Select your region
and interface language
We’ll show relevant
Telegram channels and features
Region
avatar

ANA TILIM - QALQANÍM

ana_tilim_qalqanim
@qaraqalpaq_tilim_qalqanim telegram kanalı menen @qara_qalpaq_tili toparınıń dawamı — @ana_tilim_qalqanim
Subscribers
1 133
24 hours
30 days
-16
Post views
546
ER
48,19%
Posts (30d)
3
Characters in post
806
Insights from AI analysis of channel posts
Channel category
News
Audience gender
Female
Audience age
25-34
Audience financial status
Middle
Audience professions
Education
Summary
August 23, 02:30
Media unavailable
1
Show in Telegram

BALALARǴA BARMAQLARDÍ TANÍSTÍRÍW
BES BARMAQ
Bas barmaq
– (bas barmaq)
Balań úyrek
– (suq barmaq)
Ortan terek
– (ortan barmaq)
Shúldir shúmek
– (tórtinshi barmaq)
Kishkene bóbek
– (shunatay barmaq)
BARMAQLARDÍŃ SÓYLESIWI
Bas barmaq:
– Urlıq eteyik,
Balan úyrek:
– Etsek eteyik,
Ortan terek:
– Quday bar-ǵo!
Shúldir shúmek:
– Quday ne qılatuǵın edi.
Kishkene bóbek:
– Qudaydıń ala tanasın ákelip, soyıp jeyik.
Orta barmaq qudaydı yadǵa alǵanı ushın hámme barmaqlardan uzın bolıptı. Shunatay barmaq «qudaydıń ala tanasın» soyıp jemekshi bolǵanı ushın da hámme barmaqlardan kishi bolıp, óspey qalǵan eken.
https://t.me/jetkinshek1932
👈

August 14, 06:53
Media unavailable
1
Show in Telegram

#Миллий_мийрас
-
Күш неде?
-Бирликте.
-Және неде?
-Және бирликте.
-Адамды басқаларға жақсы көрсететуғын еки ағзаның атын ким биледи?
-Мен билемен. Адамды басқаларға жақсы көрсететуғын еки ағзаның бири-жүреги, екиншиси-тили !
-Енди, адамды басқаларға жаман көрсететуғын еки ағзаның атын ким биледи?
- Және мен айтаман. Адамды басқаларға жаман көрсететуғын ағзалардың бири-тили, екиншиси- жүреги !
-Дурыс, дурыс !..
Төлепберген Қайыпбергенов
"Қарақалпақнама" роман-эссеси.
https://t.me/Soz_marjani

August 14, 06:53
Media unavailable
1
Show in Telegram

Үш нәрседен қорқаман:
1. Баласына ҳәййиў айтпаған анадан.
2. Ақлығына ертек айтпаған әжеден
3. Өз елинде жүрип ана тилинде емес өзге тилде сөйлескен еки адамнан қорқаман.
Бауыржан Момышулы
https://t.me/Soz_marjani

July 28, 05:01

#shayır_qáleminen
#qosıq
Imlanı úyrene bersek pe?...
(Tilshi ilimpaz Kenjebay Ubaydullaevqa)
Jas úlken toylar múbárek!
Bir soraw, múmkin deseńiz:
Imlanı úyrene bersek pe
Taǵı da ózgertpeseńiz?*
*K. Ubaydullaev qaraqalpaq tiliniń imlasın jetilistiriw máselesi menen eń kóp shuǵıllanǵan ilimpazlardıń birewi boldı.

Babash Ismaylov
Kanallarımızǵa aǵza bolıń
👇
📚
@qaraqalpaq_tilim_qalqanim
📚
@ana_tilim_qalqanim
📚
@qara_qalpaq_tili

