
Toqpaq_ata_uz
#рәўият
#тәрбия
ҚОҢСЫ БОЛСАҢ, ҚОРҒАН БОЛ!
Муслим ибн Саадтың жийени (қарындасының улы) Абдуллаҳ былай деди:
«Ҳажға барыўды нийет қылдым. Муслим дайым маған он мың дирҳам пул берип, «Мадинаға барсаң, ол жердеги ең пақыр шаңарақты таўып, мына пулды берерсең», – деди.
Мадинаға келгенимнен соң ең жарлы шаңарақты изледим. Адамлар бир үйди көрсетти. Сол үйге барып, есигин қақтым. Ишкериден бир ҳаял: «Ким?» – деди. Мен: «Мен Бағдаттан келдим. Маған он мың дирҳам аманат берип жиберди. Бул пулларды Мадинаның ең кәмбағал шаңарағына бериўим керек. Ең пақыр шаңарақ, деп сизлерди көрсетти. Соның ушын мына пулларды алсаңыз», – дедим. Ол ҳаял: «Ҳәй Аллаҳтың бендеси, пулды берип жиберген адам «Ең пақыр шаңараққа», – деген шәрт пенен берипти. Анаў, қарсымызда жасап атырған шаңарақ бизлерден де жарлылаў», – деди.
Қарсы үйдиң есигин қақтым. Ишкериден бир ҳаял кимлигимди сорады. Биринши ҳаялға айтқан гәплеримди оған да айттым. Ол ҳаял: «Ҳәй, Аллаҳтың бендеси, пақырлықта қоңсымыз бенен теңбиз, пулды екеўимизге бөлип бериң», – деди.
Әзизлер, жақсы қоңсы үйиңе берекет алып келеди.
Соның ушын да, халық аўызеки дөретпелеринде:
Жақсы қоңсыны сатып ал.
Қоңсыңа қарама,
Оңысығыңа қара.
Үш күнлигин ойламаған менен жолдас болма,
Бир айлығын ойламаған менен қоңсы болма.
Қоңсың жаман болса,
Көшип қутыларсаң.
Жаман адамға мал питсе,
Қасына қоңсы қондырмас.
Қоңсың күншил болса,
Кел-кетиң миншил болады.
Қоңсыны қозғама көширерсең,
Отты қозғама өширерсең.
Қызың ержетсе,
Қызы жақсы менен қоңсы бол.
Улың ержетсе,
Улы жақсы менен қоңсы бол, - деп келтириледи.
https://t.me/Toqpaq_ata_uz
#ҳәдис
#рамазан_2026
"Ғәзепленбе!"
(Ҳәдиси шәрип).
Гейде, ғәзеплениў менен достыңды жоғалтасаң.
Ғәзеплениў менен жумысыңнан айрыласаң.
Ғәзеплениў менен кәсибиңнен камал таппайсаң.
Ғәзеплениў менен ең жақын инсаныңды жоғалтасаң.
Ғәзепленген ҳалыңда қарар шығарма.
Ғәзепленгениңде ғәзебиң басылғанша ҳәр қандай ҳәрекетти тоқтат ҳәм бул мәселени еки күннен кейин шешемен,
деп айт.
Шайх Муҳаммад Ротиб Набулусий
Рамазан айында ораза тутқан адамның ғәзеплениўи оразаның саўабын кетириўши ис есапланады. Соның ушын бул айда өзимизди руўхый жақтан да та тәрбиялап, өзимизден ғәзеплениў иллетин жоқ етиўге урыныўымыз мақсетке муўапық ис болады, иншәә Аллоҳ.
✌️
✌️
✌️
✌️
✌️
✌️
✌️
✌️
✌️
✌️
✌️
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
https://t.me/Toqpaq_ata_uz
12—МАРТ 2026—ЖЫЛ
МОЙНАҚ РАЙОНЫ НАМАЗ ЎАҚТЫ:
🕌
ТАҢ — 05:58
🕌
ҚУЯШ — 07:22
🕌
ПЕСИН — 13:14
🕌
НАМАЗЛЫГЕР — 17:17
🕌
ШАМ — 19:14
🕌
ҚУПТАН — 20:24
•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•
Каналға ағза болыў:
👇
👉
https://t.me/Toqpaq_ata_uz
#рамазан_2026
#ораза_ўақты
12.03.2026 жыл
АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ:
«Нәўәйту ән
асуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби хоолисол лилләҳи тәъааләә».
МӘНИСИ: Рамазан айының оразасын таң атқаннан Қуяш батқанға шекем қалыс Аллаҳ ушын тутыўға нийет еттим.
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
АЎЫЗ АШЫ
Ў ДУЎАСЫ:
«Аллооҳ
уммә ләкә сумту ўә бикә әәмәңту ўә ъаләйкә тәўәккалту ўә ъаләә ризқиқә әфторту фәғфирлий йәә ғоффәәру мәә қоддәмту ўә мәә әххорту».
МӘНИСИ: Аллаҳым Сениң ушын ораза туттым. Саған ийман келтирдим, Саған тәўеккел еттим ҳәм Сениң берген ырысқың менен аўызымды аштым. Ҳәй гүналарды кешириўши Аллаҳ, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды кешир
МОЙНАҚ РАЙОНЫ ЎАҚТЫ МЕНЕН
АЎЫЗ ЖАБЫЎ 05:58
АЎЫЗ АШЫЎ 19:14
Бизди социаллық тармақларда
бақлап барың!
