Select your region
and interface language
We’ll show relevant
Telegram channels and features
Region
avatar

Саламатлық ушын 🩺

salamatliq_ushin
ДЕНСАЎЛЫҚ - ТЕРЕҢ БАЙЛЫҚ Аўырыў азабын саў билмес төсек тартып жатпағанша. Аш қәдирин тоқ билмес ашлық зарын тартпағанша. ❗ Каналдағы рецептлерди шыпакер менен мәсләҳәтлесип қолланғаныңыз мақул. 📝 Байланыс ушын ➡ @Ikmetov
Subscribers
3 184
24 hours
-3
30 days
-45
Post views
1 105
ER
34,7%
Posts (30d)
35
Characters in post
633
Insights from AI analysis of channel posts
Channel category
Health Blog
Audience gender
Female
Audience age
35-44
Audience financial status
Middle
Audience professions
Healthcare & Medicine
Summary
September 05, 07:23
Media unavailable
1
1
Show in Telegram

🍆
Баклажан - жүрек ҳәм мий ушын пайдалы
Баклажан тек ғана мазалы өним емес, ал ҳақыйқый тәбийғый "шипакер":
️Гликемик индекси төмен - қанда қантты асырмайды

Кем калориялы
- азыўды қәлеўшилер ушын идеал өним

Холестеринди төменлетеди

Денени ерте қартайыўдан қорғайды
✓ Қан басымын
турақластырады

Сүйеклерди беккемлейди
✓ Мий ҳәм жүрек искерлигин қуўатлайды

100 г өнимде:
24 ккал/1,2 г белок/0,1 г май/4,5 г углевод.
️Баклажанды грилде ямаса пуўда писириў - ең пайдалы
усыл!
➡️
Жақынларыңызға жиберип қойың
✈️
Каналғаағза болыў ушын
➡️
https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy

September 05, 07:22
Media unavailable
1
1
Show in Telegram

Қы
ярдың
пайдалы тәреплери
Қыяр 90% суўдан ибарат екенлигин билесиз бе?

Ол:

Денедеги суў жетиспеўшилигин қаплайды


Қан басымын турақластырады

Асқазан жарасын тез питиўге жәрдем береди

Бас аўырыўин жеңиллестиреди

Терини саламат ҳәм тынық қылады

Қыярдың қурамындағы кремний елементи тери ҳәм шашты беккемлейди. Соның ушын әййемде оны "гөззаллық палыз өними" деп
атаған.
➡️
Жақынларыңызға жиберип қойың
✈️
Каналғаағза болыў ушын
➡️
https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy

September 05, 07:22
Media unavailable
1
Show in Telegram

ЎАҚЫТ ҚӘДИРИ
Егер бир өмирдиң қәдирин билмекши болсаң - гүбелеклерден сора.
Егер 10 жылдың қадирин билмекши болсаң - 20 жасында майып болып қалған, 30 жаслы адамнан сора.
Егер 1жылдың қадирин билмекши болсаң - имтиханнан жығылған талабаннан сора.
Егер 1айдың қадирин билмекши болсаң - перзенти 8 айда туўылған анадан сора.
Егер 1 күнниң қадирин билмекши болсаң - зүрәәти гүз жамғырында қалып қойған дийқаннан сора.
Егер бир сааттың қадирин билмекши болсаң - үйине 1 саат кешигип келген тәрбиялы баладан сора.
Егер 5 минуттың қадирин билмекши болсаң - поездға 5 минут кеш қалған жолаўшыдан сора.
Егер 1 минуттың қадирин билмекши болсаң - мийман күтип отырған жалғыздан сора.
Егер 1 минуттиң оннан бир бөлегиниң қадирин билмекши болсаң - емлеўханаға наўқас апаратырған шофёрдан сора...
ЎАҚЫТ -  СОНШЕЛЛИ
ҚӘДИРЛИ...
➡️
Жақынларыңызға жиберип қойың
✈️
Каналғаағза болыў ушын
➡️
https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy

September 05, 07:21
Media unavailable
1
1
Show in Telegram

💧
Суўды дурыс ишпеў бөтеке ҳәм буўынларға зыян келтиретуғынын билесиз бе?
Таңда тик турып, бир уртламда ҳәм суўық суў ишиў асқазанды стресске салып, бүйреклерге артықша жүклеме береди.
Суўды дурыс ишиўдиң 3 қағыйдасы
:
🪑
Отырған ҳалда
— суў дурыс фильтрленеди ҳәм организмге толық сиңеди.
💧
Кишкене уртламлар менен
— метаболизмди тезлестиреди ҳәм ас сиңириўди жақсылайды.

Жыллы ҳалда
— ишеклерди токсинлерден тазалайды.
Таңғы бир стакан жылы суў — денеңиз ушын ең қарапайым ҳәм бийбаҳа
эликсир!
➡️
Жақынларыңызға жиберип қойың
✈️
Каналғаағза болыў ушын
➡️
https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy

September 05, 05:30
Media unavailable
1
1
Show in Telegram

📚
Китап оқыў өмирди узайтыратуғынын билесизбе?
👇
Изертлеўлерге қарағанда, күнине тек 6 минут китап оқыў:
📉
Стрессти 68%
ке кемейтеди — бул музыка тыңлаў ямаса сейил етиўден де нәтийжелирек!

