
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР
Қанлыкөл атамасы.
Бурынлары қызыл суў көп болған. Аршан муз болып Мамыйға қарап аўнаған. Суў Мамыйға қарап қырқ жети жыл аққан. Қырқ жети жылда суўдан шыққан. Әне, соннан соң қолдаўлы бир жыл мәпленген, өзбек бир жыл мәпленген, қазақ бир жыл мәпленген, қолдаўлы Ерназар Алакөз бир жыл мәпленген. Солай етип, төрт урыў төрт жыл мәпленген. Бир күнлери көлге жылым салыўдың үстинде қытай менен қолдаўлы урысқан. Қытайдың адамлары:
-
Жылымды алды бурын бизлер саламыз,
- деген. Олар менен қолдаўлылар тартысып қытайдың бир адамын өлтирип қойған. Қолдаўлылар тура-тура қашқан. Қытайлар қуўып жетип қолдаўлылардың үш адамын услайды. Өлини арбаға салады. Усы ўақытта Жаңа қалада Изейли деген ҳәким екен. Өлини ҳәкимниң алдына апарады. Ҳәким қазыны шақыртады.
- Мине, мына адамды өлтирген мына кисилер,
деп үш адамды Хийўа ханына айдап апарып тапсырады. Хан оны қазыға тапсырады. Қазы шәриятқа буйырады. Шәрият бойынша бир адамды үш адам өлтирсе, үш адамның қунын төлеўи керек екен. Сөйтип қолдаўлыға үш адамның қуны түседи. Қолдаўлы бир мың бес жүз тиллә бериўи керек болады. Қолдаўлы бул тилләны таба алмайды. Усланған адамларға -
ҳәр қайсысына бес жүз тиллә төлейсиз
, - дейди. Олар бул ақшаны төлей алмай, орнына үш қыз береди. Үш қызды мың ярым тилләға баҳалайды. Қызлардың атлары, Тоян, Мәки, Бийби деген екен. Қанлы көл деп аталыўы муздың үстине адамның қаны төгилгени себепли усылай аталған екен.
Дерек: Қарақалпақ, Аңызлары, Әпсаналары ҳәм Шешенлик Сөзлери, "Қарақалпақстан" баспасы, 1992-жыл.
Каналымыз:
https://t.me/Tariyxqa_nazer
Хийўа ханлығы халқы.
Хийўада төрт қыйлы халық жасайды,
сартлар
- бул үлкениң негизги ҳәм бурынғы турғынлары,
қарақалпақлар
- қоңсы аймақларда жасап
сартлар
менен байланыста болған,
өзбеклер
- бул үлкени шеттен келип басып алғанлар, ҳәм ҳәр түрли қәўимнен туратуғын
түркменлер
саўда-сатық, өнерментшилик, тағы басқа ислер менен бул елге келип орналасқан.
Дәслеп бул төрт халық өз-ара хожейинлер, мийнеткешлер, басып алыўшылар ҳәм мийманлар сыпатында қатнасықта болған. Ўақыт өтиўи менен бул қәўимлер өз-ара араласып пүтин бир жәмийетти қураған ҳәм төрт қатламға бөлинген
саўдагерлер
,
дийханлар
,
ҳүкимдарлар
ҳәм
әскерийлер
.
Қарақалпақлар
жерлерди абат етиў ҳәм дийханшылық пенен мийнет етеди.
Дерек: П.П Иванов, "Қарақалпақлар тарийхының очерки", Нөкис.
Каналымыз:
https://t.me/Tariyxqa_nazer
#Тарийх_бетлеринен
Қабыл бий улы Ерназар (1818-1898)
Қабыл бий улы Ерназар (1818-1898) аталықтың бийлерди жыйнап мәсләҳәтлесетуғын төбеси "
Аталық төбе
". Ҳәзирге шекем орны сақланған болып
Кегейли районы
"
Көкшийел" АПЖ "Добал
" аўылының батысында жайласқан.
