
Toqpaq_ata_uz
29—АПРЕЛЬ 2026—ЖЫЛ
МОЙНАҚ РАЙОНЫ НАМАЗ ЎАҚТЫ:
🕌
ТАҢ — 04:26
🕌
ҚУЯШ — 05:59
🕌
ПЕСИН — 13:01
🕌
НАМАЗЛЫГЕР — 17:58
🕌
ШАМ — 20:08
🕌
ҚУПТАН — 21:33
•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•
Каналға ағза болыў:
👇
👉
https://t.me/Toqpaq_ata_uz
БАЙЛЫҚ ПЕНЕН БЕРЕКЕТ КЕЛТИРЕТУҒЫН, ИСИҢИЗДИ
ОҢЫНА БАСЛАЙТУҒЫН ДУЎА!!!
Я Аллаҳ! Мениң динимди дурыс, үйимди кең, ырысқымды берекетли қылғайсаң. Я Аллаҳ! мийримсизликтен, бийғамлықтан, хорлықтан ҳәм гедейликтен Өзиңе сыйынып, пана сорайман. Я Аллаҳ! Күпирликтен, фасықлықтан, мақтаншақлықтан, сумъадан ("ел еситсин" деген нийет) ҳәм риядан ("ел көрсин" деген нийет) Өзиңе сыйынып, пана сорайман. Я Аллаҳ! Герең, сақаў, пес болыўымнан ҳәм жаман аўырыўлардан Өзиңе сыйынып, пана сорайман.
Оқылыўы:
«Аллаҳумма әслиҳ лий диний ўә ўәссиъ лий дәәрий, ўә бәәрик лий фий ризқий. Аллаҳумма инний әъузу бикә минәл-қасўатий ўәл-ғафләтий ўәз-зулләтий ўәл-мәскәнәтий, ўә әъузу бикә минәл-куфри, ўәл-фусуқий ўәш шиқоқи ўәс-сумъати ўәр-рия-и ўә әъузу бикә минәс-сумми ўәл-букми ўәл-жузәми ўә сәй-йил-әсқам»
https://t.me/Toqpaq_ata_uz
Ишиңде айтатуғын гәплериң көплигин биле турып, оны биреўге айтыўға итияж сезбесең, сонда писип жетилген боласаң!
•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•
https://t.me/Toqpaq_ata_uz
Тәкаббырлық шайтаннан!
БИР ҲҮРМЕТЛИ ИНСАН АЙТТЫ...
- Инсан кемшиликлериниң ишинде ең қәўиплиси – тәкаббырлық. Тәкаббырлық әҳмийетсиз болып көринсе де, бирақ ол ҳаққында терең ойланған сайын, оның зыяны үлкейип, ақыбети қорқынышлы түске енип бара береди. Тәкаббырлық адамзаттың мазмун-мәнисине зыян жеткерип, оны зулым, наданлық, тасбаўырлыққа, ақыр-ақыбет шайтан салтанатына алып барады. Ал, шайтан болса, тәкаббырлыққа берилгени ушын, нәлетке ушырады ҳәм кеширилмеди...
"Перзентнама" китабынан.
____
Кибр шайтондандир!
БИР МУҲТАРАМ ЗОТ ДЕДИ...
- Инсон қусурлари ичида энг хавфлиси кибрдир. Кибр арзимас бўлиб кўринса-да, бироқ у хусусда мушоҳада қилганинг сари, зарари катталашиб, оқибати мудҳиш тус олиб бораверади. Кибр одамзотнинг мазмун-моҳиятига рахна солиб, уни разолат, жаҳолат, тошбағрлик, алал-оқибат шайтон салтанига етаклайди. Шайтон эса, кибрга берилгани боис, тавқи лаънатга учради ва кечирилмади...
“Фарзанднома” китобидан.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺
Телеграм|
🤪
Facebook|
🛍
Instagram|
😍
Youtube
🧐
Интернет сайтымыз:
paziylet.uz
28—АПРЕЛЬ 2026—ЖЫЛ
МОЙНАҚ РАЙОНЫ НАМАЗ ЎАҚТЫ:
🕌
ТАҢ — 04:28
🕌
ҚУЯШ — 06:01
🕌
ПЕСИН — 13:01
🕌
НАМАЗЛЫГЕР — 17:57
🕌
ШАМ — 20:07
🕌
ҚУПТАН — 21:32
•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•
Каналға ағза болыў:
👇
👉
https://t.me/Toqpaq_ata_uz
ЎАҚТЫНШАЛЫҚ МЕЗГИЛЛЕР
Дүньяда ҳәмме нәрсе ўақтыншалық:
Бахтыярлық ўақтынша,
Ғам ўақтынша,
Бийтаплық ўақтынша,
Саламатлық ўақтынша,
Жаслық ўақтынша,
Кекселик ўақтынша,
Турмыс ўақтынша,
Ҳәтте, өмиримиздиң өзи де ўақтынша!
