
Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты
Молодой каракалпак! Фото начало ХХ века кажется храниться в краеведческом музее в Нукусе. Обратите внимание на посуду!
Адил Худайбергенов
t.me/kketnografiya
Қарақалпақлардың тил мийраслары
Қарақалпақлардың тил мийраслары
Қарақалпақ халқы жүдә әййемнен киятырған өзиниң таза, жүдә бай мәдений мийрасларына ийе. Әдебий ҳәм фолклорлық дөретпелер қарақалпақ халқының бай мәдений мийрасларының үлкен бир топарын жәмлейди. Көпшилик түрки халықларына кеңнен мәлим болған аўызеки әдебияттың үлгилери болған халық дәстанларының ең бай, ең сап нусқалары қарақалпақ халқында сақланғаны мәлим. Қарақалпақ халқының қахраманлық дәстанлары "Қоблан", "Едиге", "Ер Шора", "Алпамыс", "Мәспатша", "Қырық қыз" дәстанлары солардың қатарына киреди.
Қарақалпақ халқының аўызеки дөретпелериндеги үрдис, пикирлеў ҳәм ой-пикирди сөзде тулғаландырыў усыллары халықтың әдебий тилиниң өзеги болып бизиң дәўиримизге дейин жетип келди. Усындай халықлық руўҳ жазба жолы менен қоңсы түрки халықларынан енген, ямаса солар менен ортақ болған әдебий мийрасларға да өтти. Мәселен "Ғәрип ашық", "Юсип-Әҳмед" сыяқлы дәстанлардың қарақалпақлар арасындағы түри өзиниң стиллик ҳәм тил өзгешеликлери жағынан өзбекше яки түркменше нусқаларынан ҳәр тәреплеме қарақалпақласқанлығы менен парықланып турады. Бул нәрсе сол гезлердеги қарақалпақ халқының өзине тән мәдений дәстүриниң нәтийжеси, қоңсы халықлардың ортақ мүлклерин қарақалпақлардың өзлериниң талабына, эстетикалық татымына сай келтирип бағындырып өзлестире алыў уқыбы жемиси.
Революцияға дейинги Қарақалпақстан жеринде басқа қоңсылас түрки халықларда болмаған сап мазмунға ҳәм стильге ийе болған бир қатар лиро-эпикалық жанрда жазылған сап қыссалар дөрелген фактлери бар. Соңғы ўақытлары қолжазбалары табылған "Едиге" дәстанының қысса нусқасы "Қумырыхан", "Шәрьяр" усаған лиро-эпикалық дәстанлар бул пикиримизге дәлийил болады. Бул дәстанлар Қарақалпақстанның Шымбай ҳәм Қоңырат районларында белгили саўатхан, шайыр қыссаханлар тәрепинен жазылған.
Дерек: Ҳ. Ҳамидов. Ески қарақалпақ тилиниң жазба естеликлери.
Каналымыз:
https://t.me/Tariyxqa_nazer
t.me/kketnografiya
<<Қарақалпақлардың тил мийраслары>>
t.me/kketnografiya
Тарийхый суўрет:
Оңнан шепке:
Жәлел Муятдинов, Шерип Бабашев, Тамара Дәўлетмуратова, Ережеп Айтмуратов, Света Нурабуллаева, Қаллибек Камалов, Айназар Қунназаров,.... Минайхан Жуманазарова, Қайыпберген Юсупов.
t.me/allanazar07
каналынан
Уәли хан (1741-1819) − Орта жүз ханы (1781-1819), Абылай ханның екінші әйелі, қарақалпақ Сайман-ханымнан туған үлкен ұлы.
Сұлтан Уәли әкесінің Жоңғария мен Орта Азияға жасаған жорықтарына қатысты. 1769 жылы ол Қытайға жіберілген қазақ елшілігін басқарды. 1781 жылдың тамыз айында, әкесі Абылай хан қайтыс болғаннан кейін және оның өсиетіне сәйкес, халық жиналысы оның үлкен ұлы Уәлиді Орта жүздің жаңа ханы етіп сайлады.
Уәли хан Санкт-Петербург пен Пекинге хан тағына сайланғаны туралы хабарлап, Ресей мен Қытай үкіметтерінен оның сайлануын мойындауды сұрады. 1782 жылдың қаңтар айының басында оны Цин императоры Цяньлун хан етіп бекітті, ал сол жылдың 23 ақпанында арнайы патшалық жарғымен Орта жүздің ханы етіп бекітілді. 1782 жылдың 1 қарашасында оны Орта жүздің сұлтандары мен билері Әулие Пётр бекінісінде Иркутск және Колыван губернаторлықтарының генерал-губернаторы И.В. Якобидің қатысуымен хан деп жариялады.
