Select your region
and interface language
We’ll show relevant
Telegram channels and features
Region
avatar

QARAQALPAQ SHAYÍRLARÍ TELEGRAM KANALÍ

qqshayirlar
Maqsetim: "Qaraqalpaq 🤵 shayır hám 👩‍💼 shayıraların tanıtıw". Siz óz qosıqlarıńızdı kanalımızģa jaylastırmaqshı bolsańız Bot mánzilimizge jazıń: ➡️ @qqshayirbot Kanal 2017-jıl 1-iyunda ashıldı.
Subscribers
3 022
24 hours
—
30 days
-29
Post views
1 591
ER
52,65%
Posts (30d)
5
Characters in post
653
Insights from AI analysis of channel posts
Channel category
Entertainment & Media
Audience gender
Female
Audience age
35-44
Audience financial status
Middle
Audience professions
Education
Summary
October 24, 02:45
Media unavailable
3
Show in Telegram

Канал
👉
@qqshayirlar

October 16, 15:00

Кишкене қыздың қолларында еки алма бар еди. Анасы қызының қасына келди ҳәм:
- Қызым, алмаңның биреўин анаңа бересең бе?
Қыз болса анасына бир қарап алды да, алмалардың биреўин бериўдиң орнына оны тиследи. Арадан ҳеш қанша өтпей-ақ екинши алмадан да бир тислем тиследи. Анасы қызының бул балаларша қызғаншақлығына үндемей күлип қойды. Бирақ, бир неше минуттан кейин кишкене қызы оның қасына келди ҳәм:
- Мынаўы мазалырақ екен - деп оған қолындағы алмалардың бирин берди.
Ана билмей қызғаншақлыққа жорығаны негизинде меҳир екенин соңынан түсинди, қызын қатты баўырына басты.
ДЕРЕК:
paziylet.uz
КАНАЛ
👉
@qqshayirlar

October 07, 12:47
Media unavailable
1
Show in Telegram

Бүгин шайыр, художник, бақсы Еркинбай Наметовтың "Мойнақ тәрийпи қыл қәлемде" китабының презентациясы болып өтти.
Канал
👉
@qqshayirlar

September 30, 19:05
Media unavailable
1
Show in Telegram

1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни менен сизди шын жүрегимнен қутлықлайман. Сизге беккем денсаўлық, сарқылмас күш-жигер тилеймен! Ўатанымыздың гүллеп жаснаўына өзиниң жәрдемин аямайтуғын шәкиртлерди таярлаўдан ҳеш қашан шаршамаң! Машақатлы ҳәм халық ийгилиги жолындағы пидәйы хызметлериңиздиң жемисин көриў несип етеберсин!
Байрам және бир мәрте қутлы мүбәрек болсын!
Ҳүрмет пенен
@qqshayirlar
каналы админи
Бекберген Адилбаев!
👉
@qqshayirlar

September 29, 03:19

✍
Гулистан Даулетова
#_Ҳәзирети_муғәлли
м
Булақты бағдарлап жолға салғандай,
Билимиң  аш өзекке таткан талқандай,
Кәмил инсан болар тарбия көрген,
Жабайы тал бағда өскен нарт қандай,
Мен нарт шыбык, сиз бағмансыз, муғәллим.
Шәкирт шыңға  шыкса жүзиң жайнаған,
Жылқың таўға шығып, ылақ ойнаған,
Топты жарып елди дүрилдеткендей,
Талпыныс болмаса табыс болмаған,
Тайды тулпар еткен дана муғәллим.
Палапанды бағып, суңқар қылғанлар,
Ўатанды көксиме тумар қылғанлар,
Ел байрағын көкке желбиреткендей,
Бәлент шоққыларға инкар кылғанлар
Көп ишинде орның дара, муғәллим.
Себеби , сиз-бағманысыз өмирдин,
Мағрипаттын пәк нурындай көриндиң,
Терең ақыл, илим, маңлай тер менен,
Сыналап қәлбиме туўған жеримниң ,
Қәдирин сиңдирген, ана муғәллим.
Билим-бахыт бердиң сыйпап басымнан,
Анамдай сыладың жипек шашымнан,
Кишкене бармақларым ийкимге келмей,
«Ш»ны соғалмасам кетпей қасымнан,
Қолыма  қолынды қойдын, муғәллим.
Аш өзектиң демине дем дәрмансаң,
Қолларын кеш сермегенге әрмансаң,
Отта жанбайтуғын байлықты излеп,
Билим теңизинде таллар қармансам,
Көзин шырақ  өзиң дарға муғәллим.
Кәмил инсан елди алға  баслайды,
Ўатан туўын тиклеп қәдем таслайды,
Үлкен көрик танлаў жарыс ўақтында,
Медальларды үйип қырман шашлайды,
Путкил сийнең  ақыл-сана, муғәллим.
Даналық  синдирипсиз ақыл-аңыма,
Нурлы шапақ сыйлап атар таңыма,
Билим-қайтпас даўлет боларын билип,
Бизлерди бағдарлап бахыт бағына,
Киргиздиң, бахтым жанды, қара, муғаллим.
Классласлар жүрмиз еле тараспай,
Айтқаның ядымызда, жүрмиз таласпай,
Сизиң сыннан өтип зорга дегенде,
«Нәренжан үш» алғанлар ҳәм адаспай,
Жүргени де сиз аркалы, муғәллим.
Турмыс өз карўанын алға тартады,
Сағлам әўладына үмит артады,
Берген билиминнен берекет дарып,
Ҳәр шанарақ  ул-кызлары арқалы,
Сиз халықты окытасыз, муғәллим.
Мектеп-саждагаҳың , шәкирт-арыңдур,
Қып-қызыл мийнетиң-отлы жалындур,
Қырман бийик, нанын жуқа болса да,
Жолың  уллы, ҳурмет орның қалыңдур,
Президент қәдирлеген, азиз муғаллим.
Сиз арқалы өсти ақыл санамыз,
Халық, Ўатан-дейди кеўил ханамыз,
Мектеп-мешит, медиресе билгенге,
Зыяратқа  биз мектепке барамыз,
Уллы алым, Ҳәзирети муғәллим..
Канал
👉
@qqshayirlar