May 20, 05:48

<<ҚАРАҚАЛПАҚ ҲАЯЛ--ҚЫЗЛАРЫНЫҢ БЕЗЕНИЎ БУЙЫМЛАРЫ>>
Әпиуайы ғана әсбаплардан пайдаланып көргенлерди лал қалдыратуғын безениу буйымларын ислеген қарақалпақ зергерлериниң өнериниң небир әжайып үлгилери Савицкий музейинде сақланып хәм көрсетилип атыр.Олар пүткил халқымыздың бийбаха байлығы,мақтанышы!!!САУКЕЛЕ!!!!
Тәрийплеуге тил жетпес гөззаллық дөретпеси! Ояныу дәуириниң белгили художниклери Леонардо Да Винчи,Рафаэль Санти, Микеланджело жәхән өнерине қандай үлес қосса қарақалпақтың белгили зергерлери өзлери ислеген САУКЕЛЕ менен тап сондай,хәттеки артық үлес қосқан!
Саукеле, шартуйме, аребек, илгек каракалпак хаял - кызлары ашокей тагыншаклары И.В. Савицкий коркем-онери музейиндеги сакланып турган ажайып халк онери нускалары. Халк жуда онерли, сезимталлы болган!
1.Шартүйме-көкирек безеуи,"шар" деген "төрт тәреп" деген мәнисти билдирген,яғный қызлар бахтлы,тахтлы төрт тәрепи қубла болып жасасын деген тилек пенен байланыслы,ортасында хәм шетлеринде ири сердолик қаслары бар.Жоқарысында еки дана илмеги,төменинде шынжырларға дизилген жапырақша хәм қоңыраушалары болады.Шартуймени хәйкелдиң төменине еки қапталға таққан.
2.Әребек мурынға тағылатуғын безениу буйымы,алтын хәм гумистен домалақ көринисте исленеди,бир шетинде илдиретуғын илмеги боладыАйланба көринисли жерине ири,майда ноқатлар,маржан моншақ дизип өткериледи,жиңишке сым бир неше қатар айналдырып оралады.Сол сымның қапталына үш мүйешли ноқатқа  3 дана феруза қас орнатылған.Жүдә қәдирли безениу буйымы.
"Писте мурыныңда тилла әребек". Әжинияз Қосыбай улы.
3.Жалпақ түйме-көкирекке жағаға дизип тағылатуғын безениу буйымы,жапырақ көринисли,шетлери ийрекей болып ортасында сәл бийик уяға орнатылған сердолик қасы бар,оның әтирапына ойыу хәм сызыу усылы менен нағыс салынған.Жоқарысында илдириуге қолайлы етип исленген еки илмеги бар.Белгили этнограф илимпаз Х.Есбергеновтың жазғанына қарағанда жалпақ түйме қатаң қағыйда тийкарында тағылған.
АЙГҮЛ ПИРНАЗАРОВА.
И.В.САВИЦКИЙ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик музейиниң аға илимий хызметкери.
🌿
🌿
🌿
🌿
🌿
🌿
🌿
🌿
🌿
https://t.me/ibratli_sozler

