Выберите регион
и язык интерфейса
Покажем актуальные для региона
Telegram-каналы и возможности
Регион
avatar

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

tariyxqa_nazer
Сиз бул жерде Қарақалпақстан тарийхы, тарийхый ўақыялар бойынша мағлыўмат аласыз!!! 28.01.2023 жыл саат 19:00 де канал ашылды Инстаграм канал https://www.instagram.com/tariyxa_nazaer ? Ютуб канал https://www.youtube.com/@karakalpak_horde7413
Подписчики
1 934
24 часа
6
30 дней
30
Просмотры
981
ER
50,72%
Посты (30д)
12
Символов в посте
882
Инсайты от анализа ИИ по постам канала
Категория канала
HIПрочая
Пол аудитории
Женский
Возраст аудитории
35-44
Финансовый статус аудитории
Средний
Профессии аудитории
Прочие
Краткое описание
September 10, 04:48
Файлы недоступны
1
Открыть в Telegram

September 08, 13:00
Файлы недоступны
1
Открыть в Telegram

Қуйын урыўы.
Шыңғыс урпақлары тәрепинен Жақын Шығыста (Ирак, Ирак, Сирия) дүзилген Елхан мәмлекети урыўлары арасында қуйын урыўы бар еди. "Муизз аль-Ансаб" шығармасында татар қәўими қурамындағы қуйын урыўынан болған әмирлердиң аты келтирилген. Соған қарағанда қуйын урыўы елдиң ақсүйек элита урыўларынан болған.
Каналымыз:
https://t.me/Tariyxqa_nazer

September 08, 12:01
Файлы недоступны
1
Открыть в Telegram

Тилсиз сөйлеген тарийхым
Қарақалпақстанның Совет дәўиринде қабыл етилген латын әлипбеси ең дәслеп "Қызыл Қарақалпақстан" газетасында жарияланған.
Tilsiz sóylegen tariyxim телеграм каналынан алынды
👇
https://t.me/lkgfm

September 07, 18:23
Файлы недоступны
2
Открыть в Telegram

Қарақалпақ руҳы!
Дерек:
aabuoff

September 07, 16:40

Сораў бойынша мағлыўмат
Хийўа ханы
Мухаммед Амин
1855-жылы Сарахс атланысында қаза табады, усыдан кейин көтерилисши Сарахс
түркменлерине
басқа
түркмен
урыўлары да қосылып ханлықта ири көтерилислер басланады. Жаңа хан етип
Абдулла
сайланды, ол арадан алты ай өтип
түркмен
урыўлары менен саўашта қаза болды, будан кейин көтерилислер одан да күшли ҳәўиж алды,
түркмен
лер
Атамуратхан
басшылығында, арқадағы делта халқы
Ерназар Алакөз
басшылығында ҳәрекет баслады. Хийўа тахтына
Қутлы Муратхан
келди оны сарайдағылар тез арада өлтирди. Будан кейин
Сейд Муҳаммед
Хийўаға келип хан болды, оны айрым
түркмен
урыўлары қоллап еди, сол
түркменлер
күши менен қарсыласларын жеңиўге еристи,
Атамуратхан
жеңилип
Ерназар Алакөз
көтерилиси бастырылды. Будан соң 1858-жыл
Қоңыратта
және көтерилис басланды, буған да
Атамуратхан
араласты, 1859-жылы Хийўа бийлиги Қоңырат көтерилисин бастырды,
Атамуратты
саҳраға шегиндирди. Усы жыллардағы ишки урыслар себеп ханлық экономикасы биротала ўайран болды, суўсызлық, урыслар келтирген ўайрангершилик, тонаўшылық себеп ханлықта
ашлық
басланды.
Бухара
ҳүкмети
Хийўа
менен арадағы келиспеўшилик себеп
Хийўаға
бийдай-дән
сатыўды қадаған етип қойып еди.
Сейд Муҳаммедхан
аўыр жағдайда
Хийўаның
сыясый қарсыласы болып келген
Бухара
әмирлигине
бет салып
дәнге
қойылған шеклеўди алып таслаўды соранды. Усы жылы өткерилген және бир өзгерис
қарақалпақларды
басқарыў структурасы өзгертилди,
қарақалпақлардың
ишки мәселелерин шешиў
Ағабийге
тапсырылды. Көтерилислер себеп
Хийўа
ҳүкимети
түркмен
ҳәм
қарақалпақ
урыўларын мәселесинде өз сыясатын қайта көрип шықты, бул Хийўа ханлығының бурынғы қуўаты кеткени, енди ханлық дағдарыс алдында турғанының белгилери болып көрине баслады.
Каналымыз:
https://t.me/Tariyxqa_nazer

September 07, 08:46
Файлы недоступны
1
Открыть в Telegram

September 05, 08:09

Дерек китап
Каналымыз:
https://t.me/Tariyxqa_nazer

September 05, 07:45

Әййемги қара-қалпақлардан бүгинги қарақалпақларға шекем.
Хазар Қалғанлығы
қулаған соң бул аймақтағы қәўимлер жаңа сыясый бирлеспеге "
қара-қалпақ
" аўқамына ене баслаған. Олардың аты "
папақ
" этноними ҳәм Арал бойы халқының
қарақалпақ
атына уқсас болған. Усыдан келип шығып Мас'удий ҳәм басқа тарийхшылар
бажанақ, бажене, бажғард
ҳәм
нәўкерде
сыяқлы төрт қәўим аўқамын сондай-ақ Арқа Кавказдағы
ас-алан
қәўимлерин түркий халықларға киргенин түсиндиреди. Изертлеў усыны көрсетеди бул халықлардың этногинезинде Арал бойындағы "
қара-қалпақ
" қәўимлери әҳмийетли рөл ойнаған. Хазар ели қулған соң олар аймақта белсендиликти қолға алып сыясый үким орнатыўға ҳәрекет еткен.
Қара-қалпақлар
Қаратеңиз бойы ҳәм Қырым тәрепте ҳәрекет еткени себепли оларды "
жаға халқы", "теңиз бойында жасаўшылар"
деп атаған.
Казаклар
(рус казаклары) жәмийетиниң әскерийлескен қасийети себепли оларды казаклар (
папақлы адамлар
) деп атаған. Кейинрек олар славянлар менен қосылып кеткен ҳәм "
хохоллар
" деп аталған.
Хохол
сөзи түркий тилдеги "
күкулдаш
" (қарындас) сөзи менен байланыслы.
Қара-қалпақлардың
әўладлары Түркия, Иран, Әзербайжан, Гүржистан, Дағыстан ҳәм басқа аймақларда
борчалы
ҳәм
казак
атлары астында сақланып қалған.
• ноғайларда - бурчаулы
• қумықларда - бурче
• қазақларда - бериш
• қырғызларда - бериш
• поляк татарларында - береш
• қыпшақларда - қара папак, қара бөрикли
Демек Хорезм ҳәм Арал бойы аймақларынан Арқа Кавказ, Қаратеңиз бойларына келген
аслар
жаңа журтта бурынғы туўысқанлары
буржонлар, башқуртлар, печенеглер
менен ушырасқан. Батыста
аслар
батыс түрки
(түркеш)
ҳәм Хазар қағанлығы урыўлары менен биригип "
қара-қалпақ
" қәўим аўқамын пайда еткен. Кейинрек онда
қыпшақлар
келип оларға
қыпшақлардың
аристократик
елбөри
урыўы басшылық еткен.
Моңғоллар
дәўиринде бул қәўимлер
Хорезм
ҳәм
Арал бойы
аймақларына жайғасқан. Кейинги дәўирде
рус казаклары
ҳәм Дешти Қыпшақтың көшпели
қазақлары
усы
қара-қалпақ, ас, қыпшақ, қаңлы
сыяқлы түркий қәўимлердиң әскерий бөлимшелеринен қазақ атын алған.
"
Шайбанийнама"
да Алай көшпелилери қурамында
найман, маңғыт, қоңырат, дүрмен
ҳәм
үйсин
сыясаты урыўларды ушратамыз. Олар "
Манас
" эпосының кейинги вариантларында
қырғызлардың
аўқамласлары ретинде сәўлеленеди. Деректе
қусшы, жалайыр, сулдуз, барлас, арғы
н ҳәм басқа қәўим атлары да ушырасады. Бул қәўимлер Моғолстанда (ҳәзирги Жетисуў, Шығыс Түркистан аймақлары) да мәлим болған. Кейинрек жоқарыла айтылған қәўимлер
қырғыз, ноғай, өзбек, қазақ, қарақалпақлар
қурамына кирген.
Сибирдеги
тайбуғалар
айынлы
урыўынан келип шыққан, өз гезегинде
айынлылар
шығысы жағынан
қоңырат
ҳәм
шулжуўытлар
менен туўысқан.
Айынлылар
Көшимхан ләшкеринде төрт тийкарғы әскер қурамында болған. Башқурт раўаятларына көре
Сейдақ
батыр
айынлылардан
болған, оның әкеси
Бекполат
өлтирилгеннен кейин
Сейдақ
Бухараға кеткен. Сибир жылнамаларында Сейдақтың Бухарадан қайтыўы туўралы былай делинеди:
"... пүткил шаңарағы ҳәм нөкерлер менен жыйылды"
Бирақ Ермактың атланыслары дәўиринде ол және
Бухарадан
Сибирге
қайтып келген. Шежире мағлыўматларына көре
Сейдақ
айынлы
урыўынан болып сол дәўирдеги
Сырдәрья
яки
Бухараға
жақын жерде усы урыўдың ханы болған. Бул урыў Хорезм, Үргениш, Хийўа, Қоңырат атрапында жасаған. Сейдақ
қарақалпақ
ҳәм
қазақ
лар ханының қызына үйленген. Кейинрек Сейдақ батыр Башқурт жериндеги Миас дәрьясы бойларына көшип кеткен.
Сондай-ақ Дешти Қыпшақтың 92 урыўы ишине
қарақалпақлар
да киргизилген.
Дерек: «Маджму ат-Таварих» как исторический источник
(Полный перевод, анализ и
комментарии) (2017). Акеров Табылды Абдраманович
Каналымыз:
https://t.me/Tariyxqa_nazer