Уәли хан қазақ ақсүйектерінің де, халықтың да қолдауына ие болған жоқ. 1780 жылдары Төртұл (Найман) және Қаракесек (Арғын) руларының қазақтары Барақ сұлтанның ұлы Дайырды (1781-1784) хан етіп сайлады. Көптеген ықпалды сұлтандар мен билер Уәли ханның жоғарғы билігін мойындамады. Соңғысы қытай мен орыстың қолдауына сүйенді. 1795 жылы шекаралас қазақ рулары (екі сұлтан, 19 ру старшыны және 120 000-нан астам қазақ) Ресей императрицасы II Екатерина Ұлыға хат жазып, Уәли ханның «қысымынан» босатылып, «Ертіс өзенінің оң жағалауына қоныстануды» сұрады. Патша үкіметі Уәли ханның билігін сақтап қалды және ханның наразы қазақ тайпаларымен қарым-қатынасын татуластыруға тырысты. 1800 жылы Уәли хан хан тағынан айырылып қалудан қорқып, Қытай императорынан ұлы Ғаббасқа қазақ ханының тағын бекітуді сұрады. 1815 жылы Ресей шекара әкімшілігі Дайырдың інісі Бөкейді (1815-1817) Орта жүздің жаңа ханы және Уәли ханның тең билеушісі етіп тағайындады.
***
Ол қайтыс болғаннан кейін, патша әкімшілігі хан билігін ресми түрде жойды. Хан билігі жойылып, «Сібір қырғыздарының Жарғысы» қабылданғаннан кейін, Уәли ханның барлық жерлері оның ұлдарына бөлінді. Негізгі штаб-пәтері − Бурабай көлінде − үлкен ұлына өтті. Уәли хан қайтыс болғаннан кейін, оның әйелі Айғаным (1783-1853) ру басшысы болды. Зираты Көкшетау қаласына жақын, Зеренді ауданы, Қазақстан ауылының жанында.
Ескерту: Бұл сурет жасанды интеллект көмегімен жасалған. Тарихи суреттер мен сипаттамаларына негізделген. Бұл дәл қайта құру немесе деректі фотосурет емес. Бұл тарихи шындыққа жақындату үшін жасалған визуал. Келтірілген мәлімет википедия желісінен алынған.
Шынғыс Айнабек-тегі
Facebookтеги <<Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты>> группасында Күнхожа Қайрулла жәриялаған пост.
https://t.me/kketnografiya
Орал Аминовна институтта 10 нан аслам илимий жойбарларға басшылық еткен ҳәм «Денсаўлық & Экология» илимий мектебин дѳреткен. Бундай кең кѳлемли жумыслар әлбетте ѳз нәтийжелерин берип, билим дәргайы Ѳзбекстан кѳлеминдеги алдыңғы оқыў орынлары қатарына еристи. 2021- жылы халықаралық рейтинг бойынша Қарақалпақстан медицина институты Ѳзбекстанда 2-орынды алған (биринши орын Миллий Университет).
Орал Атаниязова тек Қарақалпақстан медицина тараўының емес, Қарақалпақстанның тарийхында қаларлық ислерди әмелге асырды. Ол Қарақалпақстанда хаял-кызлар арасында биринши медицина илимлери докторы. Республикамызда жаңа «Экологиялық медицина» илимий бағдарының тийкарын салыўшы. Оның басламасы менен 2020-жылы Ташкент педиатрия медицина институты Нѳкис филиалы Қарақалпақстан медицина институтына айландырылды. Бул Ѳзбекстан тарийхында ғәрезсиз институтқа айландырылған биринши филиал есапланады. Сондай-ақ, О.Аминовнаның басламасы, Президентимиздиң қоллап-қуўатлаўы менен 2021-жылы медицина институты жанынан Арал теңизи апатшылығынан жәбир кѳрген балаларды емлеў ушын клиника шѳлкемлестирилди. Клиника имараты қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. О.Атаниязова усы клиниканы жаратыў, қурыў, клиникада жоқары технологиялы операцияларды әмелге асырыў ушын кадрлар таярлаўда айтарлықтай жумыслар алып барды. Институт хызметкерлериниң жетекши шет ел университетлеринде – Швеция, Австрия, Италия, Германия, Япония, Корея, Россия ҳәм басқа да мәмлекетлерде әмелият ѳтеўин шѳлкемлестирди ҳәм буған еристи.
Ол халық аралық шериклик байланысларын раўажландырыўға, қоспа халық аралық жойбарлар ҳәм бағдарламалар жаратыўға ерисип, бүгинги күнде институт 17 шет мәмлекетте 40 тан аслам жетекши университетлер менен шәртнама тийкарында жумыс алып бармақта. Орал Атаниязова 2021-2022- жыллар даўамында шет ел гранты тийкарында Қарақалпақстан медицина институтына улыўма 10 миллион АҚШ доллары муғдарында (100 миллиард сумнан артық) инвестиция алып келди. Айрықша атап ѳтиўимиз тийис және бир жетискенлик - Орал Атаниязова 2023-жылы искерлиги халықаралық дәрежеде тән алынған Өзбекстан жоқары оқыў орынлары ректорлары арасында биринши орынды ийелеген.
О.Атаниязова атақлы жәмийетлик ғайраткер. 1992-жылы «Перзент» мәмлекетлик емес шѳлкемин дүзип, Арал бойы аймақларында жасаўшы ҳаяллар ҳәм балалар саламатлығын беккемлеўге үлкен үлеслерин қосты. Бул шѳлкем арқалы халық арасында саламатлық, қыйтақ жерлерден пайдаланыў, гигиена ҳәм экология бойынша әмелий кѳнликпелерди үйретиў мақсетинде 20 дан аслам түрли оқыў материалларын, он жыл даўамында «Перзент» журналын баспадан шығарып, шетки аймақлардағы ҳаялларға бийпул тарқатты, 300 мынгнын артык халкка хызмет етип турли жойбарлар иске асырды.
Усы жылларда қаўынның шыпалы қәсийетлеринен пайдаланып саламатлықты беккемлеўде фермерлер, алымлар, медицина хызметкерлери, педагоглардың ҳәрекетлерин бирлестириў мақсетинде ѳткерилген «Қаўын сейили» атлы кѳргизбе ҳәм ярмарка тиккелей Орал Аминовнаның басламасы ҳәм шѳлкемлестириўи менен әмелге асырылды ҳәм Қарақалпақстан тарийхында биринши мәртебе ѳткерилди.
Булардың бәри оның табанлылық пенен ислеген мийнетлериниң, жоқары дәрежедеги кәсиплик шеберлигиниң, билиминиң, умтылысларының әмелдеги кѳринислери. Ол бүгин ѳз искерлиги менен ҳәр тәреплеме раўажланған халықаралық дәрежедеги инсан екенлигин дәлилледи.
О.Атаниязованың мийнетлери мәмлекетимизде де, халық аралық кѳлемде де баҳаланып келинбекте.Ол «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери», экологиялық машқалаларды шешиўдеги әҳмийетли үлеси ушын «Голдман» дүнья жүзлик экологиялық сыйлығы, I дәрежели «Соғлом авлод учун» ордени, «Ѳзбекстан Республикасына хызмет кѳрсеткен жаслар устазы» мәмлекетлик атақлары менен сыйлықланған.
Орал Атаниязова 70 жасты карсы алып атыр. Оны юбилей жасы менен қутлықлаймыз!
https://t.me/kketnografiya
ОРАЛ АТАНИЯЗОВА
Дүнья таңланарлық табыслар
«Ѳзбекстан Қаҳарманы, Ѳзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Тѳлепберген Қайыпбергенов: «Егер маған ХХI әсирдеги қарақалпақ қызларының образын жаратып бер десе, Орал Атаниязова ҳаққында жазар едим» деген еди. Барлық қарақалпақ қызларының образын жаратып бере алғандай Орал Атаниязова ким? Дүнья илимпазлары арасында тән алынған ол ҳәзирги ўақытта ийелеген илим-билимин, талантын нелерге жумсап атыр? Булардан жәмийеттиң кѳрип атырған пайдалары қандай? Басшы сыпатында нелерди ислеп үлгерди? Ҳаял, илимпаз, исбилермен басшы, жәмийетлик ғайраткер сыпатында мәмлекетимиздеги орны қай дәрежеде?...».