September 22, 02:26
Media unavailable
2
Show in Telegram

РФ Президенти В.Путин өзиниң мектептеги билим берген устазының қолын сүйип шексиз ҳүрметин көрсетип атырған сәти.
#_УСТАЗ
Устаз уллы деген, сөз бар атаңнан,
Тамырынан нәр алғызған шақаңнан,
Устазы устамлы шәкирт қашанда,
Бийик шыңды бағындырған жәҳаннан.
Хан болсаңда устазыңа баласаң,
Таң болсаңда устазыңа шаласаң,
Көкирекге билим меҳир ол қуйған,
Сан болсаңда устазыңа дарасаң.
Ийилген бас устазларға ийилгей,
Қәдир ҳүрмет солар ушын тийилгей,
Бир ҳәрип үйреткен устаз кеўлине,
Миллион-миллион жақсылықлар үйилгей.
✍
Жаңабай Анетеев.
Канал
👉
@qqshayirlar

September 19, 10:34
Media unavailable
1
Show in Telegram

Президент келеси жылы Бердақ Ғарғабай улы туўылған күниниң 200 жыллығын мәмлекетимизде белгилеў усынысын билдирди.
«Халык ушын»
Жигит болсаң , арысландай туўылған,
Хызмет еткил удайына халық ушын,
Жигит болсаң , арысландай туўылған
Қашпас ҳәргиз қара бастың ғамы ушын!
Бердақ Ғарғабай улы.
(1827-1900)
Канал
👉
@qqshayirlar

September 03, 18:23

ӨМИР КӘРЎАНЫ.
Мәнзил қайда барар, қайда дуз-несийп,
Алдыннан айтпаға қыйындур кесип,
Баратырман мен де журтлар қатары,
Өмир кәрўанына еплеп илесип.
Тырмасаман, көштен қалып қоймаўға,
Тырысаман жолда түсип қалмаўға,
Шарасызлық үстин келген ўақытта,
Мәжбүр болдым тал шыбықты қармаўға.
Көзди ашырмас ҳеш дузлы самаллар,
Жолымды тосады қумлы қамаллар,
Саҳра сынағына берместен төзим,
Жолда қалып кетти қанша адамлар.
Тәғдир самаллары аяўсыз есип,
Жулқылайды арман-берман тиресип,
Жасап билмегенлер түссин кәрўаннан,
Деп турады гейде өмир сиресип.
Ғалма-ғаллы өмирде мен гүресип,
Баратырман, журт қатары илесип
Абайлап басаман ҳәр бир қәдемим,
Кетпейин ийримли қурдымға түсип.
Тоқтамастан жүрсе өмир кәрўаны,
Қәлеўинше сүрсин ҳәрким дәўранды,
Асықпайық, мәнзилге тез жетиўге,
Берекетли болсын жолдың қалғаны.
Мәнзилим қай жерде, қайда дуз-несийп,
Айта алмас ҳешким алдынан кесип,
Баратырман менде журтлар қатары,
Өмир кәрўанына еплеп илесип.
Жумаханова Гулбазар
✍
Канал
👉
@qqshayirlar

September 02, 18:13
Media unavailable
1
Show in Telegram

Елимиз ғәрезсизлигиниң 35 жыллық байрам сәнеси,  жаңа оқыў жылы қутлы мүбәрек болсын! .
Ел-халқыма аманлық, аўызбиршилик,  татыўлық,  мол ырысқы-несийбе,  әўмет,  бахыт,  табыслар тилеймен. Аспанымыз ашық болсын,  тынышлығымызға көз тиймесин! .
Елимиз ғәрезсизлиги мәңги болсын! .  Қуўаныш ҳәм шадлықлар тәрк етпесин,
Ғәрезсизлигимиздиң  алтын тойларын белгилеў несип ете берсин! .
Қуўанышлы күнимиз мүбәрек!!!!!.....
Ҳүрмет пенен
Гулжахан   Исмайлова
@Ismaylova
Канал
👉
@qqshayirlar

August 27, 17:30

Қазандағы бары шөмишке шығады!
Баслаўыш класста оқыйтуғын бала сабақлары тамам болғаннан кейин, оны алып кетиў ушын келген, шаш-сақалына ақ аралаған елиў жаслардағы адамға: "Неге кешиктиңиз, қайда жүрсиз?" деп бақырды.
Буны көрген муғаллим баладан: "Бул адам ким еди, неге оған турпайы сөйледиң?" деп сорады. Бала: "Ол киси мениң айдаўшым", деди. Буны қараң, еле бала бола турып өзинен үлкенге пәс нәзер менен қараў, оннан үстем екенлигин сезиниў бар. Буны ол қайдан үйренди екен?..
* * *
Әдетте "балам" деп жасап, олар ушын барлық шараятты жаратыўға умтыламыз. Бирақ, перзентти материаллық жақтан тәмийинлеў оның бәркамал болып өсиўинде жетерли емеслигин билсек те, бул бағдарда бийпәрўамыз. Ўақты келгенде, баламыздың қәлбинде нелер кешип атырғанына қызығыў түўе, сораўына да дурыслап жуўап бермеймиз.
"Ҳидаят" журналынан
Дерек:
paziylet.uz
Канал
👉
@qqshayirlar