•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•
Telegram
https://t.me/Toqpaq_ata_uz
Жигирма екинши кешинде тарауих намазын оқыса, қиямет күни барлык уайым-қайғыдан аман болады.
📌
«Jawızlıqqa qarsı aǵartıwshılıq» atamasında ruwxıy-aǵartıwshılıq ilaj shólkemlestirildi
🔰
Moynaq rayonı Abadanlastiriw basqarmasi xizmetkerleri qatnasında «Jawızlıqqa qarsı aǵartıwshılıq» atamasında ruwxıy-aǵartıwshılıq ilaj shólkemlestirildi.
❇️
Ilajda «Máripat» úgit-násiyatshılar jámiyeti aǵzaları qatnasıp, búgingi kúnde mámleketimizde jaratılıp atırǵan keń imkániyatlar, reformalar, sonday-aq sociallıq tarmaqlar arqalı óziniń ǵárezli niyetleri menen tınıshlıǵımızǵa qáwip tuwdırıwshı diniy baǵdardaǵı úgit-násiyatlar, missionerlik va prozelitizmniń ayanıshlı aqıbetleri hámde bunday jaǵdaylardıń kelip shıǵıw sebebleri boyınsha sáwbetlesiw alıp bardı.
•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•
Каналға ағза болыў:
👇
👉
https://t.me/Toqpaq_ata_uz
#ҳикмет
Еки нәрсе, сени негизи ким екениңди анықлап береди:
– Ҳеш нәрсең болмағанда сабырың
– Ҳәмме нәрсең болғанда қулқың.
🌙
🌙
🌙
🌙
🌙
🌙
🌙
🌙
🌙
🌙
🌙
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
https://t.me/Toqpaq_ata_uz
МЕШИТЛЕРДИҢ ҲҮРМЕТИ
Умар ибн Хаттоб разыяллаҳу анҳу айтады:
"Мешитлер Аллаҳтың жердеги үйлери. Ондағы намаз оқыўшы Аллаҳты зыярат қылыўшы. Мийман күтиўши зыяратқа келген кисиге ҳүрмет көрсетиўге миннетли".
Фақиҳ айтады: Айтылыныўына қарағанда, мешитлерди ҳүрмет қылыў он бес қәсийеттен ибарат:
1. Кирген ўақытта қәўим отырған болса, сәлем бериўи, егер ҳеш ким болмаса ямаса намазда болса, "Әссәләму ъәләйнә мир-Роббина ўә ъәләә ъибадилләҳис-солиҳийн" (Рәббимизден бизлерге ҳәм солиҳ бенделерине сәлем болсын ), деп айтыў.
2. Отырмастан алдын еки рәкаат намаз оқыў. Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: "Ҳәр нәрсениң ҳаққысы болады. Мешиттиң ҳаққысы еки рәкаат намаз оқыў".
3. Мешитте алды-сатты қылмаў.
4. Мешитте семсер(қылыш) жалаңашламаў.
5. Жоғалған нәрсени ол жерде дағаза етпеў.
6. Аллаҳтың зикиринен басқа ўақытта даўысты көтермеў.
7. Ол жерде дүнья ҳәдийселеринен ҳеш нәрсени сөйлемеў.
8. Адамлардың үстинен атлап өтпеў.
9. Орын таңламаў.
10. Сапта турғанда басқаларды қатты қысып қоймаў.
11. Намаз оқып атырған кисиниң алдынан кесип өтпеў.
12. Мешитте түкирмеў.
13. Бармақларды қысырлатпаў.
14. Мешитти балалардан (яғный, ол жерге кирип ойнаўдан) ҳәм нәжасатлардан тазалаў.
15. Аллаҳтың зикирин көбейтиў ҳәм ғәплетте қалмаў.
«Танбийҳул ғофилийн»
китабынан
https://t.me/Toqpaq_ata_uz
#рамазан_2026
#ораза_ўақты
11.03.2026 жыл
АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ:
«Нәўәйту ән
асуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби хоолисол лилләҳи тәъааләә».
МӘНИСИ: Рамазан айының оразасын таң атқаннан Қуяш батқанға шекем қалыс Аллаҳ ушын тутыўға нийет еттим.
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
☘️
АЎЫЗ АШЫ
Ў ДУЎАСЫ:
«Аллооҳ
уммә ләкә сумту ўә бикә әәмәңту ўә ъаләйкә тәўәккалту ўә ъаләә ризқиқә әфторту фәғфирлий йәә ғоффәәру мәә қоддәмту ўә мәә әххорту».
МӘНИСИ: Аллаҳым Сениң ушын ораза туттым. Саған ийман келтирдим, Саған тәўеккел еттим ҳәм Сениң берген ырысқың менен аўызымды аштым. Ҳәй гүналарды кешириўши Аллаҳ, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды кешир
МОЙНАҚ РАЙОНЫ ЎАҚТЫ МЕНЕН
АЎЫЗ ЖАБЫЎ 05:59
АЎЫЗ АШЫЎ 19:13
Бизди социаллық тармақларда
бақлап барың!
•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•
Telegram
https://t.me/Toqpaq_ata_uz
11—МАРТ 2026—ЖЫЛ
МОЙНАҚ РАЙОНЫ НАМАЗ ЎАҚТЫ:
🕌
ТАҢ — 05:59
🕌
ҚУЯШ — 07:24
🕌
ПЕСИН — 13:14
🕌
НАМАЗЛЫГЕР — 17:16
🕌
ШАМ — 19:13
🕌
ҚУПТАН — 20:23
•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•
Каналға ағза болыў:
👇
👉
https://t.me/Toqpaq_ata_uz