Егер қайсы бир машқалаға дус келсеңиз, төрт нәрсени ядқа алыў менен оны жеңиллетиң:
– Бул ўақтынша;
– Бул тәғдириме жазылған еди:
– Буннан да үлкен машқала болыўы мүмкин еди;
– Буған сабыр қылсам, Аллаҳ таала мени саўап пенен сыйлайды.
“Ҳикметлер булағы”нан бир тамшы.
Үлесиң:
https://t.me/Toqpaq_ata_uz
«Jawızlıqqa qarsı aǵartıwshılıq» atamasında ruwxıy-aǵartıwshılıq ilaj shólkemlestirildi
Moynaq rayonı Aral MPJ da jasawshi koshe belsendileri ham koshe biyleri qatnasında «Jawızlıqqa qarsı aǵartıwshılıq» atamasında ruwxıy-aǵartıwshılıq ilaj shólkemlestirildi.
Ilajda «Máripat» úgit-násiyatshılar jámiyeti aǵzaları qatnasıp, búgingi kúnde mámleketimizde jaslar ushın jaratılıp atırǵan keń imkániyatlar, reformalar, sonday-aq sociallıq tarmaqlar arqalı óziniń ǵárezli niyetleri menen tınıshlıǵımızǵa qáwip tuwdırıwshı diniy baǵdardaǵı úgit-násiyatlar, missionerlik va prozelitizmniń ayanıshlı aqıbetleri hámde bunday jaǵdaylardıń kelip shıǵıw sebebleri boyınsha sáwbetlesiw alıp bardı.
https://t.me/Toqpaq_ata_uz
27—АПРЕЛЬ 2026—ЖЫЛ
МОЙНАҚ РАЙОНЫ НАМАЗ ЎАҚТЫ:
🕌
ТАҢ — 04:30
🕌
ҚУЯШ — 06:04
🕌
ПЕСИН — 13:01
🕌
НАМАЗЛЫГЕР — 17:56
🕌
ШАМ — 20:06
🕌
ҚУПТАН — 21:30
•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•
Каналға ағза болыў:
👇
👉
https://t.me/Toqpaq_ata_uz
#рәўият
Берекет аўызбиршиликте
Ата-анасынан мийрас қалған жерде аға-ини биргеликте дийқаншылық ететуғын еди.
Олардың бири шаңарақлы болып, оның бес перзенти бар, ал, екиншиси бойдақ еди. Гүзги қырманда аға-ини зүрәәтти тең бөлисип алатуғын еди.
Күнлердиң биринде иниси:
– Жыйналған зүрәәтти тең бөлисип алыўымыз дурыс емес. Мен бойдақпан ҳәм сарыплайтуғын қәрежетим онша көп емес. Ал ағамның, шаңарағы үлкен, оның қәрежетлери де соған жараса,
– деп ойлады.
Сол күннен баслап бойдақ иниси ҳәр күни ярым түнде үйинен шығып, өзиниң телегинен бир қап бийдайды желкесине салып, ҳеш кимге сездирместен ағасының дәнханасына қойып кететуғын болды.
Сол күнлерде ағасы да өзине өзи:
– Зүрәәтимизди тең бөлисип алып атырғанымыз әдалаттан емес. Мен шаңарақлыман, ҳаялым ҳәм перзентлерим бар. Қартайған ўақтымда олар маған ғамхоршылық қылады. Үкем қартайғанда оған ким қарайды! Демек, келешекте оның мүтәжлиги көбирек болады, –
деди.
Соннан соң ағасы да ҳәр күни ярым түнде үйден шығып өзиниң дәнханасынан бир қап бийдайды желкесине қойып ҳеш кимге сездирместен үкесиниң телегине қойып келиўди әдет қылды.
Аға-ини ортасында бул ис көп ўақытқа шекем даўам етти. Бирақ ҳеш ким бул исти сезбеди. Себеби, екеўиниң де дәнханасындағы бийдайдың муғдары өзгермес – кемейип яки көбейип қалмас еди.
Соң бир күни түнде аға-ини бир-бириниң дәнханасына бийдай алып баратырғанда ушырасып қалды ҳәм сонда болып өткен исти аңлап жетти.
Желкелериндеги қапты жерге қойып, бир-бирин қатты қушақлап баўырына басты.
Ҳақыйқаттан да, аға-инилер бир-бирине мийрим-шәпәәтли болса, турмыста ҳеш қашан мүтәжлик сезбейди...
🍁
🍂
🍁
🍂
🍁
🍂
🍁
🍂
🍁
🍂
🍁
🍂
🍁
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
https://t.me/Toqpaq_ata_uz