Өмирди узайтады
— китапсүйерлер орташа 2 жыл узағырақ жасайды.
💡
Күниңизди 6 минутлық китап оқыў менен баслаң ҳәм денсаўлығыңызды
сақлаң!
➡️
Жақынларыңызға жиберип қойың
✈️
Каналғаағза болыў ушын
➡️
https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy

September 02, 04:06
Media unavailable
2
2
Show in Telegram

#Пайдалы
💧
СУЎ ИШЕМИЗ ҲӘМ АЗАМЫЗ!

Бул усыл 80-жылларда ислетилген, бирақ, спорт заллары пайда болыўы менен ол "модадан шығып кетти"...

Диетаға өтпең, биз қәлеген затымызды жеймиз ҳәм кестеге муўапық суў ишемиз.
7:00 - 2 стакан суў;
8:00 - таңғы ас.
9:00 - 1 стакан суў;
9:30 - екинши таңғы ас.
11:30 - 1 стакан суў;
12:00 - түслик.
13:00 - 1 стакан суў;
15:00 - түстен кейинги шай.
16:00 - 1 стакан суў;
17:00 - кешки аўқат.
18:00 - 1 стакан суў.
➡️
Жақынларыңызға жиберип қойың
✈️
Каналға
ағза болыў ушын
➡️
https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy

August 30, 09:10
Media unavailable
1
1
Show in Telegram

Sút rak keselliginiń aldın aladı.
🥛
Kanadalıq medicina xızmetkerleri hár kúni sút hám sút ónimleri (qatıq, kefir, tvorog) tı jep turıwdı máslahát berip atır.

Tekseriwler nátiyjesinde málim bolǵanınday bul ónimler kesellik rawajlanıwın toqtatadı jáne onıń aldın aladı.

➡️
Жақынларыңызға жиберип қойың
✈️
Каналға ағза болыў ушын
➡️
https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy

August 30, 09:09
Media unavailable
1
1
Show in Telegram

‼️
Жүдә керек жағдайларда ғана компьютер томографиясы (МСКТ) тексериўинен өтиў керек.
🎯
Мультиспирал компьютер томографиясы (МСКТ) радиологиялық тексериў есапланады. Бунда ионлы нур тарқатылады, яғный булар рентген нурлары есапланады.
🎯
Бул тексериў рентген диагностиканың раўажланған түри есапланады. Әпиўайы рентгенде нурланыў 1 есе болса, компьютер томографиясында 3 есеге тең.
🎯
МСКТ тексериўин шыпакердиң усынысысыз ҳәдден тыс көп өткериў мүмкин емес.

➡️
Жақынларыңызға жиберип қойың
✈️
Каналға ағза болыў ушын
➡️
https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy

August 30, 09:09
Media unavailable
1
1
Show in Telegram


Duzlanǵan qıyar ishkilikten keyingi bas awırıwǵa qarsı járdem beredime?
🥒
Eger qıyar duzlamasi suwın ishseńiz, ishinde sirke bar joq ekenligin tekseriń.
🧬
Ishkilikten keyingi bas awırıw waqtında qanda júdá kóp sirke atsetaldegidi bolıp, qosımsha doza jaǵdaydı jáne de awırlastıradı denedegi barlıq jaman elementler áste bóleklenedi.
📍
Eger duzlama suwında sirke bolmasa, onı ishiw múmkin. Qıyar duzlamasi suwı organizmdegi suw-duz balansın qayta tiklewge járdem beredi.

➡️
Жақынларыңызға жиберип қойың
✈️
Каналға ағза болыў ушын
➡️
https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy

August 27, 14:41
Media unavailable
1
1
Show in Telegram

🥕
Геширдиң пайдалы тәреплери - денеңиз ушын тәбийғый витамин дереги!
Гешир - гүзги дастурханда ең пайдалы палыз өнимлеринен бири. Ол тек ғана мазалы емес, ал денсаўлықтың тәбийғый гилти де болып есапланады.

1. Көриў қәбилетин жақсылайды
Гешерде көп муғдарда бета-каротин (А витамини дереги) бар. Ол көз тоқымаларын беккемлейди ҳәм қараңғыда көриў уқыплылығын сақлайды.

2. Иммунитетти беккемлейди
С витамини ҳәм антиоксидантлар суўық тийиўден қорғайды, гүзги суўықларда әсиресе пайдалы.

3. Тери ҳәм шаш ушын пайдалы
Гешир терини тегислейди, шашларды беккемлейди. Соның ушын ол "гөззаллық палыз өними" деп аталады.

4. Жүрек жумысын қоллап-қуўатлайды
Калий ҳәм талшықлар жүрек ритмин нормада услап турады, холестеринди кемейтеди.

5. Асқазан ҳәм ишек хызметин жақсылайды
Гешир қурамындағы клеткалар аўқат сиңириўди жақсылап, организмди тазалайды.

6. Қан басымын нормаға келтиреди
Магний ҳәм кальий арқасында гешир қан айланыўын жақсылайды ҳәм қан басымын төменлетеди.

7. Қартайыў процесин пәсейтеди
Бета-каротин клеткаларды қорғайды - бул тәбийғый жасартыўшы қурал!
🌿
Қалай пайдаланыў керек?
🥗
Шийки ҳалда салат сыпатында
🥤
Шербет көринисинде
🍲
Писирилген ямаса қуўырылған тағамларда
↪️
Күнине тек ғана 100-150 грамм гешир - саў денениң
гилти!
♻️
Постты жақынларыңызға тарқатың
✈️
Каналға ағза болыў ушын
➡️
https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy