Select your region
and interface language
We’ll show relevant
Telegram channels and features
Region
avatar

Өмир сабақлары.☘

omir_sabaqlari
Жеке канал Посттағы пикирлер ҳеш кимге қарата айтылмаған. Ҳикметлер - Аллаҳ ләшкеридур, олар Ҳақ, ҳақыйқат байрағын көтерип, кеўиллерди жаўлайды. @Румий 🔴 Мотивациялық пикирлер 🔴 Психологик тестлер 26.12.2020жыл
Subscribers
14 529
24 hours
-9
30 days
-357
Post views
1 533
ER
10,55%
Posts (30d)
161
Characters in post
1 159
Insights from AI analysis of channel posts
Channel category
Psychology
Audience gender
Female
Audience age
25-34
Audience financial status
Middle
Audience professions
Psychology & Counseling
Summary
August 28, 19:03

Бул өмир - ойнап жүрип от басыўлар.
Тосыннан гезлесиўлер, хошласыўлар.
🎧
@omir_sabaqlari

August 28, 19:03
Media unavailable
1
Show in Telegram

Тун тынышлыгы жүрегиңизге жыллылық алып келсин. Бүгинги шаршағанларыңыз уйқы менен тарқап, ертеңги күниңиз қуанышлы хабарлардан баслансын.
Кеулиңизде үмит, үйиңизде береке болсын. Ертеңги таң жаңа қуанышлар менен атсын!
Қайырлы түн, әжайып түслер тилеймен!
🌟
omir_sabaqlari

August 28, 18:16

August 28, 06:31
Media unavailable
1
Show in Telegram

August 28, 05:50

Винт көринисли
Бундай таңлаў өтмиштеги тәжрийбеге ҳүрмет пенен қараўға байланыслы.
Нәрселерди сыртқы пишимге қарап бахалаў бар әлбетте, бирақ онда тарыйх ҳәм қатал минез болыўы әхмийетли.
Қатнасыкларда жақын болыў бир күнде дүзилмейтуғынын сезиниў ҳәм садыклық айрықша қунлы. Өзиңниң ишки дуньяңа жат биреўдиң кириўине жол бериў тез арада болмайды, оның ушын исеним писип жетилисиўи тийис. Женил желпи ҳәм асығыс берилген ўәделер сақ болыўға шақырады. Кыяллар өтмиште  көп иркилип қалады гейде, бирақ ояқта иркилип қалыўға болмайды ҳәтте жүдә әҳмийетли эпизодлар болсада.
Ресурс -тәжрийбеден ишиндеги арзырлық нәрсени көре алыў. Тек өтмиштеги тәжрийбелерди еслей бермей жаңаларынада орын ажыратыў.
Стеклянная
Шийшадан исленген. көбинше ашық-айдынлықты ҳәм гиршиксиз байланысқа мүтәжликти билдиреди. Ара қатнасыкларда нелер болып атырғанын пал ашпай анық түсиниў әхмийетли. Гәпти толық айтпаў хәм еки мәнисли сигналлар адамға жаман тәсир етеди.  Әсиресе сөз бенен ис еки басқа болып шықса.  Ашык туўры жүзбе жүз сөйлесиў канша кыйын болмасын узақ даўам етекен тым тырыслықтан абзал.