Каналымыз:
https://t.me/Tariyxqa_nazer
Өткен Әсирдиң 30-жылларында Ташкент әтирапындағы қарақалпақ тилинде сабақ оқытылған мектеплер. Түркменбай Жийемуратов.
Каналымыз:
https://t.me/Tariyxqa_nazer
Усы мағлыўматқа тийкар дерек
Қарақалпақлардың XVIII әсир екинши ярымындағы турмысы ҳаққында орыс-европа мағлыўматлары.
Шама менен 1743-жылдан бери олар өз алдына жеке
орданы
қурайды.
Султан
Айшуўақты
1771-жылда
хан
етип көтерди. Ҳәзирги ўақытта олар
Арал
теңизиниң арқасынан
Қоңыратқа
шекемги аралықта ҳәм одан да кең аймақларда жасайды.
Олар
қазақларға
қарағанда әдепли ҳәм мағрипатлы
мусылманлардур
. Сондай-ақ олардың
уламалары
көп болып, олар жасларды оқыў, жазыў, есаплаў ҳәм өз дининиң тийкарларына үйретеди. Соған қарамай олар
қазақлардан
аз тонаўшылық етпейди.
Қазақлар
менен дерлик турақлы урысып бир-бириниң шарўаларын ҳәм адамларын тутқын етеди. Будан тысқары илажы табылса
Бухара
кәрўанларын ҳәм өз аймағына келген жолаўшыларды талайды.
Ҳүкимдар
хан
бар болыўына қарамастан оның өз
ордасындағы
ҳәкимяты
қазақ
ханы
сыяқлы күшли емес. Олар өзлериниң улыўмалық әсиресе
туўысқанлық
ҳәм
экономикалық
турмыс-салты жағынан
башқуртларға
күтә уқсайды.
Башқуртлар
сыяқлы олар да тийкарынан шарўашылық пенен шуғылланады, дийханшылық та етеди. Олардың қысқы аўыллары сондай-ақ көшетуғын жазғы үйлери бар.
Оларда түйе, ат, қойлар аз, бирақ қарамал көп. Қойлардың азлығы себеп олардың отаўлары тек қамыс пенен оралады. Жазғы қонысын өзгертип атырғанда олар үлкен еки дөнгелекли арбалардан пайдаланады, қарамаллар жегилген арбаларда буйымларын тасыйды.
Олардың қысқы қоныслары киши ылайдан исленген үйлер болып оны ағаш қадалар менен беккемлеген. Бул үйлер жанында олардың егислик жерлери ҳәм киши бағлары орналасқан. Өзлери ислеўге ерингени ушын егин егиўде
қулларды
жумсайды. Сол ушын
қуллар
қысқы аўылларда турақлы қалыўға мәжбүр болады.
Олардың
темиршилери
де бар. Бул темиршилери ҳәтте батпақтағы руданы еритип, одан балта, пышақ, найза, қылыш ҳәм басқа турмыслық буйымларды соғады.
Дерек: Falk, Johann Peter. Beyträge zur topographischen Kenntniss des Russischen Reichs. Dritter Band, welcher Beyträge zur Thierkenntniss und Völkerbeschreibung enthält. Mit Kupfern. Herausgegeben von Johann Gottlieb Georgi. St. Petersburg: Gedruckt bey der Kayserl. Akademie der Wissenschaften, 1786.
Каналымыз:
https://t.me/Tariyxqa_nazer
Жыззақ қаласының 1866-жылғы картасы, қалаға суў дереги үш канал арқалы келген олар 1) қарақалпақ 2) түркмен 3) қуяват. Басқа мағлыўматларда Жыззақ атрапында қытай, қыпшақ, қырық ҳәм қарақалпақ урыўлары отырғаны туўралы жазылған.
Каналымыз:
https://t.me/Tariyxqa_nazer
#Тарийхый_тулғалар_өмири
Шабандоз Серназар ақ тоғын кенегес
Сейтназар улы
(1905-1997 ж-ж)