери
Қарақалпақстан Республикасында өткерилген “TalabaExpo – 2025” кәсиплер көргизбеси нәтийжели жуўмақланды. Илаж шеңберинде төмендеги нәтийжелер атап өтилди:
- жумыс бериўши ҳәм исбилерменлер саны: 79
- студентлер: 9254
- жумыс бериўшилер менен сәўбеттен өткенлери: 3 424
- жумыс орны анықланған студентлер саны: 725
- бизнес жойбарын усынып, исбилерменликке бағдарланғанлар: 33.
Бул көрсеткишлер "Келешекке қәдем" бағдарламасы шеңберинде жасларды жумыс пенен тәмийинлеў, оларды кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке бағдарлаў бағдарындағы жоқары нәтийжелерди сәўлелендиреди.
🏢
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети

October 24, 09:27
Файлы недоступны
5
Открыть в Telegram

Қарақалпақстан исбилерменлери “Canton Fair 2025” халықаралық көргизбесинде
Қытай Халық Республикасының Гуанджоу қаласында дүнья көлеминдеги ири бизнес илажларынан бири – “Canton Fair 2025” халықаралық санаат көргизбеси шѳлкемлестирилип, көргизбеде Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен Қарақалпақстаннан 40 тан аслам исбилерменлердиң қатнасыӯы шөлкемлестирилди.
Көргизбениң биринши басқышында заманагөй техника ҳәм электроника, санаат үскенелери ҳәм автоматластырыў, аўыл хожалығы ҳәм қурылыс техникасы, электротехника, жақтыландырыў қураллары, жаңа материаллар, қайта тикленетуғын энергия дереклери, электромобиллер ҳәм аўысық бөлеклер көрсетилди. Кейинги басқышлары медицина, туризм, басқа да бир қатар тараӯларды өз ишине қамтыған.
Басқарма тәрепинен исбилерменлер топарын көргизбеде қатнастырыӯдан тийкарғы мақсет - Қарақалпақстанның экспорт бағдарларында исбилерменлерге имканият жаратыў, оларға материаллық-техникалық базаларын беккемлеўде жәрдемлесиў, соның менен бирге, Қытай компаниялары менен бирге ислесиў байланысларын орнатыўдан ибарат.
Ҳәзирги ӯақытта көргизбе даӯам етпекте.
🏢
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети

October 24, 04:38
Файлы недоступны
1
Открыть в Telegram

"TalabaExpo-2025" Қарақалпақстанда: Келешек кәсибине қәдем
-----
"TalabaExpo-2025" Қорақалпоғистонда: Келажак касбига қадам
🏢
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети

October 23, 14:16
Файлы недоступны
3
Открыть в Telegram

“Бизнес клуб” жас исбилерменлерге жол ашып атыр
Қарақалпақстанда жаслардың исбилерменликке қызығыўшылығы барған сайын артып атырғаны жақында болып өткен “Бизнес клуб” кастингинде айрықша көзге тасланды.
👉
Толық оқыў:
https://kknews.uz/kk/260266.html
“Бизнес клуб” ёш тадбиркорларга йўл очмоқда
Қорақалпоғистонда ёшларнинг бизнесга бўлган қизиқиши тобора ортаётгани яқинда бўлиб ўтган “Бизнес клуб” кастингида яққол намоён бўлди.
👉
Батафсил:
https://kknews.uz/uz/260266.html
📲
Telegram|
Instagram
|
Live
|
Sport|