Иште ой-қыяллардың тазалығына, әдәлатқа күшли умтылыў жасайды.  Ой кыялдын оған сәйкес келмеслиги дәрхал сезиледи. Бара бара бул сезимталлық артықша гуманланыўға айланып жоқ жерден жасырын жаман кыял излеўге алып барыўы мүмкин.
Қатнасықларда ашық айдынлық ҳәм ҳақлық әҳмийетли.
Ресурс- өзиңди ҳәр қыйлы сулыў дәлиллер менен алдарқатпастан истиң анық мазмун-мәнисин көре билиў.  Тек ғана ойдағы таллаў нәтийжелерине исенип ғана емес, ал тиккей сәўбетлесиўгеде орын бериў керек.
С сердцем
Бундай ыдысты таңлаў айрықша жыллы сезимди ҳәм еки тәрептиңде бир биреўге эмоционаллық жақынлығын билдиреди.
Сыртқы көзге бәри дурыс көринген менен иште қәстерленбесе пайдасы жоқ.  Баслысы  жақынларыңа ушын өзиңниң кереклигиңди сезиниў.
Қатнасықларда шын кеўилден айтылған сөзлер ҳәм сезимди билдиретуғын билинер билинбес ҳәрекетлер айрықша бахаланады.
Тым тырыс болып қалыў яки өзин шетке алыў аўыр қабыл етиледи. Ишки тынышсызлық болып турып сыртқа бәри жақсы деп көрсетиуде жақсы емес.
Есте сақлаў керек: сениң баҳаң сен оған қаншелли актив жуўап берип атырғаныңа байланыслы емес.
С рисунками
Бул таңлаў дүньяны дөретиўшилик көз қарас пенен көретуғыныңызды билдиреди.  Ҳәтте әпиўайы нәрсениңде өзине тән сулыўлығы бар деп көреди. Басқалар сезбей өтип баратырған деталлардыда дәрҳәл сезеди - ойлаўы тәбиий образлы болады.
Қатнасықларда өз көз қарасы бар, юморлы, әдеттегидей болмаған тәжрийбеге ийе адамларды тәуир көреди.  Реңсиз күнделикли ғалма ғалға тийкарланған пейзаж зериктиреди. Өзиңди ушқыр сөзлер менен, стилин менен, идеяларың менен, әтирапқа өзгеше көз қарасың менен көрсеткиң келеди.
Базыда әтираптағы адамлар сени тусинбей атырғандай сезим пайда болады.  Олар менен пикириң сай келиўин күтип отырыўдың қәжети жоқ.
Ресурс- деталларда ишки мазмунын ҳәм гөззаллығын көре алыў.  Өзиңе усамаған адамлардан қашықламайақ өзиңниң ишки дуньяңды сақлап жүре алыў әхмийетли.
Уютная (пайызлы)
Бул таңлаў тынышлыққа ҳәм қорғанышқа мүтәжлик барын билдиреди. Өз үйиң яки жеке территорияаң саған сүйениш сезимин бериўи кере.
Қатнасықларда исенимлилик хәм турақлы түрде басып туратын қысылыўшылықтың болмауы әҳмийетке ийе. Кисиниң шаршағанлығын аңсат ғана көресең хәм оған өзиң сезбеген ҳалда қоллаў сөзлерин айтасаң.
Базыда ҳәммеге колай жағдай жаратаман деп журип көп энергия жумсайсаң, ал өзиңе келген ўақытта хеш жактан хеш қоллаў келмейди.
Ресурс - қәўипсиз ҳәм жыллы атмосфера жаратыў уқыбы.
Есте сақлаған мақул: пайызлы жағдай тек ғана өзгелерге қәўендерлик етиуден басқа өзиңеде қараў демекдир.

August 28, 05:49

Белая
Ақ реңди таңлаўға умтылыў адамның тәртип ҳәм ашық айдынлыққа тырысатуғынын билдиреди.
Әтираптағы, пикир-ойдағы, улыўма барлық нәрседеги артықша шаўқым шаршатады.  Майда-шүйделерди ҳәм астарлы гәп-сөзлерди додалап отырмайтуғын еркин кеңислик болса қәне еди.
Туўры сөзлилик ҳәм ҳадаллық айрықша жоқары баҳаланады: түсиниўи қыйын болған мысқыллы ым қағыўлар ҳәм эмоционаллық ойынлар адамды тез шаршатып истен шығарады.
Қатнасықларда ҳүрмет етиў шегарадан шықпаў, исеним ҳәм әпиўайы түсиникли болыўдай нәрселер әҳмийетли. Бирден ашылысып кетиў хәр дайым ҳәм аңсат емес, ал бирақ исеним пайда болдыма ол ҳақыйқаттанда беккемлене береди.
Хаосты,  тосаттан, жүдә жарқын эмоционаллық бирден жарқ етиўлерди бир бағдарға жөнелтириў қыйын әлбетте.
Бундағы бас ресурс - тең салмақлықты сақлаў ҳәм  тийкарғы мәнисин қанша қарбалыс  (жуўыр-жуўыр) болсада көре билиўде. Тек ғана бунда есте тутатын нәрсе ҳәдден тыс әпиўайыластыраман деп жүрип өзинеде, өзгелергеде қатал болып кетпеўде.
С цветами
Бундай таңлаў әдетте нәзик эмоционаллық сезимталлықты ҳәм сулыўлыққа умтылыўшылықты көрсетеди.
Үйдеги атмосфера, сәўбетлестиң интонациясы, қаратылған дыққатты билдиретуғын билинер билинбес ҳәрекетлер-булардың бәрине қатты итибар бериледи.
Қатнасықларда  сизди тек атына емес, ал шын мәнисинде жыллы сезим менен қараўына айрықша баҳа бериледи.
Арнаўлы күш салмайақ әтирапыңызда пайызлы жағдай өз-өзинен дерлик табиғый түрде пайда болады.  Әтирпыңызды руўхы бар, тарийхқа бай,  эстетик гөззал нәрселер менен толтырғыңыз келеди. Мына бийпарўалық ҳәм суўықлық дегенлерди бастан өткериў аўыр.
Ресурс- күнделикли турмысты жумсақ минез бенен толтырыў, әтирапты жанландырыў уқыбы.
Есте тутайық сезимталлық бәрҳә бәне таўып акланыўға емес, ҳақыйкый қорғаўға мүтәж.
Минималистичная. (Ең әпиўайы)
Бундай әпиўайы форманы таңлаў сабырлылықты ҳәм ишки жыйнақлылықты билдиреди.
Көзге тасланыў ушын қылынған ҳәрекет көз тартпайды-сыртқы эффекттен гөре сапа әхмийетке ийе.
Қатнасықларда сабырлылық,. сергеклик, сезилерликтей сынап қараўлар сезиледи.
Кимди жақын тутыўды ҳәм күшиң ди қайда жумсаўды, улыўма не ислеп жургениңди аңлаў ҳәм тусиниў жүдә әҳмийетли.
Бурынғыдай "усындай болады өзи" деп өткендеги әдетлериңе ҳәм қатнасықларыңа жабысып тура бериў енди жақпайды. Сыртлай қарағанда бул базыда  артықша жаңалық енгизип атырғандай яки "тас қамал" болып жасырынып атырғандай көринеди. Ҳақыйқатында болса арзымаған нәрселерге сезимиңди заялаўды қәлемедиңиз болғаны сол.
Бул жерде күш -артықша нәрселерди жақынлатпай ҳәм концентрацияны сақлаўға тырысыўда.  Гейде өмириң тек бир пүтин қадағалаўдан ибарат болмаў ушын өзиңди еркин жиберипте алған мақул.
Яркая
Жарқын чашканы таңлаў көпшилик жағдайда энергияға ҳәм сыртқы дүнья менен тиккелей контактта болыўға мүтәжликти билдиреди. Қүнделикли бир қыйлылықты қыйналып бастан өткизесиз, әсиресе әтираптың бәри реңсиз ҳәм күндеги болатын ўақыялар избе-излиги ҳәр күнгидей болса.  Жаңа идеялар инсанды тез қызықтырады, адамлар йош-илхам алады, өмирге деген қызығыўшылықты бәрхә сезгиси келеди.
Қатнасықта дөгерекке жан ендирип кыздыратуғын бол. Бунда әхмийетли жери-дөгерек сениң кеуил йошыңды көрип ҳәм оны қабыл етиўи.
Гейде өзиңниң епкиниң өзиңди шаршатады, ал тоқтап алыў кереклигин болса кеш сезип қаласаң. Иш писиу, күтиўлер, эмоционаллық бослық кыйын кешеди.
Ресурс-өмирге рең бериў хәм оны хәрекетке келтире алыў.
Күшиңизди жумсап ортаны қыздырыўдағы епкин қандай болса күшли болса күшиңизди топлаўдада сондай болың.
@omir_sabaqlari

August 28, 05:25

"Бул дүньяда ҳеш нәрсе тосаттан болмайды. Ҳәммеде өз тәғдирин өзгертиўи мүмкин болған мәўритте қорқынышты басынан кеширеди.  Батыр болың.... "
@omir_sabaqlari

August 28, 04:50
Media unavailable
3
Show in Telegram

Салат «Весенний хруст» без майонеза
Что нужно:
Молодая или пекинская капуста — 300–350 г
Яичные белки — от 4 варёных яиц
Свежие огурцы — 130–150 г
Укроп и зелёный лук — по вкусу
Заправка:
Яичные желтки — от 4 варёных яиц
Сметана — 4 ст. л.
Чеснок — 1 зубчик
Горчица — 1 ч. л.
Соль — 1/2 ч. л.
Чёрный перец — щепотка
@omir_sabaqlari

August 28, 03:36
Media unavailable
1
Show in Telegram

Узақтан киятырман гүллерди алып,
Сизлер ушын кеўилли намалар шалып,
Меҳир ҳәм муҳаббат егиз қозыдай,
Беккем орналассын жүрекке барып
😊
😘
🌹
Қайырлы күн жақсылар.
Күниңиз мазмунлы, берекетли, сәтли, қуўанышларға толы болсын.
@omir_sabaqlari

August 28, 02:35
Media unavailable
1
Show in Telegram