May 20, 05:48

БЕСИК ШАБЫУ ДƏСТУРИ
🕊
🕊
🕊
🕊
🕊
🕊
🕊
Суйикли қахарман шайырымыз Ибрайым Юсуповтың:
Атың он хəриптен қуралған,
Айтса тилге ауыр.
Дəстуриң соншелли көп,
Артса пилге ауыр,-деп тəрийплегениндей қарақалпақ халқы тарийхқа,миллий урп-əдет,салт-дəстурлерге оғада бай халық.Мəселен,"Қыз жыйыны","Хəужар","Бет ашар","Айтыс","Куйеу қəде" хəм тағы басқа да дəстурлер атадан-балаға,əуладтан-əуладқа мийрас болып өтип келмекте.
Ал,перзент дуньяға келгеннен кейин нəрестени бесикке бөлеп атырғанда да дəстур,қəделеримиз көп.Тилекке қарсы,усы қəделер өз көринисин тауып атырғанда,нəрестениң келешек бахты,тахты ушын айтылатуғын айтымлардың сонғы жыллары умытылып баратырғанлығы ашынарлы жағдай.
"Ат өлсе де қəде өлмейди"деген ибара бар халқымызда.Солай екен,бир-биреуди сиз-бизликке,сыйласыққа,бауырманлыққа шақыратуғын дəстурлердиң болғаны жақсы.Лекин,өз шеңберинде....
Жақында бир сиңлимниң перзентли болып,шашыу тойына бесик,арбаша алып барғанымыз бар.Бесик апарғанымыздан кейин "Бесик шабыу"дəстури орынланды.Жыйналғанлардың ишинде ең жасы улкени бесик шабыу дəстурин орынлауы шəрт екен.Бесик тойдың қызығы енди басланды-ау деп ықласланып қызығып,хəуес пенен тыңламақшы болдым.
"Атымды шаптым,ал шаптым"нан ары өтпей-ақ көпшиликтен қəде жыйнап алды.Мақсетимиз өз уазыйпамызды орынлап,қəде жыйнап алыу емес,нəрестениң айдын келешегине жақсы тилеклер айтып,ата-ананы,ағайын-туысқанларды таныстырыу емес пе?
Мени ойландырғаны усындай бир жақсы дəстуримиздиң халық арасында умытылып баратырғаны.Бул дəстур айтымларын айрым қатықулақ ажайып инсанлардан жазып алып,ықласбентлеримиз дыққатына усыныуды мақул көрдик.
"Бесик шабыу"дəстури дуньяға келген нəрестеге ата-бабасын таныстырыу,жети ата-бабасын билсин деген мəнисте айтылған.
Бесик бектиң бесиги,
Оң жағында бесик,
Келди бесик ийеси,
Айдай жузи тынық болсын деп,
Басына айна қоямыз.
Нандай қəдирли мийирман болсын деп,
Басына нан қоямыз.
Полат қанжардай өткир болсын деп,
Басына пышақ қоямыз.
Ал, шабайын шабайын,
Атымды минип шабайын,
Атым болсын тулпардан,
Өзи болсын сунқардан,
Бесиктеги бөпениң ,
Сумеги болсын алтыннан,
Тубеги болсын гумистен.
Атым шауып баратыр,
Тайым шауып баратыр,
Ел-халыққа белгили,
Хызмети менен танылған,
Атасына қарап шауамыз.
Алыс-алыс таулардан ,
Асып шауып келемиз,
Бийик-бийик төбеден ,
Тасып шауып келемиз.
Хау қулыншақ шуу деймен
Кемпир апасына қарап шауамыз.
Өзинде көп болар бөпениң пайы,
Устине кийгени пашшайы шайы,
Дайысында көп болар жийенниң пайы,
Дайы женгеге қарап шабайық.
Кербазланып төрге өткен ,
Укесиниң бесик тойына жеткен,
Көримлигин молдан туйген,
Қудашаларға қарап шабайық.
Аспандағы айдай болып,
Асып шауып келемиз,
Мойнымызға тумарымызды,
Тағып шауып келемиз,
Ата-ананың жас улкени ,
Мурындық ата-анаға шауамыз.
Бул қосық қатарлары илахийда туума талант ийелери арқалы хəзил-шыны аралас дөрелип бара береди.Бул дəстурдиң буннан басқа да биз билмеген вариантлары бар болса керек.Усындай дəстурлеримизди умытпай,оны келешек əуладқа жеткериу сизиң менен бизиң əдиули миннетли уазыйпамыз болмағы зəрур.
🌷
🌷
🌷
🌷
🌷
🌷
Жазып алған:
Зибийра Абдиниязова
🌿
🌿
🌿
🌿
🌿
🌿
🌿
🌿
🌿
https://t.me/ibratli_sozler

April 28, 17:19
Media unavailable
1
1
Show in Telegram

🍎
🍎
🍎
Ҳәммеге сәлем!
iOS ҳәм MacOS клавиатурасына қарақалпақ тилин қосыў ушын керекли мағлыўматлар тийисли жерге жиберилди.
Клавиатура 2 түрде болады:
Төрт қатарлы (қазақлардағыдай)
Үш қатарлы (longpress)
Кирилл ҳәм латын жазыўларында.
Ҳәзирше тек ғана клавиатура. Autocomplete функциясы екинши басқышта әмелге асырылады (олардың айтыўы бойынша).
Instagram
|
Telegram

April 28, 17:19
Media unavailable
1
Show in Telegram

Telegram қарақалпақ тилине аўдарылды
— Түсиникли ҳәм сапалы аўдарма
— Барлық қурылмалар ушын
— Рус тили тийкарында
—————————-
Интерфейс Telegram перевели на каракалпакский
— Понятный и качественный перевод
— Работает на всех устройствах
— На основе русского языка
👉
ҚАРАҚАЛПАҚ ТИЛИНЕ ӨЗГЕРТИЎ УШЫН БАСЫҢ
Instagram
|
Telegram

April 28, 17:19

Telegram қарақалпақ тилине аўдарылды — Түсиникли ҳәм сапалы аўдарма — Барлық қурылмалар ушын — Рус тили тийкарында —————————- Интерфейс Telegram перевели на каракалпакский — Понятный и качественный перевод — Работает на всех устройствах — На основе русского…

April 28, 17:19
Media unavailable
1
Show in Telegram

Мен телеграм сайттың қолланыўын қарақалпақ тилине өзгерте алдым ! Қалай дейсизбе ?
Төмендеги
👇
👇
телеграм каналға каналға ағза болың ҳәм телеграмды қарақалпақша пайдаланың !
Каналға ағза болыў:
➡️
@hoja_uz