Бул сораўларыма жуўапты 2000-жыллардың басларында, Орал Аминовна сол ўақытлардағы Ташкент педриатрия медицина институты Нѳкис филиалы директоры лаўазымында жумыс баслаған жыллары алған екенмен. «Еркин Қарақалпақстан» газетасында жәрияланған бул сәўбет арқалы Қаҳарман жазыўшы Тѳлепберген Қайыпбергенов ҳақыйқый тәрип бергенине әмин болғанбыз.
Мине, соннан бери де қанша суўлар ағып ѳтти, дәўирлер алмасты, жәмийет ѳзгерди. Бәрқулла раўажланып, раўажландырыўды алдына мақсет етип жасайтуғын мәрт қарақалпақ қызы, искер басшы, алым сыпатында нелерге еристи деген сораўға жуўап излер болсақ, ол ҳәзирги ўақытта да бир ҳаял, бир жәмийетлик ғайраткер, искер басшы не ислеўи, нелерге ерисиўи керек болса, ерисип киятыр.Бул асыра айтылган мактаулар емес. Узак жыллар Қарақалпақстан медицина институты ректоры, үзиликсиз бес мәрте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты, 2016, 2020-жыллардағы сайлаўларда Ѳзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзасы болып сайланған.
Женевадағы Парламентлер аралық аўқамның (IPU) 2023-2027-жылларда ден саўлықты сақлаў бойынша исши топар ағзасы, 2004-2008, 2023-2026-жылларда Халық аралық экология шѳлкеминиң («International Sociey Doctors for the Environment) президенти, халық аралық кѳлемде танылған «Перзент» орайының тийкарын салыўшы ҳәм президенти. Бир қатар халық аралық абырайлы шѳлкемлердиң ағзасы, халықаралық конференциялардың тийкарғы спикери (ООН – Нью-Йорк, Лондон, Киото, Париж, Мексика – тағы басқа).
Орал Атаниязова 1956-жылы Хожели районында туўылған. Жоқары мағлыўматты Ташкент мәмлекетлик медицина институтында алған. Дәслепки мийнет жолын Қанлыкѳл районындағы «Сары алтын» аўыллық шыпакерлик пунктинде гинеколог шыпакер болып баслаған ол соңынан 12 жыл даўамында Россияда усы қәнигелиги бойынша жумыс ислеген. Ҳәзир медицина илимлериниң докторы, профессор, тәжирийбели гинеколог, Ѳзбекстан Республикасы Олий Мажлиси сенаты спикери орынбасары.
О.Атаниязова илимий изленислерин 1990-1996- жыллары Россияда алып барған ҳәм сол жерде илимпаз сыпатында қәлиплести. Клиник ординатурасын, аспирантура ҳәм докторантураның күндизги бѳлимин Санкт-Петербург, Москва қалаларында оқып билим алған. Россия Илимлер академиясының акушерлик гинекология ҳәм перинатология орайында 1986-жылы кандидатлық, 1996-жылы докторлық диссертацияларын қорғап шыққан. Оның докторлық диссертациясы Арал теңизи экологиялық апатшылығы шараятында жасаўшы ҳаяллардың репродуктив саламатлығы мәселелерине арналып, илимий изленислери барысында 5000 нан аслам қарақалпақстанлы ҳаяллардың репродуктив саламатлығы бойынша жумыслар алып барған. Орал Аминовнаның инглис тилин толық меңгериўи қарақалпақстанлы ҳаяллардың саламатлығы бойынша илимий материаллары шет еллердиң журналларында жийи-жийи баспадан шығыўына, халық аралық конференцияларда жасаған баянатлары арқалы дүнья жүзи илимпазларының дыққатын аўдарыўға тийкар жаратқан.
Қарақалпақстанда жоқары медицина билимлендириўин раўажландырыўда Орал Атаниязованың хызметлери оғада үлкен.Ташкент педиатрия медицина институтының Нѳкис филиалына басшылық еткеннен баслап қысқа мүддет ишинде жаңа билимлендириў бағдарлары, факультетлер ашылды, лабораториялар шѳлкемлестирилди ҳәм бул ислер аўыр аймақта клиник ординатураның ашылыўына тийкар жаратты. Усы жыллар ишинде институттың жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды, модернизация исленди, илимий бағдарлар қәлиплести.
XX әсирдиң 70-жылларында Аналарымыз бас ораў менен жүретуғын еди. Мына сүўрет администраторымыз Адил Худайбергеновтың архивинен алынды.
t.me/kketnografiya