August 27, 17:00
Файлы недоступны
1
Открыть в Telegram

Бул бир ана ҳәм оның баласы туўралы өмир бети.
Биз видеоға қосымша түсиндирме бермеймиз, оны ҳәр ким өзбетинше қабыл еткени мазмунлырақ. Контент жасалма интеллект жәрдеминде исленди.
Каналымыз:
https://t.me/Tariyxqa_nazer

August 20, 10:15

Орта Азия туўралы 1727-жылғы карта.
Қарақалпақлар
сан жағынан көп, жаўынгер ҳәм еркин халық. Олардың өз патшасы бар, бирақ олар оған қопал мүнәсибетте болады. Олардың турмыс салты
қалмақлардикине
уқсайды, дини болса Муҳаммед дини (Ислам).
Қазақлар
да мусылманлар ҳәм ҳәр тәрептен
қарақалпақларға
уқсайды. Олар
қарақалпақлар
менен дос және урысларда бир-бирине жәрдем береди. Бирақ
қазақлар
сан жағынан әдеўир көп ҳәм соншели жаўынген болғаны урыс ўақтында ҳаяллары да қурал алып урысқа шығады.
Хийўа
Өзбекиядағы
қала ҳәм ханлардың ордасы. Ол жерде ҳүкимдарлар "патдышаҳ" деп айтылады. Хийўа халқы
бухара өзбеклерине
уқсайды...
Арал
деп аталатуғын бул халық мусылман болып, Арал теңизинен онша узақ болмаған жерде отаўларда жасайды. Олардың бир киши қорғаны бар, ол ханлардың ордасы есапланады. Мен ол жерде болғанымда хан
Сәтемир
Султан
деп аталатуғын еди.
Каналымыз:
https://t.me/Tariyxqa_nazer