
QARAQALPAQ SHAYÍRLARÍ TELEGRAM KANALÍ
#_
ЛИМИТ
(Бердақ шайырға уқсатыў)
Алдыңғыдан ҳәзир жаман,
Не боп кетти мына заман,
Қыстан шықсақ есен-аман,
Бес жүз кубтан келди лимит.
Суўытып кетти үйлер, там,
Атпай кетти қурығыр таң,
Ыссы қәлер бул шийрин жан,
Бес жүз кубтан келди лимит.
Маған ҳеш гәп ошағым бар,
Отын салсам лаўлап жанар,
Әттең, жорам Алланазар,
Оған қыйын болды лимит.
Ол жорамның ошағы жоқ,
Электр қосыўға қымбат тоқ,
Бирақ өзи шустрый, шоқ,
Албыратты оны лимит.
Үйинде көп бала-шаға,
Дер: котёлды ашса аға,
Пул таўсылған жаға-жаға,
Бәле болды мына лимит.
Ашса котёл, ақшасы аз,
Күйдирип тур ток пенен газ,
Келеғойса тезирек жаз,
Қутылады сеннен лимит.
Счётчиги де турар қуўып,
Бөлмелери салқын, суўық,
Басына сондай күн туўып,
Себепшисең соған лимит.
Сол жорама болды қыйын,
Және той, мереке, жыйын,
Жыйнамады соқыр тийин,
Жеткермеди оған лимит.
Ел сайлаған депутатлар,
Халқың сорлы жылар, датлар,
Толсадағы группа, чатлар,
Өзгермеди сирә лимит.
✍
Сағынбай Қурбанов
🎤
Зияда Ерниязова
Канал
👉
@qqshayirlar
#_Жай_той
🏘
Бир жақыным
Табыс таўып
Жай салған
Енди дейди:
Кемиси жоқ айтардан
Жай той бережақпан
Келиң десипти
Болды, дедим
Оң болсын деп қайтарман.
Ағайин туўған
Бәри қуўанып келипти
Бирақ жақыным
Егир жолға ерипти
Барайын десек
Оң болсын-деп үйине
Ол жай тойын
Ресторанда берипти.
Ессат болмас
Тамақ жесин ел дейме
Ҳаў аўылда...
Ойласықты бермейме
Жай тойды да
Ресторанда береме?
Қонақ үйине
Оң болсын-деп келмейме?
Соның менен
Ақыллы болып
Биз айттық.
Ондай ойдың
Бәрин кеңнен узайттық
Төрт пелмени
Мониторы жақсы екен
Жай той себеп
Ресторанды көрип қайттық.
Автор: Әйбек Қурбанбаев
👆
Жай той берип атырған танысларыңызға жиберип қойсаңыз болады.
Канал
👉
@qqshayirlar
#
_Жаңалық
Туркияда Қарақалпақ шайыр, жазыўшыларының гүрриңлери шықты.
Канал
👉
@qqshayirlar
#_Жаңа_жыл_тилеклери
Батыр Баширов
Канал
👉
@qqshayirlar
#_Жаңа_жыл_тилеклери
Жаңа жылды қарсы алайық қатырып,
Кетсин шампан тығынлары атылып,
Гүллердей долансын Ўатан қызлары,
Жаңласын бахыттың қосық —сазлары.
Бултлар биз айдаған жақларға көшсин.
Буўдай шөрек болып атызда өссин.
Бүлбил ашықларға уйқы бермесин,
Ҳәр үйде аналар бесик тербесин.
Ағашлар мийўаға байып жығылсын,
Баллар шоколадқа тайып жығылсын,
Жаңа жылды қарсы алайық қатырып,
Кетсин шампан тығынлары атылып!
✍
Ибрайым Юсупов
Канал
👉
@qqshayirlar
#_
Насбайкеш_аяз_баба
🎅
(
Ҳәзил қатарлар
)
Нас салғаннан тил астымды уйирди,
Мий айланды гүбелектей шыйырды.
Қаракеңниң насбайынан атқанда,
Ҳап заматта ес ақылдан айырды.
Неғип жүргенимди өзим умыттым,
Қыстың күни қар үстинде буйықтым.
Қаракеңниң насбайынан атқанда,
Талап қалды бир балеге жолықтым.
Қар қыз қайда қалды, енди кайтемен,
Арқамда қалта жоқ кимнен көремен.
Насбай берген қаракеңди көрсем мен,
Услап алып милицияға беремен.
Канал
👉
@qqshayirlar
#_Сағалаяқ
Кешир енди бүгинде мен,
Салып бар шайырлық күшти,
Тарийипиңе тартсам қәлем,
Қосық шығар иренишли.
...Ҳасыл жерлер кебир ашқан,
Гүлден қалды ерик бағы.
Көллер кеўип, теңиз қашқан,
Жүрегимде қайғы дағы.
...Байламаңлар-деп,-дәрьяны!
Жуўыраман жалаңаяқ...
Дузлы шаңғыттың мәканы
Сағалаяқ, Сағалаяқ...!
Автор: И. Юсупов
Канал
👉
@qqshayirlar
#
_Байрам_мубәрек
Бүгинги байрағымыз қабыл етилген күн мүбәрек!
Гулистан Даýлетова.
Канал
👉
@qqshayirlar
Тилимиз бар сонлықтан да халықпыз,
Сен арқалы сырымызға қанықпыз.
Басқалардан турғанлықтан ажыралып,
Қарақалпак миллет атын алыппыз.
Автор: С. Ниетуллаев.
Канал
👉
@qqshayirlar
Ассалаýма алейкум.
Ҳүрметли каналымыз ағзалары бүгин қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күни менен каналымыз атынан қутлықлаймыз.
Бизди бақлап барың.
Канал
👉
@qqshayirlar